💐Қутлықлаў!
Бүгин достымыз, «Жас дөретиўшилер» клубының ағзасы Айгүл Қосымбетованың дүнья есигин ашқан күни.
Биз де өз гезегинде Айгүл Қосымбетованы туўылған күни менен қутлықлай отырып, оған беккем денсаўлық, өмир хәм дөретиўшилик жолында тасқын табыс тилеймиз.
Шексиз ҳүрмет пенен
«Жас дөретиўшилер» клубы жәмәәти.
***
Бекер создым дей алмаймын айға қол,
Жетпейтінін біле тұра шамамның.
Күні - түні тыным бермес ойға сол -
Мені ұмытқан адамым.
Тамағыма тығылып тұр тағдырым,
Көзін жойып күлкінің.
Сезесің бе Сағынбайтын сылқымым,
Сағыныштан - жындымын?!
Сонау күнгі мәңгі дейтін сезімнен,
Қиылыспас жол қалды.
Табамын деп үміттенем Мен байғұс.
Іздемейтін Қалқамды.
Армандаған ардан таза Айымның,
Мүмкін өзге ардағы.
Күліп маған келмесе де көнемін,
Жыламаса болғаны.
Менің еншім қалғаны...
Мейрамбек Абдіқалиев
/channel/Meyrambek_poeziya
* * *
Сай бойында екеўимиз,
Отырғанда жанан қыз,
Сулыўлық қайда, – дедим,
Сен күлип: айда, – дедиң.
Айға қарадым,
Ҳеш таба алмадым.
Болмаса сайда, – дедиң.
Сайға бақтым,
Хош болды ўақтым,
Өйткени сай бойында,
Гүллер териў ойында,
Жүргенбиз майда, – дедиң.
Мен оны еследим де,
Сулыўлықтың бәрин де,
Сен жүрген жайда, – дедим.
Төлепберген МӘТМУРАТОВ
Каналымыз:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov
Ессіз жыр
Кері кеткен кербез күндер кешегі,
Келмейді ме күткенмен?
Көктем жайлы көп ойланам көңілсіз,
Күле алмаймын көптен мен.
Көктен сұрар шын керемет көздерің,
Ғажап сәтке өткелдей,
Күрең бақтар күлгінденіп жоқ болды ау,
Ұшып кеткен кептердей.
Кірпігіңдей дір - дір етер кеудемде,
Сағыныштың сағаты.
Көбелектің күйін кештім Көріктім,
Күйіп қалған қанаты.
Күна деген махаббат па біздегі,
Онда жол жоқ тәубаға.
Келе алмасаң, кешіре сал көнемін,
Қолдан келсе ойлама.
Үнсіздіктің шекарасы бар шығар?
Сыйдыра алмас кең дала.
Менің жаным тіл қата алмай тұншығар,
Оның емі - Сен ғана!
Көз алдымда күңгірт - күңгірт кешкі іңір...
.......................................................................................
Жаздырмады - ау есті жыр!
Мейрамбек Абдіқалиев
/channel/Meyrambek_poeziya
"RADIO TÁNEPIS"
Júregimnen birme-bir tógilip atırǵan tuyǵılar, haqıyqatlar, ele onıń atın tabalmaǵanlarım qosıq bolıp dórelmekte...
Nókis-fm radiosında "Móldir tamshılar" rubrikası
Qosıq avtorı hám baslawshı: Minara Qalbaeva
Kanalǵa aǵza bolıw:👇
t.me/Moldir_tamshilar 💦
"Кідірсең аздаған жыл.
Мен саған жазар едім,
Адамзат жазбаған жыр"
Ж. Ж
Сен Мені оқып жүрсің сеземін
Келеді деп, келеді деп тәуір күн,
Жылы желін күтем ынтық сәуірдің.
Сол бір кештен ең соңғы рет кездескен,
Саған деген сағынышпен ауырдым.
