Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ
Шайыр, Өзбекистан Республикасына
хызмет көрсеткен мәденият хызметкери
ҚАР БАБАҒА ӨТИНИШ
Ҳәр Жаңа жыл мениң ушын сыр еди.
Қар Баба сен – илҳамшым ҳәм пир едиң.
Мен бахытлы болғайман, деп Тәңримнен
Ҳәм жыллардан тилек тилеп жүр едим...
Ҳәр Жаңа жыл Қар Баба Қар Қыз бенен ,
Аяз бенен, қарлар менен, муз бенен,
Жүрегиме Қыс, Бәҳәр, Жаз, Гүз бенен
Даўыллатып, жаўынлатып кирер едиң.
Жаслығымда қәлбим – Бәҳәр, гүл еди,
Жаз паслымда түсинигим түледи,
Айт, Қар Баба, Гүз қапымды қағып тур,
Меннен оған нелер еди кереги?...
Сен сақыйсаң, меҳрибансаң… Билемен,
Аямайсаң, орынлайсаң тилегин.
Бул дүньяда ким ол? Жақсы, жаман ба?...
Сорағаннан аямайсаң керегин.
Мың шүкир, Тәңримниң бергенлерине,
Ул-қыз, ақлық-шаўлық ергенлерине,
Несийбесин шөпшеп жүргенлерине,
Нурларға бөленер ғәрип жүрегим…
Саған жазылмаған хатлар қалмады,
Сеннен соралмаған затлар болмады.
Бирақ…, саған аз-кем кеўлим толмай тур,
Билесең бе, менлик тилек не еди?
Сеннен сорамайман машын, сарайды,
Сеннен сорамайман қуяшты, айды.
Бирақ, кешир, еки нәрсе сорайман,
Тилемейин десем, болмай тур енди…
Еки мың жыл өтти – дәўлет басыңда,
Гөззаллар гөззалы Қар Қызың қасыңда,
Мен бир қарақалпақ айтсам расымды:
Қар Қызды Қар Жигит – ерге бер енди…
Қар Қыз өз-өзинен болмаған шығар,
Жигитлик дәўран сеннен қалмаған шығар…
Қар Қызды басқа Ана туўмаған шығар?...
Қар Маманы елге алып кел енди!...
2023-жыл 31-декабрь
“Биринчи китобим” лойиҳаси доирасида чоп этилган 25 нафар ёш ижодкорларнинг 25 номдаги китоблари тантанали тақдимот маросимидан фотолар.
Муаллиф – Аҳмад Тўр
МОЙЫНЛАЎ
Өтмишти үйрениў Тарыйхтың иси,
Енди ол илимге араласпайман(!).
Ҳақыйқат излеген археологқа
Еликлеп, ҳақты қазбаламайман...
Өткенниң шынлығын өширип кеткен,
Жыллар самалына артады мийрим.
Қумдағы жазыўдай, суў жуўып кеткен,
Теңиз қырларында жатсын, өтмишим!
Бәрше яднамалар өртенсин, мейли,
Бәрше жылнамалар жыртылып кетсин!
Мың-мың жыллап жатқан еҳрамлар сырын
Иерогрифлер мейли мәңгиге жутсын…)
Умытылсын - Герадотлар барлығы,
Титаникте шөксин шынлық сандығы,
Кетсин Ганга дәрья астында ағып
Кимге керек өткен сөздиң ҳақлығы?!
...Ўақыт шеше бермес бәрҳа лайықты,
Жеңимпаз қылышы жазар тарийхты.
Тириликте қунын, қәдрин билмеген
Өлгеннен соң дәстан болған тәрийпи.
Шынлық емес шийша толған Шылпықтан*
Қай әўладың қәўип нәпесин уққан.
Бүгин жасамаған - ертең өлмейди
Бул дәрья бәрҳама бир жолдан аққан.
Сөз билген Гомердиң көзи көрмейди,
Ал адам өм(и)ринше шынлық излейди...
Қасарысқан бунда дүньяның кеми,
Тарыйхшы өледи, Тарийх өлмейди.
Гөззал Жумамуратова
Mart-dekabr, 2023
@QRJAS_DORETIWSHILER
Ассалаўма әлейкум, әдебиятсүйер қәўим!
Мине 2023-жыл жуўмақланыўына да санаўлы күнлер қалды. Усы мүнәсибет пенен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Университет пидайысы»н анықлаў бойынша таңлаў өткерилмекте. Усы таңлаўда Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси, жас шайыр, достымыз Гөззал Жумамуратова «Медиа ҳәм журналистика тараўындағы жылдың ең белсенди студенти» номинациясына талабан сыпатында киргизилген.
