Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Наўрыз байрамы салтанатлы түрде өтти.
Факультетлер арасында "Миллий кийимдеги Қарақалпақ" номинациясы бойынша Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети оқытыўшысы, ф.и.к. доцент Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ 1-орынды ийеледи.
Устазымыздағы Жаслық жигер менен куш-ғайрат шәкиртлерине үлги боларлықтай. Устазымыз алдымызда аман болып, батырлыққа, мәртликке тәрбиялаўдай ийгиликли исте шаршамағай...
@b_genjemuratov
Филология илимлери докторы Пердебай Нуржанов ҳаққында Қарақалпақстан телеканалы, "Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан" көрсетиўи кең түрде сөз етеди.
P.S.: 25-март - Пердебай Нуржановтың туўылған күни.
ДЫҚҚАТ! ТАҢЛАЎ!
💠 Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Oyina.uz порталы тәрепинен өткерилипп атырған “Наўрыз” миллий қәдириятлар викторинасында қатнасып, китаплар топламы ҳәм қымбат баҳалы саўғаларды утып алың!
🔹1-орын - Artel Smart TV 43;
🔹2-орын - Samsung планшетt
🔹3-орын -Samsung смартфон ;
🔹4-10 - орынлар – 5 данадан китаплар топламы;
🔸“Таңлаўдың ең белсенди нәсиятлаўшысы” номинациясының 5 жеңимпазы -
Samsung smartfon
Таңлаўға қатнасыў ушын төмендеги силтема арқалы дизимнен өтесиз.👇
/channel/oyinatanlovbot?start=1338113905
@QRJas_doretiwshiler
#поэзия
Нәрестелер...
Нәрестелер жылап атыр,
Бизлер күлип атырмыз!
Нәрестелер өлип атыр,
Бизлер жүрип атырмыз!
Нәрестелер жетим қалып,
Бизлер қырып атырмыз!
Нәрестелер шөллеп атыр,
Бизлер қарап отырмыз!
Нәресте аш болып атыр,
Бизлер тойып атырмыз!
Көзине жас толып атыр,
Бизлер байып атырмыз!
Нәресте қышқырып атыр,
Биз еситпей атырмыз!
Нәрестеге табыт берип,
Биз бесикте жатырмыз!
Нәрестелер жанып атыр,
Бизлер жағып атырмыз!
Нәресте дәрт танып атыр,
Бизлер буғып атырмыз!
Нәрестелер шырлап атыр,
Бизлер хорлап атырмыз!
Нәрестелер зарлап атыр,
Бизлер зорлап атырмыз!
Баламмм, бизди кеширме!!!
Алламмм, бизди кеширме!!!
Жазылған сәне: 22.III.2024
@Poeziya_Abdirashit
Әдебият ҳаққында
* * *
Жаман шығарма жазбаў ушын жаман шығармаларды да оқып турыў керек.
* * *
Шайырлық – ҳақыйқый шайырлар ушын муқаддес зат, базы биреўлер ушын ол хобби!
* * *
Аңшылар жәмийетине ағза болғанлардың бәри мерген бола бермейди. Жазыўшылар аўқамының ағзалары да сондай.
* * *
Турмыстағы ҳақыйқатлықтың бәри әдебиятқа сыя бермейди.
* * *
Йош келмей қыйналып жазған шығармаңды оқыўшы да қыйналып оқыйды.
* * *
Атақлы инсанлардың даўысына дәл еликлей алсаң дүрлеген қол шаппатлаўларға ийе боласаң, бирақ ол саған емес.
* * *
Қысқа пикирлер жиңишке резинаға усайды, оннан үлкен шығарма дөретпекши болып созсаң үзилип кетеди.
* * *
<<Жас шайырлар бала пышыққа усайды, – дейди тымсалшы шайыр Дәўлен Айтмуратов.
– Сыйпаласаң қойныңа киреди, бирақ, кейнинен тырнайды-аў>>
* * *
– Ақсақал жазыўшылар жасларға ғамхорлық қылмайды, – деп налыды бир жас жазыўшы Шаўдырбай Сейитовқа,
– Кесент етпесе қуўана бер, – деп жуўап берди ол.