Сағындым!
Сынық - сынық сезімімнің айнасын,
Ессіз жүрек қалай енді жинасын?
Мен сен жайлы жазып жүрмін күнде өлең,
Жұматайдай жырға қосқан Ләйласын.
Қайдасың?
Өткен шақты табамын деп бүгіннен,
Ақымақпын кеткен баққа үңілген.
Көктем исі таралады ғажайып,
Саған сыйға тарта алмай түңілген.
Гүлімнен.
Оқиғамыз түс сияқты - болмаған,
Қарай берем Сен келердей жолға алаң.
Саған барар жалғыз соқпақ жол басы,
Бірақ соңы шиыр - шиыр шырғалаң.
Сол жаман.
Кінаміз жоқ, күнаміз жоқ Асылым,
Ғашықпыз біз шатастырған ғасырын.
Білем, сезем оқып жүрсің Сен мені,
Жат көздерге көрсетпестен жасырын.
Шыда, шыда - Ғашығым!
Мейрамбек Абдіқалиев
/channel/Meyrambek_poeziya
/channel/QRjas_doretiwshiler
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Наўрыз байрамы салтанатлы түрде өтти.
Факультетлер арасында "Миллий кийимдеги Қарақалпақ" номинациясы бойынша Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети оқытыўшысы, ф.и.к. доцент Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ 1-орынды ийеледи.
Устазымыздағы Жаслық жигер менен куш-ғайрат шәкиртлерине үлги боларлықтай. Устазымыз алдымызда аман болып, батырлыққа, мәртликке тәрбиялаўдай ийгиликли исте шаршамағай...
@b_genjemuratov
Филология илимлери докторы Пердебай Нуржанов ҳаққында Қарақалпақстан телеканалы, "Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан" көрсетиўи кең түрде сөз етеди.
P.S.: 25-март - Пердебай Нуржановтың туўылған күни.
ДЫҚҚАТ! ТАҢЛАЎ!
💠 Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Oyina.uz порталы тәрепинен өткерилипп атырған “Наўрыз” миллий қәдириятлар викторинасында қатнасып, китаплар топламы ҳәм қымбат баҳалы саўғаларды утып алың!
🔹1-орын - Artel Smart TV 43;
🔹2-орын - Samsung планшетt
🔹3-орын -Samsung смартфон ;
🔹4-10 - орынлар – 5 данадан китаплар топламы;
🔸“Таңлаўдың ең белсенди нәсиятлаўшысы” номинациясының 5 жеңимпазы -
Samsung smartfon
Таңлаўға қатнасыў ушын төмендеги силтема арқалы дизимнен өтесиз.👇
/channel/oyinatanlovbot?start=1338113905
@QRJas_doretiwshiler
#поэзия
Нәрестелер...
Нәрестелер жылап атыр,
Бизлер күлип атырмыз!
Нәрестелер өлип атыр,
Бизлер жүрип атырмыз!
Нәрестелер жетим қалып,
Бизлер қырып атырмыз!
Нәрестелер шөллеп атыр,
Бизлер қарап отырмыз!
Нәресте аш болып атыр,
Бизлер тойып атырмыз!
Көзине жас толып атыр,
Бизлер байып атырмыз!
Нәресте қышқырып атыр,
Биз еситпей атырмыз!
Нәрестеге табыт берип,
Биз бесикте жатырмыз!
Нәрестелер жанып атыр,
Бизлер жағып атырмыз!
Нәресте дәрт танып атыр,
Бизлер буғып атырмыз!
Нәрестелер шырлап атыр,
Бизлер хорлап атырмыз!
Нәрестелер зарлап атыр,
Бизлер зорлап атырмыз!
Баламмм, бизди кеширме!!!
Алламмм, бизди кеширме!!!
Жазылған сәне: 22.III.2024
@Poeziya_Abdirashit
Әдебият ҳаққында
* * *
Жаман шығарма жазбаў ушын жаман шығармаларды да оқып турыў керек.