😊 Биз сизден Гөззал Жумамуратоваға даўыс бериўиңизди соранамыз!
Даўыс бериў шәртлери оғада әпиўайы:
1) @universitet_pidayisi_bot мәнзилине кирип СТАРТ түймесин басасыз;
2) Көрсетилген үш каналға ағза болып, ТЕКСЕРИЎ түймесин басасыз;
3) «Медиа ҳәм журналистика тараўындағы жылдың ең белсенди студенти» бөлимине (изден баслап санағанда екинши) киресиз;
4) ҳәм Жумамуратова Гөззал Калмурат қызы түймесин басасыз.
Постымызды итибарсыз қалдырмайсыз деген үлкен үмит пенен «Жас дөретиўшилер»!
Алдын ала РАХМЕТ!
🌊
Алдар екен ол негиз,
Дәрья қылып дәмеңди,
Өмир екен бул - теңиз,
Шайқай берер кемеңди.
Ҳәтте самал болысып,
Топылады толқынлар,
Мейли, күшке толысып,
Аяўсыз-ақ жулқыңлар!
Еҳ, аяўсыз толқынлар...
Күлсе қуяш таң ерте,
Басар бултлар кешқурын,
Минезиң де дым ерке,
Көрмегенмен ҳеш бурын.
Жулқый берер ҳәр тәреп,
Қулатсам,- дер даўыллар,
Турған екен не қәлеп,
Жаўа берер жаўынлар,
Жуўа берер жаўынлар...
Қырсық, қайтпас болсаң да,
Бағынасаң ағысқа,
Сәл абайсыз қалсаң да,
Атып урар жағысқа.
Кемелер бар ҳеш теңсиз,
Не толқында ықпаған,
Я болмаса оларды-
Асаў толқын бул теңиз-
Сынамаған, жықпаған,
Жықсадағы ықпаған!...
Ашық айдын сынайды,
Бәлким, теңиз "Мәрт теңиз",
Кеме суўда жылайды,
Теңиз бәлким "Дәрт теңиз"!
Ығызады қай таман,
Сонда сапар шегемиз,
Мәнзил өзи қай-қайман?!
Әлбет, бир күн шөгемиз,
Узақ сапар шегемиз...
Перийзат Имаматдинова
Канал 👉 @Pikonay_05
Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉@QRJas_doretiwshiler
Архив######
Шыңғыз Айтматовтың тууылған күни
Түркий улды мəңгүрликтен оятып,
Сап ышқының булақларын қайнатып,
Өз хүжданын "жан ағаш"ға байлатып,
Тауларды қулатып кеткен Айтматов!
Бийсенбаев Қуандық
Болар
Ҳәрқашан өзге өзиңнен басқалар.
Исенгенлериң көзиңди жас қылар.
Ўақты жетип шешилгенде маскалар,
Танығаның қасқыр деп түлки болар.
Көрсеткиси келер ким тыртықларын!?
Тасалайды ҳәр бенде сыр тутқанын.
Сен алдынғы арбам деп пир тутқаның,
Қарасаң серлеп терис үлги болар.
Дүнья сур, аладан қуралған қурақ.
Қамасар көзлериң бир қара, бир ақ.
Жутып үлгергениң сеники, бирақ,
Шайнағаның өзгениң мүлки болар.
Гүбирлейсең: "Өмир, мени көндирдиң,
Ызғар отындай дыбыссыз сындырдың..!"
Ең соңында жетип келген бәндиргиң,
Күлки болар, шырағым, күлки болар...
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 12.XII.2023
Сүўретте шептен оңға Оразбай Әбдирахманов, Базарбай Жолдасбаев ҳәм мен.
@Poeziya_Abdirashit
Қар. Көп үмит байлама оған,
Ол тәбият ушын арналған.
Өзиңе Сейсмограф таўып ал,
Ишиңде уйтқысын қар боран.
* * *
Қар. Алып келе алмайды барлық нәрсени,
Бирақ, алып кетеди, жуўады, тазалайды.
Жерди пәклеў ушын келгендей,
Есик алдында куйеў бала турады.
Қандай уйқаслық бар, Жаным Сәрбиназ.
Гирбиңди жуўыўға келгендей бул Қар.
Аппақ Қар астында ақ көйлек пенен,
Жаңа өмир, тиришилик басланар.