* * *
Сизиң <<Ақ тал астындағы ақшам>> атлы повестиңиз Шыңғыс Айтматовтың ҳеш бир шығармасынан кем емес ғо, – деди бир жас жазыўшы Узақбай Пиржановқа. – Неге өзиңиз шығарма жазғанды қойып, Айтматовтың аўдармашысы болып кеттиңиз?
– Сол повестим ушын мени әдебиятшылар <<күшигимде талап таслады ғо>>, – деди ол.
* * *
Шайыр Шийрин Халмуратованың шайырлар ҳаққында мынадай қосығы бар:
Қосық жазып мен өзиме бир аўыр жүк артаман,
Толайын деп турғандайман, бирақ, толмай ортаман,
Илҳам келмей, йош қыстамай, жүрсем егер қыйналып,
Шайыршылық несип етпей қала ма деп қорқаман.
Бул ҳәмме жас шайырлардың қыялындағы ойлар.
* * *
Талантлы адам қызғаншақ болмайды, себеби, ол басқалардың өзине теңлесе алмайтуғынын биледи.
* * *
Зульфия сыйлығына усынылып атырған үш-төрт қыздың қосықларын гейде ата-анасының, гейде устазларының өтиниши менен <<үстинен көрип бердим>>.
Ҳүжданым қатты қыйналды. Қудайға шүкир, ҳеш қайсысы лауреат болған жоқ.
Муратбай Нызанов
,,Тәңирим маған қәлем берди жазсын деп" поэзиялық топламынан.
Канал: 👉 @Shawdirbay_Seyitov
Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉@QRJas_doretiwshiler
ҚУЯШҚА БАҒЫШЛАЎ
Қол жайып адамзат сыйынып өткен,
Алланың инсанға сыйысаң неткен!
Нур шашып тур ма едиң Адам ата,
Ҳаўа ене қуўылғанда жәннеттен?
Фирғаўынлар тас қалатып қулына,
Қурбанлықлар шалған талай жолыңа.
Қыстан безген байлар бүгин пляжда,
Жатар сени «сатып алып» пулына.
Бар ма екен бул әлемде теңлесиң,
Сан миллиард жыллық нурың сөнбесин.
Тумарислер таўап етип өзиңди,
Қанлы меске тыққан Кирдиң геллесин.
Күндей көзи түспей нур – илҳам, йоштың,
Ярым айлық әрманысаң “ески дос”тың...
Таўдай алтын берип алмасатуғын,
Сен қунлы байлығысаң эскимостың.
Мейли, саратанда ыссы от ессин,
Өзиңсиз аўылда қысым өтпесин,
Антарктиданы дастанып жатырған,
Мәңги музлықларға тисиң өтпесин.
Адамзат озонды жемирип атыр,
Балықлар пластик кемирип атыр,
Күн түспес жүз қабат жайлар ишинде,
Биреўлер өзиңе телмирип жатыр.
Тандыр шөректей шағырайып көкте,
Жер – балаң, биз – ақлық, ақлықты сөкпе,
Түн көрпесин таслап батыўың ҳеш гәп,
Шықпай қалыўыңнан қорқаман тек те.
Аллаяр Дарменов,
11,12-март, 2024-ж.
@Allayar_Darmenov
Кітабы жарыққа шыққан немесе кітап шығармақшы болған қалам иелеріне құлаққағыс қыларлық өлең екен.
Кітап дүкені
Емес бұл үй жалғыз ғана кітаптардың қоймасы,
Онда талай авторлардың тағдыры бар, ойлашы!
Ақиқаттың жетпейтінін көрем десең сонда бар,
Өтіріктің өтпейтінін көрем десең сонда бар!
Жарлылардың жомарттығын көрем десең сонда бар,
Барлылардың сараңдығын көрем десең сонда бар.
Әне біреу: мұқабаға қалды қарап толғанып,
Студенттің ала салды - бір сомы бар болғаны.