* * *
Шайырлық – ҳақыйқый шайырлар ушын муқаддес зат, базы биреўлер ушын ол хобби!
* * *
Аңшылар жәмийетине ағза болғанлардың бәри мерген бола бермейди. Жазыўшылар аўқамының ағзалары да сондай.
* * *
Турмыстағы ҳақыйқатлықтың бәри әдебиятқа сыя бермейди.
* * *
Йош келмей қыйналып жазған шығармаңды оқыўшы да қыйналып оқыйды.
* * *
Атақлы инсанлардың даўысына дәл еликлей алсаң дүрлеген қол шаппатлаўларға ийе боласаң, бирақ ол саған емес.
* * *
Қысқа пикирлер жиңишке резинаға усайды, оннан үлкен шығарма дөретпекши болып созсаң үзилип кетеди.
* * *
<<Жас шайырлар бала пышыққа усайды, – дейди тымсалшы шайыр Дәўлен Айтмуратов.
– Сыйпаласаң қойныңа киреди, бирақ, кейнинен тырнайды-аў>>
* * *
– Ақсақал жазыўшылар жасларға ғамхорлық қылмайды, – деп налыды бир жас жазыўшы Шаўдырбай Сейитовқа,
– Кесент етпесе қуўана бер, – деп жуўап берди ол.
* * *
Сизиң <<Ақ тал астындағы ақшам>> атлы повестиңиз Шыңғыс Айтматовтың ҳеш бир шығармасынан кем емес ғо, – деди бир жас жазыўшы Узақбай Пиржановқа. – Неге өзиңиз шығарма жазғанды қойып, Айтматовтың аўдармашысы болып кеттиңиз?
– Сол повестим ушын мени әдебиятшылар <<күшигимде талап таслады ғо>>, – деди ол.
* * *
Шайыр Шийрин Халмуратованың шайырлар ҳаққында мынадай қосығы бар:
Қосық жазып мен өзиме бир аўыр жүк артаман,
Толайын деп турғандайман, бирақ, толмай ортаман,
Илҳам келмей, йош қыстамай, жүрсем егер қыйналып,
Шайыршылық несип етпей қала ма деп қорқаман.
Бул ҳәмме жас шайырлардың қыялындағы ойлар.
* * *
Талантлы адам қызғаншақ болмайды, себеби, ол басқалардың өзине теңлесе алмайтуғынын биледи.
* * *
Зульфия сыйлығына усынылып атырған үш-төрт қыздың қосықларын гейде ата-анасының, гейде устазларының өтиниши менен <<үстинен көрип бердим>>.
Ҳүжданым қатты қыйналды. Қудайға шүкир, ҳеш қайсысы лауреат болған жоқ.
Муратбай Нызанов
,,Тәңирим маған қәлем берди жазсын деп" поэзиялық топламынан.
Канал: 👉 @Shawdirbay_Seyitov
Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉@QRJas_doretiwshiler
ҚУЯШҚА БАҒЫШЛАЎ
Қол жайып адамзат сыйынып өткен,
Алланың инсанға сыйысаң неткен!
Нур шашып тур ма едиң Адам ата,
Ҳаўа ене қуўылғанда жәннеттен?
Фирғаўынлар тас қалатып қулына,
Қурбанлықлар шалған талай жолыңа.
Қыстан безген байлар бүгин пляжда,
Жатар сени «сатып алып» пулына.
Бар ма екен бул әлемде теңлесиң,
Сан миллиард жыллық нурың сөнбесин.
Тумарислер таўап етип өзиңди,
Қанлы меске тыққан Кирдиң геллесин.
Күндей көзи түспей нур – илҳам, йоштың,
Ярым айлық әрманысаң “ески дос”тың...
Таўдай алтын берип алмасатуғын,
Сен қунлы байлығысаң эскимостың.