Айгүл Қосымбетова
11.12.2023 (9:34)
@sheginisten
Сенің аппақ көңіліңдей аппақ қар
Ынтық етіп сен кездесер ертеңім,
Іздеп келем сағыныштың өлшемін.
Пәктік сыйлап жауып жатыр аппақ қар.
Жүрегіңдей ол сенің.
Сағындырған жан секілді талайғы,
Жапалақ қар жағама кеп құлайды.
Сенің аппақ сезіміңдей бұл ақ қар,
Маған қатты ұнайды.
Иә жаным қатты ынтықпын сағынам.
Сағынғанда жалғыз ғана бағым ән.
Баспаңдаршы, баспаңдаршы адамдар,
Аппақ қарды жалынам.
Дәл осындай шырылдатар шекемді ой,
Түсінемін, мынау сөзім бекер ғой.
Әйтпесе өзім неге басам ақ қарды?
Кешіңдерші,
Қанатым жоқ екенғой...
Қанатым жоқ екенғой.
Мейрамбек Абдіқалиев
@Meyrambek_poeziya
Қәлбиңе қадалған қайғы-муң,
Гүң болған-сарғайған сөзлериң,
Уўызыңда сақланар Ғазебиң...
Толды ма?
Қайтарың ...
ҳәм қусың!
Қуссс...
Қалмасын ишиңде жаманлық-
Қорлық-Ызалық-Наданлық,
Жутпа! Шығар, ол - тасланды...
Толды ма??
Қайтарың...
ҳәм қусың!
Көзиңнен ақпасын "жас"лары,
Шашыңа енбесин "ақ"лары,
Жүзиңе боялмай "дақ"лары,
Қус... Қус запыранды-
За-пы-ран-ды ол- Тасланды!
Тез ылақтыр геўдеңнен
Төк бәрин.
Жеңиллет денеңди-Дүньяңды!
Дүньяға денең де асыранды...
"Бес күнлик" асыранды-
"Әсир" Аңлы!
Асыранды...
("Әсир" - қул мәнисинде)
А.Қосымбетова
@sheginisten
Жалғызлық пенен жалғыз
отырсақ бийғам
келер жанымызға
жолсыз
Үшинши адам.
Сәўбет қызыйды және.
Жалғызлық-
шадықоррам.
Шығарылған шетирекке...
Мен–
Үшинши адам...
Инсан инсанға умтылар
Меҳир-
бир тутам.
Жалғызлық жалғыз қалар.
Емес ол –
(Үшинши)
адам...
Атағулла Сатбаев
@atagulla_satbaev
Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉@QRJas_doretiwshiler
Умытылған ,,альбомнан"
Анаң маған күйик ушын доландырып өсирген,
Жармыс жақтан сенсиз жалғыз қайтқаным қашшан,
Айтпады ма ашнаң?!
Узақ түнлер уйқы көрмей, талай-талай көширген
Ышқы тола хатларымды жаққаның қашша–ан,
О, әзийз патшам!!
Исенемен ‒
Ҳәр қосығым шыққан сайын баспадан,
«Мен ҳаққында жазып па?!» деп көз нурың жүзер,
Қатар тинтинер!...
Қыз күниңди еслете алсам ‒
Қостарың-ҳәм басқадай,
Сыртың оған күлип, кеўилиң
Ядыңдағы маған елжирер,
Елесиме көзиң телмирер!...
Исенемен, еслейсең сен,
Исенемен, сүйиклим,
Исенимиме исенбеўге кеўлим бармайды.
Исенимим-ҳәм алдап кетсе ‒
Өтер едим күйикли!
Исенимим «еслейди» деп, мени арбайды,
Билсең жағдайды!...
Өтип кетти-аў сел суўындай лепирмели жылларым, ‒
Мийзандағы өли суўдай баяў ағарман!...
Жыллар ‒ шабарман!...
Көзгенеңниң шоҳлалығы қайда кетти,
Дилбарым! ‒
Қыз күндеги қылығыңды қайдан табарман?!
Кеўилиң қабарған!...
Бир күлип бер,
Бир күлип бер күлсеңдағы жортаға,
Еслейин сен баласынған он бес жасымды!! ‒
Жасыл пасылымды!..
…Бул дүньяда еле сени муңайтыўдан
Қорқама-ан!..
Аҳҳ, қәйтейин! ‒
Ығбалыңа қатал шықты-аў жасы уллың!
Ўах-ўах, ҳасылым!..
1971-жыл, Нөкис.