Емес бұл үй жалғыз ғана кітаптардың қоймасы,
Онда талай оқушының мінезі бар, ойлашы!
Ақылдылар барады оған мол ақылын қомсынып,
Ақымақтар бармайды оған жоқ ақылын молсынып.
Сыншыларға жалтақ-жалтақ қарай бермей, ақыным,
Өз бағаңды біңлгің келсе, сол жерге бар - ақылым!
Бір кітаптың мың данасы өтеді онда бір күнде,
Бір кітаптың бір данасы өтпейді онда мың күнде.
Емес бұл үй жалғыз ғана кітаптардың қоймасы,
Тұғырың мен ғұмырыңның сонда екенін ойлашы!
Атыңды оқып, кітабыңды қарамаса ашып та,
Қой дегені ол оқушының миымды көп ашытпа!
Ал бір жігіт жанындағы қара қызға бұрымды
Өз сыры ғып оқып жатса сенің кейбір жырыңды,
Онда, ақын, айтпай-ақ та, айтпай-ақ та ұғасың,
Алты қабат аспанға бір алып ұшып шығасың!
Емес бұл үй жалғыз ғана кітаптардың қоймасы,
Онда талай-талайлардың тағдыры бар, ойлашы!
Бәрі сонда: дарындының бақыты да сол жерде,
Бәрі сонда: дарынсыздың табыты да сол жерде!
Қадыр Мырза Әли
/channel/QRjas_doretiwshiler
Өзгерген жыл мезгілі
Сағынтқанмен жылылық, көктем лебі.
Жібергісі келмейді өткен мені.
Өзге жанды тапты деп ойлап жүрсең,
Жүрегім мекен емес көп бөлмелі!
Көктем келіп, шығарған қыстан аман,
Тағдырыма қалайша сұстана алам.
Кездесесің,
Сүйесің,
Қоштасасың.
Махаббат тұрады екен үш қадамнан.
Сен сезесің, білесің күйім осы.
Шарасыздық ең ауыр қиын тұсы.
Жыл мезгілі мен үшін екеу ғана,
Бірі - сен бар,
Жалғыздық кейінгісі!
Ендеше ертең ештеңе өзгермейді...
Мейрамбек Абдіқалиев
/channel/Meyrambek_poeziya
ШАШЛАРЫМ
Шашларыма байланды
Аппақ бантик,
Алып ушып жүрегим
Шаўып кеттик,
Шашларыма байланды
Райхан гүллер,
Қыз болдым деп жүрегим
Дүбирленер,
Шашларыма байланды
билеклигиң,
Бир өмирге таңлаған
Сүйиклигим,
Шашларыма байланды
Қызыл шаршы,
Турмыс деген аўыр жүк
Ийтаршы.
СӘРБИНАЗ МУСАТДИНОВА
/channel/QRjas_doretiwshiler
Қарақалпақлығың жалған болмасын
Бақсы болып тойда нама алдың ба,
Бердақтың сөзине қулақ салдың ба,
Әжиниязды излеп қырға бардың ба,
Кеўил әндийшеси қыра болмасын.
Күнхожа түсиңе енип шықты ма,
Соқыр түйе бас байрақты жықты ма,
Я ханың халықты әбден сықты ма,
Қарақалпақлығың жалған болмасын.
Елдиң қандайлығын енди билдиң бе,
Бизге жеткен дәстүриңди көрдиң бе,
Уқтырып кет урпағыңа, сөндирме,
Бабалар мийрасы умыт болмасын.
Барып көр шылпықты егер көрмесең,
Ата-бабаң излеринен жүрмесең,
“Еллерим барды”ны ядтан билмесең,
“Қарақалпақпан” деўге ҳақың болмасын.
Сәрбиназ Мусатдинова
(қосық қысқартылып алынды)
@atagulla_satbaev
Bachala!
Ichimizda Maxset akani taniydiganlar yetarlicha bor. Bilaman, aniq kelmoqchisilar)
Endi tanimaydiganlargayam murojaat qilmoqchiman: Qoraqalpoqchani ozgina tushunsanglaram, shu konsertga kelinglar! Oʻta kuchli boʻladi, oʻzim koʻrganman)
Soat 19:00da
Chiptalar shu yerda
Mazza qiling!
