"RADIO TÁNEPIS"
Men samalǵa etpeymen háwes,
qılsadaǵı tawdı-tastı joq.
Ol mendeyin baxıtlı emes,
onıń menikindey dostı joq.
Nókis-fm radiosında "Móldir tamshılar" rubrikası
Baslawshı: Minara Qalbaeva
Kanalǵa aǵza bolıw:👇
t.me/Moldir_tamshilar 💦
***
Мен сені қызғанатынмын,
Қызғаныштан өртеніп... мұз болатынмын.
Қауырсынын қағумен мұз қанатымның,
Қиялымда қасыңа жүз баратынмын.
Сен сезуші ме едің?
Тағдырға бағынып тұрып,
Ішімнен жарылып тұрып, сағынып тұрып.
Тіс жармай теріс кеткен ем тынысым тарылып тұрып.
Басқа өмір бастамақ болғам бастағы бағым ұттырып.
Сен білуші ме едің?
Иә, шынымен білесің бе?
Бізді өмір, өмір бізді сынамақ күресінде.
Таң алды, түсініксіз... түсіме кіресің де.
Қайырлмайсың, қайырылмай кетеді елесің де.
Шыныңды айтшы: "шыдамым бітті менің - келші!" - десем
Келесің бе?!
Мейрамбек Абдіқалиев
@Meyrambek_poeziya
Жоқарыдағы 👆👆👆менің сөзіме жазылған жаңа ән тыңдап бағасын берерсіздер)
Нұртуған Қазиев
Әні: Бағлан Әбіл
@QRjas_doretiwshiler
"Қаракөз"ге....
(Ҳешқандай мәниссиз қатарлар)))
Қаракөзим! Сендей болып сүялмайман,
Сениң менен ышқ отында күялмайман.
Өмиримди машқалалар қоршап алған,
Ғам-қайғысыз қайғырмастан жүралмайман.
Қаракөзим, мен тиримен жасап жүрмен,
Ҳәр есикте несийбемди асап жүрмен,
Қызлық дәўран, қуўанышлы сол күнлерди,
Билип жүрсең, билесең-аў, аңсап жүрмен.
Сырым кетти. Сыр қалмады жүрегимде,
Қолламады таңлағаным керегинде.
Сүйдим. Күйдим. Сенсиз өмир Жоқ деседе,
Наршадайын мәрт болмаса кереги не?
Билесеңбе, Қаракөзим,, аңладың ба?
Сырым сениң қол жетпеген әрманың ба?
Еркек болып, өзиң тартсаң кәрўаныңды,
Мухаббатың айланбайды дәрманыңа.
Қаракөзим, ҳәркимниң бир дәрти болар,
Ер жигиттиң ақмағы ҳәм мәрти болар.
Өмир тек те мухаббаттан қуралмаған,
Шаңарақтың жазылмаған шәрти болар.
Соқырлардай баратуғын бағытым жоқ,
Тынышсызбан, кеўлим ғамлы, бахытым жоқ,
Мухаббатқа, жақсылық ҳәм сулыўлыққа,
Қарайтуғын, көретуғын ўақытым жоқ.
Әрманларым асқар таўдай бийик еди,
Йош, илҳамды кеўилиме қуйып еди.
Шаңарақтың жүгин артпай ийиниме,
Қыз ўақтымда Сырым мени сүйип еди.
Ал, енди ше. Сырым қайда мен қайдаман,
Көзимде муң, кеўилимде ғам қайнаған,
Қаракөз қыз естен танып сүйетиндей,
Сырым буған лайық бекен сен сайлаған?
Ол сен ушын таўлар асып келмеспеди,
Нарша болып, ҳадал етип сүймеспеди,
Сырым сени сеннен артық сүйгенинде,
Ар-намыстан сеннен алдын өлмеспеди?!
Гулчеҳра Айтмуратова
28.01.2024 1:53
@aytmuratovagulchehra
@QRjas_doretiwshiler
Метаннан хат
(ҳәзил)
Себеп болмай узамайды аралар
Узап кетсе таўып жағыдай соралар
Меннен де бир хабар алың жоралар
Мен метанда "өширет"те жатырман
Санағы жоқ көликлер тур алдымда
Сәл ертерек үлгерместен қалдым-дә
Журтлар үйлеринде жатса, ал бунда
Мен метанда "өширет"те жатырман
Аманбысаң, бизиң сәўер яр, қатын?
