ТАҢҒЫ ОЙЛАР
Жерге жақынласты аспанның өзи,
Таўлар ийилиўи мүмкин еле де.
Жамғырлар сел болды, не болыр изи,
Көлге қуйылыўы мүмкин еле де,
Шөллер жуўылыўы мүмкин еле де.
Пәнжеси тиймеген адамийзаттың,
Туўылған жер десе, зер етип саттың.
Сиз ҳәм биз жасаған мына топырақтың,
Аман қалыўы да мүшкил еле де,
Тамам болыўы да мүмкин еле де.
Сәнемлер алдады сазлары менен,
Шәменниң зарлады ғазлары терең.
Тырналар баратыр ўаз-ўазлар гилең,
Қус тилин түсиниў мүмкин еле де,
Қыз тилин аңғарыў мүшкил еле де.
Биз айтқан намалы қосықлар жалған,
Жалған намаларды өзимиз шалған.
Соңында ҳешбири уйқасбай қалған,
Енди үйлесиўи мүмкин еле де,
Елди бийлесиўи мүмкин еле де.
Әй, мениң ең абзал жора-жолдасым,
Шаўып баратырсыз турмыс жорғасын.
Бундайда ким-кимди демеп қолласын,
Алланың қоллаўы мүмкин еле де,
Бендесин қорғаўы мүмкин еле де.
Сәўлеси сөнген соң туўылған айдың,
Қуяш жақтыртады қуўысын жайдың.
Ишин нурландырған кеўил сарайдың.
Сәўлеси сөниўи мүмкин еле де,
Бәлким, сөнбеўи де мүмкин еле де.
Базарбай Жолдасбаев
28-қаўыс
Анажан
Бир қара аспанға, қара, анажан,
Ғазлар ғайры еллерге қайтып баратыр,
Бизге хошаллияр айтып баратыр,
Бир қара аспанға, қара, анажан!
Жылўан жап бойлары, сүйрикли жасқа...
Жаслық бул-ҳәм бәҳар, орны бир басқа.
Бир қара аспанға, бир қара ғазға,
Қыз күниңди еске салар, анажан.
Тулымың қосылып, қасың қыйылып,
Шәңгил созғаныңда суўға ийилип,
Жаўтаплап жасқадан кеткен бир кийик,
Билсең -- қыз күнлериң болар, анажан...
Бәлким көргендурсаң ерке ылағын,
Өзин көрмек жоқдур, суўаттан тағы!..
Тунбаға еңкейсең шашыңның ағы,
Суўға гүмис ирең салар, анажан.
Бой жеткели қанша жаз өтти екен,
Жазды жыйнап нешше ғаз өтти екен!
Ғаздай қатарласып жас өттимекен,
Жүзиң жылдан жылға солар анажан.
Гәҳы бәлент ушып, гәҳы сарқылып,
Бурымыңнан суўырылған тындай тартылып,
Нәўбәҳәрди ертип келген жарқылық,
Қоңыр гүзди-ҳәм ертип барар, анажан.
Ғазлар қайтқан сайын көкке қарайман:
,,Мениң жубанышым -- мениң шарайнам, --
Анамды әкетпең?!." деп ҳәм сорайман,
Кеўилим ғул-ғулаға толар, анажан!..
Бир қара аспанға, қара, анажан,
Ғазлар ғайры еллерге қайтып баратыр,
Айралық қосығын айтып баратыр,
Мейли, хошлассын тек солар, анажан!..
1971-жыл, Нөкис.
Шаўдырбай Сейитов
Канал: 👉 @shawdirbay_seyitov
🧤 #Kegeyli_95_jıl
🧤 #Múbárek_bolsın
#Қәнигелескен_мектеп_басламасы
❤️Сенде, Кегейлиши екенлигиңди билдир!
✍Тарийхый сәнеде биз бенен бирге болың!
@kegeylirkuzofficial
#dıqqat!!!
Assalawma áleykum, joldaslar!
@rmm2023_bot botqa kirip dóretiwshi dostımız, jurnalist Muslima Mambetniyazovaģa dawıs berip, qollap jiberseńiz!
Yamasa 77708 nomerine Kod S08 sms etip jiberseńiz de boladı.
Járdemińizdi ayamaysız degen úmittemiz!
Qollap - quwatlap jıl belsendileri qatarınan orın alıwģa óz úlesimizdi qosayıq.
Aldınan raxmet!
@QRJAS_DORETIWSHILER
Bekbawlieva Rayxan
Ibrayım Yusupov atındaǵı dóretiwshilik mektebiniń 8-klass oqıwshısı
/channel/jetkinshek1932
Заман
Жақының жаўдай болар,
Төбешик таўдай болар,
Бәри де ғаўдай болар,
Бул заман.