@sahnastandup
Оразалы Досбосынов атындағы сыйлық (100000₸) пен Дара дарын жобасының арнайы домбырасының иегері атандық. Айтыс ұйымдастыру алқасына мың алғыс!
Читать полностью…Кегейли районы қәнигелестирилген мектеби өз журналына ийе болды
Усы жыл басынан баслап Кегейли районы қәнигелестирилген мектеби өзиниң «Жылдырым» атамасындағы жәмийетлик ҳәм көркем-әдебий журналын баспадан шығара баслады.
Журналға Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының ағзасы Базарбай Жолдасбаев редакторлық етпекте.
Буннан тысқары, журналда жәрияланып атырған материалларды мектептиң kegeyliqm.uz сайтында бақлап барсаңыз да болады.
✅ @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар
#Anons
Nókis fm radiosında "Aqsham balladası" esittiriwi.
Hár háptenıń piyshembi kúnleri saat 20:00 den 22:00 ge deyin.
Túngi sezimlerińiz párwaz etken mánzil.
Baslawshı Minara Qalbaeva menen...
Esittiriwimizdiń birinshi bólimi
Saxıbjamal Sırǵabaeva dóretiwshiligine arnaladı.
Doslaar 91 391 10 04 nomerine óz elektron xatlarıńızdı 21:00 den baslap telegram mánzilimizge jollasańız boladı.
Siz bizdi dúnyanıń qálegen ornınan internet sociallıq tarmaǵında Nukus.fm.uz saytı arqalı onlayn tıńlaw múmkinshiligine iyesiz.
@Moldir_tamshilar
Әдебияттаныўдыӊ әҳмийетли мәселелери илимпаз нәзеринде
https://telegra.ph/%D3%98debiyattany%D1%9Edy%D3%8A-%D3%99%D2%B3mijetli-m%D3%99seleleri-ilimpaz-n%D3%99zerinde-03-25
Филология илимлери докторы Пердебай Нуржанов ҳаққында көрсетиў
Қарақалпақ әдебияты кафедрасының ютуб каналынан тамашалаңыз болады: 👇👇👇
https://youtu.be/nLbgDsHn12E
Қосшым
"Қуяш нуры түскен жерде жаңалық жоқ"
Тиси менен шешалмаған талайлар,
Түйинлер көп. Шеше алсаң шешип шық..!
Сеннен бурын ойланылған бул ойлар,
Сен түбине жете алсаң тесип шық!!!
Саған дейин жыланған бул қайғыға..,
Саған дейин тойлаған бул тойды да..,
Саған дейин шығып батқан көп қуяш,
Ўақыт утқан жарлыны да, байды да.
Сениң жаңалығың емес - күлки.., жас..!
Бул дийўалға да урылған қанша бас...
Тарийх деген сөзге шорқақ шайырдай,
Қайталайды өзин-өзи, шаршамас.
Бул бес күнге ҳайран қалып нетейик!?
Ой-шуқырға не деп налып өтейик?!
Жыласа да өлген, ҳешким қалмаған!
Кел, бизлер-ақ күлип өлип кетейик!!!
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 22.III.2024
@Poeziya_Abbdirashit
Ҳүрметли каналымыздың ағзалары! "Кеўил лирасы" көрсетиўимиздиң 3-саны Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, шайыр ҳәм аўдармашы Шаўдырбай Сейитовтың дөретиўшилигине арналады.
Пикир усынысларыңызды жазып қалдырсаңыз болады.
1. Көрсетиў редакторы: Бийбигүл Мәтбаева
2. Режиссёры: Айбек Төреев
3. Баслаушы: Базарбай Жолдасбаев.
«Миллионыншы Азамат» қай жерде?
Халқымыздың шексиз қуўанышына себеп болған, елимиздиң миллионыншы азаматы қай жерде? Оның өзиниң ҳәм шаңарақ ағзаларының турмыс шараятлары қандай?
Мен анаман.