Жоқлығымда той-жыйынға бар қатын!
Баламызды туўсаң шашыў тарқатың
Мен метанда "өширет"те жатырман
Түрли хабар айтып атыр ҳәр адам
Қәйдем қанша ўақыт өтти арадан
Буйырса бәҳәрде үйге бараман
Мен метанда "өширет"те жатырман
Ниетулла (ойшыл)
27.01.2024
#поэзия
Гүмилжи сезим
Көп жарыстан қалдым жуўырғым келмей,
Алтын минберлерден таўылғым келмей!
Кимдур сәл ертерек ескерткенинде,
Қалармеди бәлким туўылғым келмей..!
Көп мәжлистен қалдым билгим де келмей.
Көп жыйыннан қалдым күлгим де келмей.
Мархумлардың барлығы бахытлыдай,
Өлип кеткенине бул күнди көрмей!!!
Көп азадан қалдым жылағым келмей.
Көп гүлден жүз бурдым қарағым келмей.
Өлим аңсамайман, жоғалғым келер..,
Мәзи тек жоқ болсам қара қум көмбей...!!
Жазда жаўғым келген делбе бир қарман.
Тилекке қарсы, мен дүньяда барман!
Досқа дос да, қасқа қас да емеспен,
Мен тек жалғызлыққа, жоқлыққа ярман... .
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 26.I.2024
@Poeziya_Abdirashit
#Тынышсыз_руўх_толғаныслары
Екинши қосық
Мен сени сағынып келеберемен,
Сағыныш -- сырымды сатады бираз..
Қайғыға қайысып ере беремен...
Енди оған жүрек алданбаўы, рас!
Тоқтайман, тыңлайман Қуяшты,
Бийтәртип нурлары неден сөз ашты?!
Жерге көклер ерип, көклем келипти,
Қызық, жүрегиң неге муз басты?!
Я, бәҳәрден бурын қәҳәриң келип,
Жупладыма жалғыз сезимлериңди?!
Исенбей жүрсең бе, исеним берип,
Жасырмай айт нелер сезингениңди!
Сөз деме! Көзлериң алдасын енди,
Жалғанға жанып телмиреберемен.
Күтиўге ҳаққың жоқ! Күтпе де, мейли,
Мен сени сағынып келеберемен...
Билсем, тас жүрекке сезимлер обал,
Қара, жарасып тур кеўил кемиси!
...мени күтпегенде САҒЫНЫШ жеңди,
Ал, саған мүбәрек -- МИНЕЗ жеңиси!!!
Гөззал Жумамуратова
Январь, 2024
@sheksizlikler
@QRJAS_DORETIWSHILER
Қаракөз
Билесең бе, Қаракөз,
Ҳеш кеўлиңе ес болар жыр қалмаған..!
Тири қалып талпынар нур қалмаған..!
Өрмелеп, жығылып, жанып, айқайлап..,
"СЫРЫМММ" деўге турарлық сыр қалмаған..!
Билесең бе, Қаракөз,
Ҳәзир сениң дәртиң журтқа дәрт емес.
Сендей болып өртениў де шәрт емес.
Қасқырлар көп, қосық айтпайды ҳешким...
"Нарша"лар сениң Наршаңдай мәрт емес!!!
Билесең бе, Қаракөз,
Ҳәзир ҳешким естен аўып өлмейди.
Сендей болып сүйиўди де билмейди.
- Булар кимлер? - Соқырлар. Жақсылықты,
Гөззаллықты, муҳаббатты көрмейди...
Билесең бе, Қаракөз,
Ҳәр ким тәнҳа өзиндеги жоқты излер..,
Дилсиз тил менен айтылар көп сөзлер.
"Түпсиз терең туңғыйық" қара көз жоқ,
Қаплап кеткен жан-жақты гил "көк көз"лер...!!
...билесең бе, ҚАРАКӨЗ...
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 23.I.2024
@Poeziya_Abdirashit
Картина "Бәҳәрдиң ўәдеси" - Лоуренс Альма-Тадема
🌱🌱🌱
Ўәдеге опалы ҳәтте мәўсим де,
Арсынар нәмәртлик тамғасынан ол!
Барлығым...барлығы...бәри... есимде
...еле күткенимнен күтпегеним мол!!
(Саған алып барар узын гүзар жол..!)
Гөззал Жумамуратова
30.05.2023
@sheksizlikler
#поэзия
Көргизбе
Зерлериң, байығаның - көргизбе...