Шаўдырбай Сейитов
Канал: 👉 @shawdirbay_seyitov
https://kknews.uz/kk/174205.html
Дөретиўшилер “Бәйги”де беллести
👉Агентликтиң телеграм каналына ағза болың - /channel/kknews_uz
Жүрегим ♥️
Ең дәслеп дөретиўшиликти усы қосық пенен баслағанман. Ақ қағазға сырласып, ең биринши жазған қосығым.
✍ Сөзи: Муҳаммеддин Айтжанов
🎼 Намасы: Райс Бегжанов
🎤 Атқарыўшы: Парахат Жолдасбаев
Мухаммеддин АЙТЖАНОВ
Қара сөз пири
@Muhammeddin_Aytjanov
ҚУТЛЫҚЛАЙМЫЗ👏👏👏
ДӨРЕТИЎШИЛИК ТАБЫС ТИЛЕЙМИЗ!!!
Шексиз ҳүрмет пенен
Жас дөретиўшилер жәмәәти.
@QRjas_doretiwshiler
#Нөкісқаласының90жылдығына
Нөкісім жас қаласың, тас қаласың.
Бүгінің мен өткенің басқаға сын.
Бесқалаға бұйырған кенже бала,
Кенже бала болғансоң - астанасың.
Астана боп бір елді басқарыпсың,
Ендеше қадіріңді жастар ұқсын.
Сен үшін еңбек етіп өткендерді,
Соршаға жинап алып жастаныпсың.
Шырайы сен болсаңда шығарманың,
Шындығыңның шыңына шыға алмадым.
Алайда өлеңіммен өрнектелген,
Тоқсаныңа торқалы тон арнадым.
Кешірегөр...
Басқа сый таба алмадым.
Мейрамбек Абдіқалиев
23.12.2022
Канал сілтемесі:👇👇👇👇
/channel/Meyrambek_poeziya
/channel/QRjas_doretiwshiler
Jas alım hám dóretiwshi Samarqandda ilimiy saparda
Samarqand qalasında 2023-jıl 18-dekabr kúni Xalıqaralıq ilimiy konferenciya bolıp ótti. Samarqand ekonomika hám servis institutı “Ózbek tili hám ádebiyati” kafedrası tárepinen “Til oqıtıw máseleleri hám olardıń innovaciyalıq sheshimleri” temasında ótkerilgen xalıq aralıq ilimiy-ámeliy konferenciyasına professor -oqıtıwshılar, tayanısh doktorantlar, erkin izleniwshiler, izertlewshiler, magistrantlar, studentler hám tarawdıń qánigeleri qatnasdı. Sol qatarda Berdaq atındaǵı Qaraqalpaq mámleketlik universitetiniń Qaraqalpaq til bilimi kafedrasınıń tayanısh doktorantı, jas shayır Qosımbetova Aygúl Esbosinovna da "SAǴÍNBAY IBRAGIMOV ShÍǴARMALARÍNDA KONSONANTLÍQ PARONIMIYA QUBÍLÍSÍ" temasında bayanatı menen qatnastı.
Óz gezeginde Aygúl Qosımbetovaģa ilimiy-dóretiwshilik jumıslarında tabıslar hám bálent párwazlar tileymiz!
@QRjas_doretiwshiler
JAZÍLÍW — 2024
«JETKINSHEK» SIZLER USHÍN!
Ádiwli balalar, gazetamızdıń janashır, talapshań ıqlasbentleri! Gazeta sizlerge ruwxıy azıq alıwıńızǵa, bilimińizdi, talantıńızdı jetilistiriwińizge járdem etedi. Sizlerge eń jaqın sırlas dos bolıp, kámillikke jeteleydi. Gazeta menen birge bolsańız, heshqashan utılmaysız.
Gazetaǵa 2024-jıl ushın jazılıw dawam etip atır. Jazılıwǵa asıǵıń, jas doslar! «Jetkinshek» sizler ushın!
Жасадық мәсликте, пәсликте төмен!
Көзлер көр, қулақлар болып-ақ герең!!!
Мухаммеддин АЙТЖАНОВ
Қара сөз пири
@Muhammeddin_Aytjanov
Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉@QRJas_doretiwshiler
Ақ кеме
Ақ кемежан, ақ кеме,
Әкемди мениң тап қәне!
Таза папка әперсин,
Меники мине гөп-гөне.
Ақ кемежан, ақ кеме,
Атамды мениң тап қәне!
Шала қалған ертегин,
Өзиң маған айт кәне!
Ақ кемежан, ақ кеме,
Кийиклерди тап кәне!