Ашшылық көтермейди,
Жалған гәп көтер дейди,
Жуўырсаң жеткермейди,
Бул заман.
Көзиңди қум басады,
Жасаўға тырмасады,
Өмирди жарласады,
Бул заман.
Сиз бизлик жоқ болады,
Тек байлар тоқ болады,
Жаман ис тап болады,
Бул заман.
Жумыслы ай болады,
Баласы тай болады,
Ал, халық қой болады,
Ай заман.
Кимиси боян терип,
Кимиси жүрер желип,
Түбинде бәри өлип,
Сол заман.
Дәртиңди тыңламайды,
Жаман деп қаралайды,
Ойласып сорамайды,
Яр заман.
Ақмақсаң билгенлерге,
Тентексең күлгенлерге,
Жамансаң көнгенлерге,
Ҳәр заман.
Жақтыны түн көресең,
Сақаўсаң, ал билесең,
Күнликте күн көресең,
Бир заман.
Ешегиң шошқа болар,
Кепегиң ашқа болар,
Не келсе басқа болар,
Аҳ, заман.
Дәрьяң да қурый берер,
Жаман ийт улый берер,
Кемең де ширий берер,
Не заман.
Мақтасаң сөзиң тынық,
Сын айтсаң үзик-жулық.
Байлайсаң көзди жумып,
Көп заман.
Ал, сонда көгересең,
Көз ашсаң, не көресең?
Бәрибир, ал, өлесең,
Қай заман?
25. 11. 2023
Мухаммеддин АЙТЖАНОВ
Қара сөз пири
@Muhammeddin_Aytjanov
Гүл мен гүл
Қасынан кетпей айнаның,
Жүзінен таппай ай дағын.
Ару қыз шашын тарайды.
Айнаға айтып ойларын.
Қайталап өріп бұрымын,
Еске алар ескі қылығын.
Мұңаяр тілін түсініп,
Түбекте тұрған гүлінің...
Сыр айтты тағы гүлге кеп.
(Жұбата алар гүл не деп.)
Гүл аңсар тауды, бөктерді,
Терезе алдын мекендеп...
Терезе жабық, тар бөлме,
Жылады кенет қыз... неге?
Ып - ыстық тамшы құлайды,
Бір Гүлден... тағы бір гүлге.
Қыз ойлар өткен - кеткенін,
Мұң сыйлап кеткен көктемін.
Тасқараң сынды көзіне,
Сол күннен бастап көкте күн.
Жап - жарық үйі... тасқараң,
Тасқараң жанын ашпаған.
Басқа адам ойын билейді,
Билейді тәнін басқа адам...
Көктемде кетті, күн өтті,
Ай өтті талай, жыл өтті.
Алданып еді жылтырға,
Алдай алмады жүректі.
Кешір дер... кімге, несіне?
Маңдайға мұңы несібе.
Көп түсер бүгін баяғы,
Момындау жігіт есіне.
Елестер ащы өткені,
Суық дем кернеп өкпені.
Қинайды, сүймей сүйгенді,
Сүймейтін жанды өпкені...
Мұңайып қалды ау сол жігіт,
Мұңайып солды ау соңғы үміт.
Мұңаяр шындап түн - Ару,
Оянар жалған таң күліп...
Тағыда отыр, тағыда,
Өткен күн түсіп ойына.
Жылатып еді бір қонақ,
Шақырусыз кеп тойына...
Шақырмағанды ол қонақты,
(Олсызда қонақ мол-ақ ты.)
Үнсіз бір келіп кетті Ол,
Үнсіз кеп, үнсіз жылатты.
Үнсіз келді де, Ол... кетті,
Сол кеткенінен мол кетті.
Аққудай әлгі жырдағы,
Оралып еш бір келмепті...
Осының бәрін ойға ала,
Қарайды ару айнаға.
Сарайдай үйде сезім жоқ,
Үй емес, бейне айдала.
Асылтастарға толы үй де,
Сезім мен мейрім жоқ мүлде.
Айнадан, Ару сұрайды:
"Арманың осы ед - жеттің бе?!"
Жап - жарық үйі... тасқараң,
Тасқараң жанын ашпаған.
Басқа адам ойын билейді,
Билейді тәнін басқа адам...
Өз ойын өзі бекерлеп,
Гүлінен сұрар не етем деп.
Гүл де тұр үнсіз мұңайып,
Терезе алдын мекендеп.
Амалсыз Қыз да күрсінді,
Тағдырым осы екен деп...
Мейрамбек Абдіқалиев
(Қайталау)
@Meyrambek_poeziya
***
Кеўилим – муз, соған қызбадым.
Сен тәрепке қол да созбадым.
Өзгелерди қоя тур.., билсең,
Мен сени өзимнен қызғандым.
Билдирмедим, сен де билмедиң,
Гейде буған кеўил бөлмедиң.