Мен анаман!!!
Уқсамайман ҳеш кимге,
Мухаббаттан шәмензар бар көксимде,
Әлпешлеўди балалықтан үйренип,
Мәзи, ана болыў ушын өстим бе?.
Мен анаман! Саўыт кийген сабырдан,
Меҳир аққан алпыс еки тамырдан,
Әжел аўызы - толғақ атлы саўаштан,
Еки жанды алып шыққан батырман.!
Бийреҳимлик маған сирә жат еди,
Ана болыў! Ҳақтан келген хат еди,
Киши ўатан - Шаңарағым ең уллы,
Ең қәдирли тебериктей зат енди.
Жолға салып ерке минез ашыўды,
Туўарғанман тәшўишлерден қашыўды,
Жақты дүнья маған берген мәртебе,
Нәрестемди баўырыма басыўды.
Нийетли жан - бул күнлерди көриўден,
Зәрре ғәрез болмасын ҳеш кеўилде,
Бәрше бала саў-саламат туўылсын,
Бир тилерим Жаратыўшы Тәңирден.
Аналық бул шәпәәттиң дереги,
Ғәрезсиз ел, тыныш заман тилеги,
Бар әлемди бесигиме сыйдырып,
Ҳәййиў айтып қушақлағым келеди.
Мен анаман.!
Саўыт кийген сабырдан.!
Мукаррама Оразбаева
2023.22-дек
/channel/keuylge_zhol
Besh tashabbus olimpiadasi doirasidagi Ⓜ️USHOIR🅰️ tanlovi NIZOMI bilan tanishing.
@beshtashabbus_uz
Таныс емес маған бәндиргилери,
Ташкент метросында сәрсән геземен,
Сен айтқан гүмбезлер ақылым урлаған,
Өзимди сарайда жүрген сеземен.
Кешиккен жолаўшыдай турсам илажсыз,
Қәндиллер таўланар тағынған моншақ,
Маған көз-көз етер тағыншақларын,
Ҳәйкели сыңғырлаған қыздай уялшақ.
Мен аўылдың қызы, метро бир ҳәўес,
Жер асты поезды мен ушын емес,
Ҳәр бәндирги ҳәр муқамда таўланар,
Адасқаным енди маған бир елес.
Аўқам қушақ ашар метродан шықсам,
Есимде, есимде еле есимде,
Метрода адасқаным есимнен шықпас,
Ақырап айының жигирма бесинде.
Сәрбиназ Мусатдинова
3.05.2022
/channel/QRjas_doretiwshiler
Ертең көктем келеді...
Мен де бір сағыныш бар сен білмейтін,
Мен де бір өкініш бар емделмейтін.
Ертең көктем келеді жалғыз өзі,
Сен - келмейсің...
Басымыздан балдәурен күн тайғасын.
Мұң налаңды кім тыңдар, кімге айтасың.
Ертең көктем келеді жалғыз өзі,
Сен - қайдасың?
Жасылға енер кешегі гүлсіз қырат,
Тасып ағар кешегі сусыз бұлақ.
Ертең көктем келеді көкбелді алып,
Сенсіз бірақ...
Көктем болып түсіме енесің де,
Қол бұлғайсың, сөзіме сенесің бе?
Көктем анық келеді,
Бірақ қалқам...
Сен - келесің бе?
Келесің бе?!
Мейрамбек Абдіқалиев
/channel/Meyrambek_poeziya
СОҢҒЫ САБАҚ
Өз ана тилинен алғандай мәлҳәм,
Мырза Амел* китапқа тигилди узақ,
Бүгин соңғы сабақ француз тилинен,
Демек, соңғы күн оның ушын ҳәм.
Байрам кийиминде жүдә салдамлы,
Хоширей көринер күндегиденде,
Кырық жыллық муғаллим мийнети, деми,
Енди тамам еди..., бәри бир күнде.
Буйрық аты менен булжымас сирә,
Эльзас мектебиде бойсынар сөзсиз,
Партаға сүйенип жансыз денеси,
Оқып отырғандай китабын үнсиз.