Устиңе минип алайын,
Кийик болып шап қәне.
Ақ кемежан, ақ кеме,
Жаксылықты тап кеме.
Жаманларға өкпелеп,
Жақсы адам жоқ деме!
Жаксылықты таппасаң,
Мингизип мени
Ық кеме!
Бийсенбаев Қуандық
12/12/2023.
(Сүурет Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, художник Барлықбай Айтмуратовқа тийисли.)
❄️ Ilhamlı qar! ❄️❄️❄️
Tań attı.Biz kútken appaq qar menen,
Bir káramat jımıńladı ilham-yosh degen.
Qádemler taslayman, qıyalımday keń,
Shúkirler bolsın...!
Qansha kúttim seni, ıntıǵıp kúttim,
Saǵınısh jalının qupıya tuttım.
Sıyqırlı dúnyanıń sırlı baǵların,
Qálbimde sezinip, gúzetiw ushın,
Kózimdi jumdım...
Kózimdi jumdım, kewlimdi qaldırǵanlarǵa,
Isenim aynasın sındırǵanlarǵa,
Yoshqın tolqınımdı tındırǵanlarǵa,
Kózimdi jumdım....
Minnetdar boldım!
Ázzi kewilimdi eń kúshli qılıp,
Jıǵılǵan ornımnan turdırǵanlarǵa
Abaylap qádemimdi basıwım ushın,
Tórt tárep qorǵanın qurdırǵanlarǵa,
Alǵıslar ayttım!
Qullası...
Appaq qar sıylaǵan niyetler menen,
Dúnya táshwishinen bir máwrit keship,
Girbińsiz dúnyada sayaxat ettim...
Shúkirlik ettim!!!
Minara Qalbaeva ✍
👉 @Moldir_tamshilar
#поэзия
Автопортрет
Мениң кеўлим кәрўан сарай,
Келеди.., кетеди.., дос-душпан...
... көл, шөл, аспан, бағ, айдала..,
Балықлар жүзген, қус ушқан..!
Мениң көзим ғарры шынар,
Турып базар.., мазар көрген.
Оларды бир қудай жумар,
Ҳәм барлығы тозар бирден.
Жүрегим бир терең дәрья,
Ағар тыныш үни жоқтай,
(Күлкиден қурылған сыр уя),
Сүңгимесең муңы жоқтай.
Қосықларым - әшкара сыр.
Руўхым, санам.., басқа әсир..!
Жерге қарап ойлансам да,
Әбди-Рашид аспанға қул!!!
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 10.XII.2023
@Poeziya_Abdirashit
"Шыда, шыда, шыдай түс шыда тағы"
Қалағанда бара алмаймын жаныңа,
Қалағанда жаза алмаймын тағыда.
Қаламаған батып жүр ау көп істер,
Қараланған, жараланған жаныма.
Көше кезіп жүре алмаймыз неге біз,
Жүреріміз бөлек жол мен бөлек із.
Ғашықтарды күтед деуші ед ұлы сын,
Бұл сын шығар, не де болса көнеміз.
Көнеміз біз қиын қыстау кезеңге,
Кіналайды екеумізді ез өңге.
Төзбегенде не істейміз жарығым,
Өрт қойғанмен пайда бар ма өзенге?!
Сабыр жаным, шыдайықшы тағы аздап,
Бізге қазір өлең емші қағаз бақ.
Шын сүйген соң бірімізді біріміз,
Не етпекпіз санамыздан саяздап.
Тәпішкесін теріс киген тентектей,
Тәлпіштенген тағдырға бос араздап?!
Мейрамбек Абдіқалиев
/channel/Meyrambek_poeziya
Қорқамын
Менің, шыны сынды жүрегім бар,
Құлатып алудан қорқамын.
Тағы, тағы пәк сүйгенім бар,
Жылатып алудан қорқамын.
Балаша ақ көңілім бар,
Кірлетіп алудан қорқамын.
Жанған шам секілді үмітім бар.
Үрлетіп алудан қорқамын.
Сыртым сау, ерек күлкім бар,
Ішімдегіден қорқамын.
Шыныдықты шыңғыртып айтсам...
Түсінбеуінен қорқамын.
Сенген адамың сенімді ақтамай,
Кешір деуінен қорқамын.
Аңдамай кейде сүрінгенімді,
Кешірмеуінен қорқамын.
Жүректен шыққан жырымды оқырман,
Ұнатпауынан қорқамын.
Жазғаның үшін жазықсыз болып,
Құр ақталудан қорқамын.