Тергениң-жыйғаның - көргизбе...
"Таң қалып қарасын ел бизге!"
Ҳәр демиң, ийманың - көргизбе...
Кешкениң, билгениң - көргизбе...
Ишкениң-жегениң - көргизбе...
Биз - турист, музей ме жер сизге!?
Бес күниң неге мың көргизбе?
Мүлкиң аз..! Тәғдириң - көргизбе...
Күлки-жас, жәбириң - көргизбе...
Ҳәттеки абырай гөр бизге,
Қулпы тас, қәбириң - көргизбе...
Бир басың таза мың көргизбе...
Бар ма шын садақаң?! Көргизбе...
Нәпсиңди рияға ергизбе!
Болмасын дозағың көргизбе!!!
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 20.I.2024
@Poeziya_Abdirashit
#Тынышсыз_руўх_толғаныслары
Биринши қосық
Ақшам Ай, Жулдызға исенип келдим,
Умыттыралмады қараңғылықты.
Түнекте тынымсыз руўхыма ердим,
Умтылысы кеўлим ярым жарытты.
Гә жүрдим, жуўырдым, жете алмадым,
Адымым азайды... қәлеў сөнежақ
Қайсы тәғдир ҳәмри, қайсы таңлаўым,
Сәрсан руўхым қайсы жолдан жүрежақ?!
Жолдас излесе тек шайтан жолықты,
(Өз өзине шағым ислемес ол да!)
Азғырды, мәнзили мәкәнсыз шықты
Ҳәммеси өзгерди. Өзгерди жол да!
Аңлаў, аңламаслық арасатында
Үмиттен жүз бурған исеним сөнди.
Шексиз шегарада руўхым тутқында
Ерксиз... еркинликке ақыйры көнди.
Еркинлик - еркимниң шекленген жери
Гөззал Жумамуратова
Январь, 2024
@sheksizlikler
@QRJAS_DORETIWSHILER
Qutlıqlaw✨
Búgin dostımız, jas shayır Ábdirashit Smaylovdıń tuwılǵan kúni. Ómir hám dóretiwshilik jolında tabıslar tilep qalamız.
Sheksiz húrmet hám eń jaqsı tilekler menen:
Jas dóretiwshiler jámááti
Журналист Айжамал Жолдасбаева қайтыс болды
Журналист, Бюджеттен тыс пенсия қорының баспасөз хаткери сыпатында жумыс алып барған Айжамал Жолдасбаева 27 жасында қайтыс болды.
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң жәмәәти журналис А.Жолдасбаеваның шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/kk/178020.html
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Бірдеңе жазшы маған
Сенсіздікке қалайша сабыр қыламын?
Ауырды жаным, Аруым ауыр құладым.
Сағым бұлағым қайдасың табылшы маған,
Табылшы маған, табылшы сағындым жаным.
***
Қалің қалай жауап жазшы Аппағым?
Сағындырды суреттерің хаттарың.
Мен өзіңсің - құбыласыз тақуамын,
Мен өзіңсіз - тақтан тайған патшамын.
Үнсіздіктен керегі жоқ басқа әннің,
Сенсіздіктен бар бақыттан бос қалдым.
Мен өзіңсіз - ақ қары жоқ асқармын,
Мен өзіңсіз - ай күні жоқ аспанмын.
Сезім жайлы, өзің жайлы өлеңім,
Өлеңімде өртенеді көне мұң.
Мен өзіңсіз - жансыз жүрген денемін,
Мен өзіңсіз - құмда қалған кемемін.
Сағынышпен сырқаттанып жас жаным,
Өзің жайлы жыр жазуды бастадым.
Мен өзіңсіз - әуені жоқ таспамын.
Мен өзіңсіз - мен емеспін басқамын.
Өтіп кетпей мынау бес күн қас қағым,
Аппағым...
Сағындың ба,
Көңіліңді аш жаным?!
Мейрамбек Абдіқалиев
/channel/Meyrambek_poeziya
/channel/QRjas_doretiwshiler
Балалардың бирден-бир газетасы "Жеткиншек"ке жазылыў баҳалары қанша?
Сиз "Жеткиншек"ке жазылдыңыз ба?
@QRJas_doretiwshiler
ӨМИРДЕ...
Автор: Руфат Ещанов
Оқыды: Жансәўле Хамидуллаева
Жасаў – сынаў ушын берилген майдан.
Тәғдир – сен билмеген ең үлкен жумбақ.