Тахтаға жазылған: "Жасасын Франция!",
Жүректен атлығып шыққан соңғы сөз...
___________
*Эльзас мектебине немис тили енгизилип, француз тили алып тасланғанда столына сүйенип жан берген француз тили муғаллими.
СӘРБИНАЗ МУСАТДИНОВА.
#поэзия
Хатикоға
Мәйли дә, бизлерди кимлер сөкпеди!?
Өткен өкпе айтпай кетпеди..,
Тоқтаттым,
Бийдәртке дәртти дастурхан етиўди..,
Мени уғар деп пәмлеймен тек сени..!
Бизлер үйреттик ҳәммеге күтиўди,
Бирақ, олар бизди күтпеди.
Бизлер жанған отқа олар күймеппеди?!
Бизлер татқан муңды олар түймеппеди?!
Сениң менен менсиз дүнья бузылар ма!?
Бизлик бағлар бизсиз гүллеп, түйнекледи.
Жыламаўды үйреттик биз оларға,
Олар бизге күлиўди үйретпеди.
Садықлыққа атымызды туў етти.
Қушып жыласты тас ҳәйкел, сүўретти..,
Биз дүньяға бизсизликти сый еттик,
Ҳәм де күлкилерге бердик нәўбетти.
Бизлер ҳәммеге сүйиўди үйреттик,
Ҳәмме бизлерге күйиўди үйретти.
Жанайық! Журт жылынар жансақ тағы!
(Мүмкин жасар бизсизликти аңсап бәри)
Бизсиз атпай қалыў керек таң неге,
Қайта бизсиз дүньяға аңсат бәри!!!
Биз сағыныўды үйреттик ҳәммеге,
Бирақ, ҳешким сағынар жан таппады.
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 28.II.2024
@Poeziya_Abdirashit
TAKLIFNOMA
27-fevral kuni soat 15:00da O‘zbekiston Yozuvchilar uyushmasida qoraqalpoq shoiri, yozuvchi va tarjimon Uzaqbay Pirjanovning “Xazonrezgi” kitobi taqdimoti bo‘lib o‘tadi. Tadbirga barchani chorlaymiz.
O‘zbekiston Yozuvchilar uyushmasi Axborot xizmati
Арзымас тәшўишлерди бир шетке ысырып, ҳәз етип күлиўге - өзиңе ўақыт табалсаңыз...
👆👆👆
"Жабық микрофон"- видеосъемкаға 📵🚫 түсирилмейтуғын Stand up.
заказ ун тел: +998906531818
Сағыныш
Бийбисараны еслеп.
Өңым ба, түсим бе еди,
Күлгениң, жылағаның!
Жоғалтқан қусым ба едиң,
Қаршығам – тумалағым?!
Қулазып қалғандайман,
Дүздеймен, дүздеймен-аў!
Барлығың жалғандай ма?! –
Билип-ақ излеймен-аў!
Жутанып, көп ишинен,
Таппайман, налынаман.
Жылт етсең өтмишимнен,
Елеске жалынаман:
,,Тур, – деймен, – қашпа ҳәй қыз!..
,,Қуў!" десең, қуўалайын...
Биймезгил солыған нәргиз,
Айралық муңын айтып,
Тас қылып дуўалайын!.."
Не қылған дуўа бизде?!
Жуп ,,моншақ" жумалайды...
Ылағып кетсем,
Дүзде
Бармысаң, Куралайым?!
Нурдан да суўықпысаң,
Енбейсең уўысыма!
Дуньяны туйық қылсам,
Тутар ма едим қуўысынан?!
Суўықпең сағымнан да,
Түриң тур,
Тулғаң қайда?!
Тажынан, тахтынан да,
Журдай бир патшадайман!
Аўыр ғой, маған аўыр,
Өзиң де сезип турсаң.
Соншелли бастым баўыр,
Сен неге безип турсаң?!
Азаның туўын пиштим,
Сен болсаң, сынаптайсаң!
Айралық уўын иштим,
Сонда да жубатпайсаң!..
Аз маған, бул жазаң аз,
Билмеппен қәдириңди!