Дегенмен, өмір күрес дейді ме?
Айласыз ба өзі бұ - майдан?
Әлгі айтқанның бәрінен қорқсам...
Не үшін қорқам құдайдан?!
Қайдам...
Мейрамбек Абдіқалиев
@Meyrambek_poeziya
@QRjas_doretiwshiler
#поэзия
Аноним "Батырлар"ға
Ҳәр ким жақсын ақылын өз басына!
Айтсам тийер оқ болып сөз басыңа.
Ел ушын жаннан кешиў аңсат, бирақ,
Ким мәргия анамның көз жасына?
Анам айтар: "Еситсең налам егер,
Тыныш жүрши мен десең, балам, егер!"
Ақыл айтсаң айдаладан сен маған,
Жойтылмаған ешегиң ҳарам өлер!
Сендейлер бир сөз жүгин көрсин тасып,
Қосық пенен журтына қурсын бахыт..!
Ал тап мен-ақ болайын "Халық душпаны"
Сен сүйе бер ўатанды шорпылдатып!
Патриот болыўға дым шебер екенсең!
"Қорқақ" шайырды зор сөгер екенсең!
Егер сыр болмаса аты-жөниңди,
Бир аўыз сорасам не дер екенсең!?!?
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 8.XII.2023
@Poeziya_Abdirashit
#Jańalıq
#Qutlıqlaw
Ádebiyattıń proza baģdarında qálem terbetip atırģan Jas dóretiwshilerdiń biri Nesiybeli Baltaniyazovanı hám
Jas dóretiwshi shayır Gózzal Jumamuratovanı Nawayı atındaģı mámleketlik stependiya tańlawınıń jeńimpazı bolģanı menen qutlıqlaymız.
Ilimiy hám dóretiwshilik jumıslarına tabıslar tileymiz.
Sheksiz húrmet penen
Jas dóretiwshiler jámááti.
@QRjas_doretiwshiler
Столымда қара қәлем, ақ дәптерим.
Шабытым да шаўады ақтам-керим.
Аўырый берер дүрсилдеп мына жерим,
Қалмағаны ушын ўәде-сөзге исеним!
Шықпай атыр аралап излегеним,
Болмай атыр шарасыздан гөзлегеним,
Сол болды ғой күни менен, түни менен,
Излегеним тағы да сөзлегеним.
Ақ қағазды солайынша қаралайын,
Бирақ, кейин оқып көрип қарамайын,
Мейли, сен деп жүректи жаралайын,
Саған сөзди арнап, саралайын.
Бирақ шынлығында кеткениңди тән алайын...
Ўәде...
Ўәде – бул сөз келип қалған тозыў ушын,
Тек қағазға керек деймен жазыў ушын,
Ўәде деген ҳәр қашан да бериледи,
Сүйген жанлар ўәделерин бузыў ушын.
Муҳаббат – сен жүректе есиктейсең.
Бирақ жанған жүректи еситпейсең,
Мынаны мен өзиңе айта алмадым,
Бирақ, басқа тиллерден еситкейсең.
Мухаммеддин АЙТЖАНОВ
Қара сөз пири
@Muhammeddin_Aytjanov
Айтжановтай арқалы, абзал достым — ийинлесимди туўылған күни менен қутлықлайман!
Дөретиўшилигиң берекетли болсын!
Базарбай Жолдасбаев
пурсат
Сөзин жазған: Бахытлы Сарыбаев
Намасын жазған: Рустем Әбдимуратов
Бердах Қалбаев атқарыўында
Қарақалпақша
Сыйланғанда қымбатлы өмир,
Ҳаўазларды еситип түр-түр,
Кимлигимди уғындырып бир,
Жылағанман қарақалпақша!
Жалықпастан әдиўли анам,
Меҳир гүллерин етип инам,
Кеўилинде тасқынлап илҳам,
Ҳәййиў айтқан қарақалпақша!
Тәрийп етип ана Ўатанды,
Қуўандырып қаншама жанды,
Тилге алып дос, туўысқанды,
Сөз сөйледим қарақалпақша!
Ҳәсирет шексе достым егер,
Йош бағышлап, берермен жигер,
Биргеликте тарқатысып шер,
Жубатқанман қарақалпақша!
Зыя үйине қойып қәдем,
Қолларыма алғанда қәлем,
Әзиз устазға жоллап сәлем,
Жаздым дәслеп ҚАРАҚАЛПАҚША!
27-ноябрь, 2019
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
@QRJAS_DORETIWSHILER