Мейли, саратанда ыссы от ессин,
Өзиңсиз аўылда қысым өтпесин,
Антарктиданы дастанып жатырған,
Мәңги музлықларға тисиң өтпесин.
Адамзат озонды жемирип атыр,
Балықлар пластик кемирип атыр,
Күн түспес жүз қабат жайлар ишинде,
Биреўлер өзиңе телмирип жатыр.
Тандыр шөректей шағырайып көкте,
Жер – балаң, биз – ақлық, ақлықты сөкпе,
Түн көрпесин таслап батыўың ҳеш гәп,
Шықпай қалыўыңнан қорқаман тек те.
Аллаяр Дарменов,
11,12-март, 2024-ж.
@Allayar_Darmenov
#Ибрайым_Юсупов_95_жаста
#торқалы_той_саўғасы
Қарақалпақ фолъклористикасынан теориялық билимлерди берген Устазымыз ф.и.к. доцент Жеңис аға Низаматдинов: "Қарақалпақ әдебияттаныўы және оның әдебий тилиндеги илим ең дәслеп қандай көринисте қәлиплести?" деген сораўына 1-курс студентлери арасынан бирде бир студент (солар арасында мен) жуўап бере алмады.
Соң өзи сабақты даўам еттирип, бизде биринши болып фолъклорлық шығармаларды жыйнаў, ең әййемги жазбаларды топлаў иси қолға алынды. Дәслепки илимий жумыс сол болды. Оларды алдыңғы саўатлы, исине пуқта, жуўапкершиликли және сабырлы, пидәйы қарақалпақ илимпазлары халық арасынан атлы-ешекли жыйнап алды. Мине, усы дәслепки илимпазлардың мийнети менен кейинги фундаменталь, нағыз илимий том, том китаплар, диссертациялар, монографиялар жарық көрди...-деп еди.
Бул болса жанлы халық аўызеки тили, өнери, салт-дәстури, әдебияты ушын лазым еди.
Мине, арадан жыллар өтип бүгинги XXI әсир--технология әсиринде де бундай мүтәжлик еле бар. Мысалы, шайырдың жанлы портрети, өз баянлаўы оның есселеринде, сәўбетлеринде анық көринеди. Ал, шайырдың илимийлик интелекти мақалаларында жәмленген болады. Тилекке қарсы ески баспа журналларын таўыў мүмкиншилиги аз ямаса жоқ.
Ал, бүгин мен 2024-жыл май айының дәслепки күнинде жаңа баспадан шыққан китапты оқып бабамыз Ибрайым Юсуповты илимпаз сыпатында таный алдым.
1959-жылғы "Әмиўдәрья" журналында жәрияланған илимий диалектологиялық мақаласын, басқа да әдебий мақалаларын сақлап бүгинги күнге шекем жеткерген, үгитлеп, оны китап етиўди усыныс еткен шайыр Сағынбай Ибрагимовтан миннетдарман. Ал, барлық ески журнал, газета, тағы қолжазбаларды терип, топлап китап етип шығарған достым Алтынай Тилегеноваға алғысым көп.
Зер қәдирин Зергер биледи. Әдебий мийрасларды асырап абайлаў бизиң парызымыз болса, кейинги әўладқа жеткерип бериў ийгиликли исимиз.
Бул китапты әдейи, сен көшеге шыға алмасаң, бизлер үйиңе келе беремиз, -деп достым Алтынай, Бийбихадиша Жолдасбаева менен келип берип кетти.
Қандай әжайып дослар...Барыңызға шүкир...Жаңа баспадан шыққан китаптың биринши оқыўшыларының бири болыў да сезине билген адамға Бахыт.
Барлық әдебият шайдаларын китапты оқып көриўге шақырып қаламан. Арнайы мазмунын таслап қойдым.
Айгүл Қосымбетова
@sheginisten
Сырласу
Менде уайым жетеді, шүкір дей ме,
Қойған нүктем нүкте емес үтір дей ме?