Арзыў – суў ишкениң бир тынық сайдан,
Әрман – ҳәрекетсиз, иләжсиз турмақ!
Өкиниш – жоғалтқанда қәдирин билгениң,
Сағыныш – гүз күнинде үзилген жапырақ.
Бахыт – билмегениң, сезбей жүргениң,
Үмит – тамырыңа көмилген топырақ.
Сүйиў – бул иләҳий, теңсиз бир саўға,
Күтиў – сағатлардың тоқтаған ўақты.
Исеним – жетелеўши ең бийик таўға,
Ийман – оның менен жолларың жақты.
Айралық – шеңгелзарда киргени тикен,
Қәте – өширилмес сөзи қәлемниң.
Өмир – мийман болып бир келиў екен,
Өлим – өзгертилмес заңы әлемниң!
Руфат Ещанов
@sahrayi_shayir
Жаңа толқын, жаңа әдебият: Ағза болың👇
@QRJas_doretiwshiler
💐Қутлықлаў!
Бүгин Жас дөретиўши шайыр Бекбергенниң дүнья есигин ашқан күни.
Биз Бекберген Әдилбаевты туўылған күни менен қутлықлай отырып, оған беккем денсаўлық, өмир ҳәм дөретиўшилик жолында тасқын табыс тилеймиз.
Шексиз ҳүрмет пенен
Жас дөретиўшилер жәмәәти
Күлгишиңе ашықпан
Гүз де жақын. Салқын, айлы ақшамда,
Ҳәр күн келип әйнегиңди қақсам да,
Көзлериңе мың тигилип бақсам да,
Саған ғана асығаман, асықсам,
Сулыў сениң күлгишиңе ашықпан!
Сен күлгенде дүнья кетер доланып,
Көзге қайғы көринбейди оранып,
Уллы Ҳақтан висалыңды соранып,
Жүрекгинем сен тәрепке асыққан,
Жүзиңдеги күлгишиңе ашықпан!
Ерниңниң артына жасырнып гәўҳар,
Бас ийер гәўҳарын көргенде бәҳәр,
Аяғың астына қурып Тажы-мәҳәл,
Гезлескенде сер саламан қашықтан,
Мыйық тартқан күлгишиңе ашықпан!
Қос өрилген шашларыңа шубалып,
Барғанда жаныңа ақыл тубалып,
Мен қалмайын сүўретиңе жубанып,
Шын сеўгимди аңла жаным қосықтан,
Қосық ҳаққы күлгишиңе ашықпан!
@QRJas_doretiwshiler
#поэзия
Мениңше
Журтлар:
"Қудай қәлесе" деп тост айтып атыр.
Зияраттан руўхы бос қайтып атыр.
"Жаслықта жүрип қал, ойна-күл, иш, шек",
Дегенди жасы үлкен жасқа айтып атыр.
Журтлар:
Ҳақыңды жеп, наныңды алып атыр,
Үниң шықса жаныңды алып атыр.
Таза гүна бар ма адам қылмаған?!
Өз перзентин шығынды қылып атыр.
Журтлар:
Имамды "Шала" дер, "Дана" демейди.
Ийманды, Қудайды пана демейди.
Жаманлықлар сондай өркенлеп кеткен,
Өсек, өтирикти... гүнә демейди.
Журтлар:
Көрип, билип зулымды жай ғана тур.
Аржағынан төгилер қуйған ақыл.
Әй, мениңше, ислеўге талап таппай,
Ийти ғайзап таяғын шайтан отыр..!
Исмайылов Абдирашит
Жазылған сәне: 26.I.2024
@Poeziya_Abdirashit
#поэзия
Үндемей турмашы
"Қандай қандайсаң?!?!" - деп қараламайын,
Дара болсаң мен де дара болайын.
Сен жараңды көрсет, емлей алмасам,
Мен де сол жеримди жара қылайын..,
Үндемей турмашы.!!
Жылатса да я мейли күлдирсе де,
Бүлгин салып бул күнди бүлдирсе де,
Айтшы маған ишиңде сақлап қалмай,
Мейли мени сөзлериң өлтирсе де..,
Үндемей турмашы.!!
Қәлесең қанымды шарап етип иш,
Не қылсаң да қыл турмашы тек тыныш!
Дәртлериң көзиңнен жас болып емес,
Тилиңнен сөз болып шықсын өтиниш!
Үндемей турмашы.!!