Сонда да күлши аз-маз,
Жылатпа сәтиримди!..
Ен бүгин, түсиме ен,
Ғамгүнлеў бақпа бирақ!
Жигер бол, исиме ен,
Мени де сақла бирақ!
Есирип ишсем арақ,
,,Сақлаң!" деп жалынарең,
Аўырсам, езип торақ,
Аўырып, налынарең!..
Сағыныш пышағынан,
Бүгин не аямайсаң?! –
Енбейсең қушағыма, –
Енбейсең, саямдайсаң!
Сағыныш муңын жазсам,
Әрўағың бағып турар.
Өзгеге қушақ ашсам,
Тақатың неғып шыдар?!.
Не қылсаң – ықтыярың,
Сениң шек, шегараң жоқ.
Жоқ сениң жат диярың,
Тек жатпа!..
Тегеран теп!
Шық бери!..
Самал болып,
Жақсының желпи бетин!
Жаманға қамал болып,
Жаны бол пәк нийеттиң!
Қанат бол сөзлериме,
Сөз емес, шамшырақ ол!
Ашкөздиң көзлерине,
Бир қысым топырақ бол!
Лапыз бол! –
Жаңғырақла,
Атынан өлилердиң!
Шық бери! Ғапыл қалма,
Қалыўы гүман гөрдиң! –
Инсапқа шақыр дәрҳал! –
Қылышлар қайралыпты!
Муңын айт жәлладларға,
Әжелдиң, айралықтың!
Айт барып тулларының,
Өзиңниң атыңнан айт!
Айт барып улларыңның,
Қызыңның атыңнан айт!
Жетимлик, жесирликке,
Жетер бир ,,Ҳәзирейли!"
,,Қа-ан!" деген есирикке,
Соны әкет, ҳәзир, мейли!..
Қайтып кел, сыйынайын,
Тасларды елжирет те!
Он беси жақты – Айдың, –
Нур болып кел жүрекке!.
Сағыныш, от болып кел,
Гүнам көп!.. –
Өрте, мейлиң!!!
Өтмишке суд болып кел, –
Өтмишти өртемейди!
Өтмиште айтса-ҳәм жалған,
Өлгенлер алжаспайды.
Өтмиш – Яд – сеннен қалған, –
Ядымды шаң баспайды.
Өлимнен түңилсем де,
Өтмиштен түңилмеймен.
Өтмишке үңилсем де,
Сени излеп үңилгеймен!..
Сен сонда жадырап тур,
Пир болып жақсылыққа!
Сени еслеп әтирап тур,
Тур бунда пәс қылық та!..
27-ноябрь, 1979-жыл, Ташкент.
2-сентябрь, 1984-жыл, Нөкис.
Бийбисара – Шаўдырбай Сейитовтың өмирлик жолдасы.
Шаўдырбай Сейитов
Канал: 👉 @shawdirbay_seyitov
Men baxtli elning baxtli farzandiman
Qoraqalpoq davlat universiteti “Yosh jurnalistlar” klubining navbatdagi mehmoni Navoiy nomli davlat stipendiyasi sovrindori Go‘zal Jumamurotova bo‘ldi.
Universitetdagi 4 yil bu bir enli qattiq qog‘oz uchun ko‘p. Siz maqsadlaringizni kattaroq qo‘ying. Universitet sizga hech narsani va’da bermasligi mumkin, lekin imkoniyatlar eshigini ochadi. Agar siz o‘z bilimingizga ishonib, ustingizda ishlab doimiy harakatda bo‘lsangiz, xohlagan natijangizga erisha olasiz, — deydi u.
Universitetdegi 4 jıl bul bir enli qattı qaǵaz ushın kóp. Siz maqsetlerińizdi úlkenlew qoyıń. Universitet sizge hesh nárse wáde etpeydi, lekin imkaniyatlar esigin ashadı. Eger siz óz bilimińizge isenip, ústińizde islep turaqlı háreketde bolsańız, qálegen nátiyjelerińizge erise alasız, — deydi ol.
Bizni kuzating