Ортайғысы келеді теңіз қайғым,
Шалқайғысы келгендей бүкір кейде.
Ұясына батқанда мүсәпір күн,
Қиялымда сен жаққа ұшатынмын.
Ұйқым кетіп барады бұл түн тағы,
Қалтасында ой деген кісәпірдің.
Түн түріліп сол оймен шымылдықтай,
Шақырады әтештер күнін құптай.
Менің жаным ол таңды жақтырмайды,
Сүймесіне сатылған қалыңдықтай.
Дегенмен амал қанша тіршілік бұл,
Шақасында үміттің гүл сынып тұр.
Күрсініп бір тартамын шылымымды,
Ал - Алматы түтінге тұншығып тұр.
Тұншығып бір,
Алатаудың артынан күн шығып тұр.
Мейрамбек Абдіқалиев
/channel/Meyrambek_poeziya
Х А Б А Р Л А Н Д Ы Р Ы Ў❗️
Усы жылдың 19-апрель күни саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде, уллы шайыр Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына бағышланған «Сазын самал ядлап, сөзин ел билген шайыр» атамасындағы ǝдебий кеше болып өтетуғынлығын хабарлаймыз.
Бәрше Ўатанласларымызды ǝдебий кешеге мирәт етип қаламыз!
✅ Мәнзил: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1/1 жай. (Бағдар Қарақалпақ мәмлекетлик университети)
@adebiyatmuzeyi
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Улым, саған айтаман!
(Дүркиннен)
1. Нәсийҳат
Шәрьярға
Улым!
Шайыр халқы сөйлемес жалған,
Анаң ғыйбат айтса исенбе, жаным!
Тири жетимлик бул – әййемнен қалған, –
Ески жапсағыдур жаңа дүньяның.
Тәғдийр әжиўасы –
Руўҳтың пәслиги –
Кимге – алиментдур,
Кимге – айралық!
Шықлы қара гүлдей көзин жас қылып,
Жәбири жетимлерге жетер айланып.
Жетим: ,,Аға-аа!.." десе, –
Қәлбиң безилдеп, –
Баўырың гириян болып,
Езилмеўи ушын, –
Аҳыў-пығаныңды кимлер сезинди,
Кимлер сезинбеди?! –
Сезимине түсин!
Түсинисип жупласар ҳәтте гүбелек.
Қумыры тақ өтер жойтса жубайын!
Тилсиз түсинисер
Еки гүңелек,
Пәми гүңелектен,
Сақлан удайым!
Жәўҳарың жойтылса – мин емес, –
Мийнет.
Көзиң соқыр болса-ҳәм
Көкирегиң – жақты.
Кеўли соқыр жуптың
Қылса қысыўмет,
,,Жәннет!" деп биле бер
Печин дозақтың!..
Күй сен!
Өртенип күй!
Күл болғанша күй! –
Пысқып жанған шалаң нала келтирер!
Сүйсең –
Сүйгенди сүй,
Күл болғанша сүй! –
Шала ашықлық-ҳәм шала өлтирер!..
2. Бузып өт!
Кеўлим шәшмесинен тамар сағыныш,
Тасты мүжимес ол,
Мени мүжийди.
Сағыныш алдында не болыпты ғыш! –
Күнлер өткен сайын,
Дәртим гүжийди.
Мен сени сағындым улым,
Шырағым!
,,Сағынбайды!.." десе,
Исенбе ҳәргиз!
Сағыныш сарғайтты көзимниң ағын,
Миллион болсамдағы,
Сенсиз мен – жалғыз...
Сонша шарықлайман, –
Жәўланым – мәзи!..
Қамал қус жолынан бәлент,
Мың нәлет! –
Саған жете алмайды мениң пәрўазым,
Онда сен жылайсаң,
Бунда мен ҳәлек!..
Көзим – миллион мениң!