Тириликте питпейди қайғы-уўайым.
Күндизиңе-түниңе яр болайын!
Дәрт жүгиңди баспүкил алалмасам,
Ҳеш болмаса ярымын арқалайын!
Үндемей турмашы.!!
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 26.I.2024
@Poeziya_Abdirashit
Сен сездің бе?
Өткен күннің өлеңмен ашып кетсем бір сырын:
Сезімімнің қаңтардағы жарып шыққан бүршігін,
Жүрегімнің сағынып қатты соққан дүрсілін.
Жұрттар - жер сілкінді деп жүр...
Білмедім, қайдан қонды мынау көңіл күй маған,
Дәптерімді жоғалтқандай жыр мен өлең жинаған.
Сәттерімді сені аңсап Алматыға сыймаған.
Жұрттар - жер сілкінді деп жүр...
Тұман - тұман ойларыма бойлай алмай күн батты,
Талай түнгі сағынышым тағдырға мұң тыңдатты.
Сенсіздікке шыдамай толқып кеткен бір сәтті,
Жұрттар - жер сілкінді деп жүр...
Өткен күннің өлеңмен ашып кетсем бір сырын:
Сезімімнің қаңтардағы жарып шыққан бүршігін,
Жүрегімнің сағынып қатты соққан дүрсілін.
Жұрттар - жер сілкінді деп жүр...
Сен сездің бе?
Мейрамбек Абдіқалиев
23.01.2024 Алматы
@Meyrambek_poeziya
,,Шаўдырбай-аў, достым, Шаўдырбай,
Өмир ышқы бизди жандырғай,
Бизлер – уллы жаратыўшымыз,
Жүрегимиз бәрҳә саў турғай.
Автор: М. Төлек. 28. VIII. 1966-ж
Нөкис, полиграфкомбинат"
Төлепберген Мәтмуратовтың "Жақсылық сарайы" (1986) китабы, Шаўдырбай Сейитов жазған алғы сөзинен. @shawdirbay_seyitov
Көпшилик биле бермесе керек,
Шаўдырбай Сейитов (1937–1996) Төлепберген Мәтмуратов пенен (1939–1984) жақыннан сырлас жоралар, әдебият майданында бирге қәлем тербеткен зәңгилес шайырлар болған. Усы мақсет пенен сиз, әдебиятқа, поэзияға қызығыўшы ҳүрметли оқырманларды жаңадан ашылған
@Tolepbergen_Matmuratov каналына мирәт етип қаламан. Ағза болып, каналды бақлап барыў бийпул.
Каналлар: 👇👇👇👇👇
@SHawdirbay_Seyitov
@Tolepbergen_Matmuratov
💐Қутлықлаў!
Бүгин достымыз, Жас дөретиўши шайыр Жумамуратова Гөззалдың дүнья есигин ашқан күни.
Биз Гөззал Жумамуратованы туўылған күни менен қутлықлай отырып, оған беккем денсаўлық, өмир ҳәм дөретиўшилик жолында тасқын табыс тилеймиз.
Шексиз ҳүрмет пенен
Жас дөретиўшилер жәмәәти.
@QRjas_doretiwshiler
Jaqsılıq izle...
Tuwrılıq izle...
Gózzallıq izle...
Biraq, ayıp izleme!
JaslarTV telekanalında Móldir tamshılar rubrikası
Baslawshı: Minara Qalbaeva
@Moldir_tamshilar
@QRJAS_DORETIWSHILER
#поэзия
Жалаңаш ҳақыйқат
Дүнья тарлық қылып тарға, кеңге де,
Әдалатты сатып атыр теңгеге.
Жеке меншик ҳәр кимниң өз шынлығы,
Бийшара ҳақыйқат - арзан деңгене..!
Кеўил, әлем - қуптан! Күн батып кеткен..,
Ким өз достын сатып, ким атып кеткен..,
Пүтин ҳақыйқатты аңсап шөллеме,
Ярым ҳақыйқатлар қымбатып кеткен.
Батырлар саймансыз, көликсиз қалған,
Алым зиясыз, ел биликсиз қалған..,
Бар кийимин жалған урлап кеткели,
Жалаңаш ҳақыйқат көриксиз қалған.
Гердейип гил пәслерди жыйып алып,
Сасық басын пасыққа ийип алып,
Саўлат төгип жалған жүр журтты алдап,
Ҳақыйқаттың кийимин кийип алып..!