Лазер – қап-қалың!..
Тинтип дәрбедарман саңлақ,
Өткелин!
Меннен ағла болсаң,
Шығар дал-далын! –
Ҳижран дийўалларын,
Бузып өт бери!..
12-август, 1984. Нөкис.
Шаўдырбай Сейитов
Канал: 👉 @shawdirbay_seyitov
Өнермент қызға
Мен аўлақпан жөнсиз, алдаў сөзлерден
Сен себепли менде бәри өзгерген
Бәлким өзиң буны билмессең, бирақ
Аллам саған сондай сулыў көз берген
Сол сулыў көзлериң маған баққанда
Нәзериң қадалып, кирпик қаққанда
Жүрегим силкинип үнсизбен, қәйдем
Көзлериңе тутқын болажақпан ба?!
Бармағың ушында ойнап өнериң
Билдим тутқан нәрсең гүлге дөнерин
Қуры мақтаныппан шайырлығыма
Көрдим бүгин өзимнен де шеберин
Жулдызларды бармағыңда силкитип
Дизбеклейсең шынжырыңа илгитип
Өзи тапқан жылўасына шыдамай
Кетежазлар үнсиз тасқа тил битип
Жылтыр сөзди жети журттан әкелип
Саған қап-қап ўәде бериў қәтелик
Жулдызды қол менен жаратқан қызға
Қәйтемен аспаннан жулдыз әперип?!
Қосықтан өзиңе бир пайдам тийсин
Илҳәмым жолыңда өртенсин, күйсин
Периштелер сәлемимди апарып
Өнерли қолыңнан, көзиңнен сүйсин!
Мен аўлақпан жөнсиз, алдаў сөзлерден
Аллам саған сондай сулыў көз берген!...
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
06.04.2024ж
@oyshil_qosiqlari
Саған қалай айта алам...
Саған қалай ғашықпын деп айта алам,
Сүрте алмасам жасыңды.
Қадамымнан қалай кері қайта алам,
Қиып Сендей Асылды.
Тата алмаған тағдырымның бал дәмін,
Ерініңнен іздеппін.
Шарасыздан шайналарын саусағым,
Сен барыңда сезбеппін.
Өлмейтін бір ән арнасам өзіңе,
Жұбанар ма жүрегің?
Өтемі үшін сенсіз өткен өмірдің,
Амандығың тіледім.
Саған деген сезімімнің тұнығын,
Өлеңімнен байқарсың.
Менсіз өткен күндеріңнің "қызығын"
Құшағымда айтарсың.
Білесің бе Ай жүзіңе Аппағым,
Жер бетінде гүл егіз.
Ең алғашқы кездесуді еске алып,
Бір күн бірге күлеміз.
Бұйырады сондай күн,
Сенемін - сенеміз!
Мейрамбек Абдіқалиев
/channel/QRjas_doretiwshiler
/channel/Meyrambek_poeziya
"RADIO TÁNEPIS"
Bir kún jasasa da dúnyadaǵı tek ǵana sulıwlıqtı kóre alatuǵın janzat bul - gúbelek.
Nókis-fm radiosında "Móldir tamshılar" rubrikası
Baslawshı: Minara Qalbaeva
Kanalǵa aǵza bolıw:👇
t.me/Moldir_tamshilar 💦
Өмир – биреў,
ал, әжел мыңсан
Сүйиў – биреў,
сүйилиў биреў.
Тәғдир – қыста
аязлап тоңсам,
Жылындырар қуяшым – биреў.
Бахыт – биреў,
Муҳаббат – биреў,
Көксимдеги жүрегим – жалғыз,
Бул дүньяда Бахтыяр – биреў.
Мени туўған Анам да – жалғыз.
Анам – биреў.
Ана – Жер биреў.