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 15.I.2024
@Poeziya_Abdirashit
#поэзия
Билип қой
Жолың не..?, Тилиң не!?
Гүлиң не..?, Күлиң не!?
Жүзиң не..?, Сезим не!?
Сөзиң не..?, Өзиң не!?
Гәпиң не..?, Мәпиң не!?
Атың не..?, Затың не!?
Көгиң не..?, Түбиң не!?
Кешең не..?, Бүгин не!?
Ишиң не..?, Тысың не!?
Асың не..?, Тасың не!?
Тириң не..?, Өлиң не!?
Басың не..?, Лашың не!?
Оңың не..?, Түсиң не!?
Жалған не..?, Расың не!?
Жоғың не..?, Барың не!?
Тоғың не..?, Ашың не!?
Дүньяға бир тийин,
Түсин я түсинбе..!!!
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 7.I.2024
@Poeziya_Abdirashit
Есте сақта ең соңғы қатарды*
Кейде тарылып кетеді тынысым,
Құл болам өлеңсіз күн үшін.
(Бірақ ол жұмысым)
Кейде жап - жалғыз аралап түн ішін,
Жыр жазам...
Кім үшін?!
Кейде жол алғым келеді ОЛ жаққа,
Қайтемін сағынтса, аңсатса?
Таба алғым келеді амалын,
Жоғалғым келеді бір жаққа...
Кейде хат жазғым келеді жарылып,
Күманнан, күнадан арылып.
Кейде өлердей боламын сағынып,
Кетердей боламын жарылып...
Кейде жүремін жындыдай ой алаң,
Кейде сәт күтем тағдырдан аяған.
Түнде кешігіп ұйықтаймын себепсіз...
Және тым ерте оянам.
Кейде бір күйік кернейді денемді,
(Өзімнің құпиям ол енді...)
Кейде айтқым да келеді айқайлап,
"Сен маған керексің!" - дегенді.*
Сол сөзбен тоқтаттым өлеңді...
Мейрамбек Абдіқалиев
/channel/Meyrambek_poeziya
#Online_ushırasıw
✅Respublikalıq Balalar kitapxanası tárepinen Mektep oqıwshılarınıń qısqı dem alıs kúnlerin mazmunlı hám qızıqlı ótkeriw maqsetinde jazıwshı-shayırlar menen online ushırasıwlar shólkemlestirilmekte.
✅ Búgingi online ushırasıwımızda Berdaq atındaǵı Qaraqalpaq mámleketlik universiteti, Jurnalistika tálim baǵdarınıń, sırtqı bólim 5-kurs studenti . "Ózbekstan Jazıwshılar Awqamı" aǵzası Qazaqstan Respublikası "Dúnya talantlılar awqamı" nıń aǵzası. Qalbaeva Minara miyman boladı.
✅Online ushırasıw 2024-jıl 6-yanvar saat 11:30 da baslanadı.
✅Online ushırasıw Respublikalıq balalar kitapxanasınıń/channel/balalar_kitapxanasi rasmiy kanalında bolıp ótedi. Qatnasıw ushın silteme ústine basıń.
✅Online ushırasıwǵa bársheńizdi belsene qatnasıwǵa shaqırıp qalamız.
📶Respublikalıq balalar kitapxanası málimleme xızmeti
Telegram|Facebook|Instagram I You tube
#Anons
Nókis fm radiosında "Aqsham balladası" esittiriwi.
Hár háptenıń piyshembi kúnleri saat 20:00 den 22:00 ge deyin.
Túngi sezimlerińiz párwaz etken mánzil.
Baslawshı Minara Qalbaeva menen...
Esittiriwimizdiń birinshi bólimi jas dóretiwshi Gózzal Jumamuratova dóretiwshiligine arnaladı.
Doslaar 91 391 10 04 nomerine óz elektron xatlarıńızdı 21:00 den baslap telegramm mánzillerimizge jollasańız boladı.
Siz bizdi dúnyanıń qálegen ornınan internet sociallıq tarmaǵında Nukus.fm.uz saytı arqalı onlayn tıńlaw múmkinshiligine iyesiz.
@Moldir_tamshilar
"RADIO TÁNEPIS
Ózińiz haqqında ertek esittińiz be?
Onda aytıp bereyin...
Nókis-fm radiosında "Móldir tamshılar" rubrikası
Baslawshı: Minara Qalbaeva
Kanalǵa aǵza bolıw:👇
t.me/Moldir_tamshilar