Бахтыяр Генжемуратов
@b_genjemuratov
Әдебияттаныўдыӊ әҳмийетли мәселелери илимпаз нәзеринде
https://telegra.ph/%D3%98debiyattany%D1%9Edy%D3%8A-%D3%99%D2%B3mijetli-m%D3%99seleleri-ilimpaz-n%D3%99zerinde-03-25
Филология илимлери докторы Пердебай Нуржанов ҳаққында көрсетиў
Қарақалпақ әдебияты кафедрасының ютуб каналынан тамашалаңыз болады: 👇👇👇
https://youtu.be/nLbgDsHn12E
Қосшым
"Қуяш нуры түскен жерде жаңалық жоқ"
Тиси менен шешалмаған талайлар,
Түйинлер көп. Шеше алсаң шешип шық..!
Сеннен бурын ойланылған бул ойлар,
Сен түбине жете алсаң тесип шық!!!
Саған дейин жыланған бул қайғыға..,
Саған дейин тойлаған бул тойды да..,
Саған дейин шығып батқан көп қуяш,
Ўақыт утқан жарлыны да, байды да.
Сениң жаңалығың емес - күлки.., жас..!
Бул дийўалға да урылған қанша бас...
Тарийх деген сөзге шорқақ шайырдай,
Қайталайды өзин-өзи, шаршамас.
Бул бес күнге ҳайран қалып нетейик!?
Ой-шуқырға не деп налып өтейик?!
Жыласа да өлген, ҳешким қалмаған!
Кел, бизлер-ақ күлип өлип кетейик!!!
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 22.III.2024
@Poeziya_Abbdirashit
Ҳүрметли каналымыздың ағзалары! "Кеўил лирасы" көрсетиўимиздиң 3-саны Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, шайыр ҳәм аўдармашы Шаўдырбай Сейитовтың дөретиўшилигине арналады.
Пикир усынысларыңызды жазып қалдырсаңыз болады.
1. Көрсетиў редакторы: Бийбигүл Мәтбаева
2. Режиссёры: Айбек Төреев
3. Баслаушы: Базарбай Жолдасбаев.
«Миллионыншы Азамат» қай жерде?
Халқымыздың шексиз қуўанышына себеп болған, елимиздиң миллионыншы азаматы қай жерде? Оның өзиниң ҳәм шаңарақ ағзаларының турмыс шараятлары қандай?
Мен анаман.
Мен анаман!!!
Уқсамайман ҳеш кимге,
Мухаббаттан шәмензар бар көксимде,
Әлпешлеўди балалықтан үйренип,
Мәзи, ана болыў ушын өстим бе?.
Мен анаман! Саўыт кийген сабырдан,
Меҳир аққан алпыс еки тамырдан,
Әжел аўызы - толғақ атлы саўаштан,
Еки жанды алып шыққан батырман.!
Бийреҳимлик маған сирә жат еди,
Ана болыў! Ҳақтан келген хат еди,
Киши ўатан - Шаңарағым ең уллы,
Ең қәдирли тебериктей зат енди.
Жолға салып ерке минез ашыўды,
Туўарғанман тәшўишлерден қашыўды,
Жақты дүнья маған берген мәртебе,
Нәрестемди баўырыма басыўды.
Нийетли жан - бул күнлерди көриўден,
Зәрре ғәрез болмасын ҳеш кеўилде,
Бәрше бала саў-саламат туўылсын,
Бир тилерим Жаратыўшы Тәңирден.
Аналық бул шәпәәттиң дереги,
Ғәрезсиз ел, тыныш заман тилеги,
Бар әлемди бесигиме сыйдырып,
Ҳәййиў айтып қушақлағым келеди.
Мен анаман.!
Саўыт кийген сабырдан.!
Мукаррама Оразбаева
2023.22-дек
/channel/keuylge_zhol
Besh tashabbus olimpiadasi doirasidagi Ⓜ️USHOIR🅰️ tanlovi NIZOMI bilan tanishing.
@beshtashabbus_uz