Мен ойларым жыялмай жүрмен...
Сен, бәлким, ойлап та көрмедиң.
Қырсық едим, имкан бермедим,
Қызықпан, я инкар етпедим.
Аңсат емес, түсин, маған да,
Ҳәр түн үнсиз көз жас төккеним.
Гүреспеймиз, шәртке көнемиз,
Мүмкин, өзге бағда өнемиз,
Ойланба ҳеш, не болса да биз,
Барлығын тәғдирден көремиз.
Гөззал Жумамуратова
@sheksizlikler
Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉@QRJas_doretiwshiler
Бүгин сени сағындым.
Суўық па күн..?
Ушырады жапырақты алып самал,
Умытпадым!
Жақын барғым келеди... Алыстаман.
Бүгин сени еследим, елес күнди,
Суўық тесип барады ийнесинде.
Сеннен кейин сүйе алмай еле ҳеш кимди
Жүргенимди, сулыў қыз, билесең бе?
Бүгин сени сорадым, маза кетип,
Кеўилдегини толқытпай толқынларың.
Өмир де бир ҳәр күни мазақ етип,
Суўытады ҳәттеки жақынларым!
Бүгин сени жазғанға алты жылым,
Өте берер... Соңғы сөз айтылмады.
Сен еситпей жүргенде, мениң гүлим,
Таппай қалып гүл деген қапылмады.
Ал, бирақ, сендей жанан табылмады..!
14. 11. 2023
Мухаммеддин АЙТЖАНОВ
Қара сөз пири
@Muhammeddin_Aytjanov
Пай, заманым, заманым
Пай, заманым, заманым,
Күлетуғын жериң жоқ,
Сирә бир де кемиң жоқ,
Әлемлерден теңиң жоқ.
Машқала жоқ, қайғы жоқ.
Қара маңлай териң жоқ.
Шалқып дәўран сүрмеге,
Бәрисиниң қарны тоқ.
Арзаншылық газың бар.
Заўқы-сапа, сазың бар.
Еллерден зор еркинлик!
Еркинликти жазыңлар!
Жумыс жетип ҳәммеге,
Сары май кетер шәмбеге.
Парахорлық не өзи?
Сенде жоқ бир дәме де.
Аспан ашық булт жүзген,
Халқың қыдырып ел гезген.
Байлықларың бир дүнья...
Ҳәмме адам бизнесмен.
Кредит деген ойда жоқ.
Машқаласыз той да жоқ.
Ҳәр бир үйлер сарайдай,
Қыйсық, қахра жай да жоқ.
Суўың тасып теңизден,
Балық шығар семизден.
Машқаласыз ҳаяллар,
Туўып атыр егизден.
Емлеўхана босап тур,
Халқың бахтлы жасап жүр,
Бәри тегин дегенге,
Қазан менен асап тур.
Жақсы болып исим де,
Алтын қуйма тисим де,
Бирден шоршып ояндым,
Бәри болған түсимде.
Қосықты түсин, түсинбе...
15. 11. 2023
Мухаммеддин АЙТЖАНОВ
Қара сөз пири
@Muhammeddin_Aytjanov
🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
Бүгин достымыз, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы Базарбай Жолдасбаевтың дүнья есигин қаққан күни.
Бизде өз гезегинде достымызды туўылған күни менен қутлықлай отырып, узақ-өмир, өшпес бахыт, дөретиўшилик жумысларында табыс тилеймиз.
Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың: @QRJas_doretiwshiler
Уллы адамлар қай заманда-ҳәм тар заманға сыймаған,
Тар заманға сыймағанды кең заманлар сыйлаған!
Шаўдырбай Сейитов
Канал: 👉 @Shawdirbay_Seyitov
@seyitov_shawdirbay_topar
Көклерде көк кептер қустаймыз, жаным,
Қайғырма кел кеўил хошлаймыз, жаным.
Мениң танысым жоқ арғы дүньяда,
Бәрибир бейишке бармаймыз, жаным.
Муҳаммед Юсуф
пурсат 🕊 пурсат
НАЛЫШ
Бир теректи еки жақтан,
Ойнап бизлер қушар едик.
Айрылыўды әўел бастан,
Тап сезгенге уқсар едик.
Өте берди жыллар жылжып,
Сен қыз болдың ҳүрден зыят.
Ал мен болса ишим жылып,
Сақлар едим дым муқыят.
Сонша ўақыт бирге жүрип,
Айталмадым сүйемен деп.
Ашыўлансаң жүзиң бурып,
Кешир деўге жарадым тек.
Турмыс жүги аўыр түсип,
Өзге елде жүрдим ислеп.
Ойламаппан сонда сирә,
Қаламан деп тилим тислеп.
Бир күн қайтсам аўыл тәреп,
Бәрше еди шады-қорам.
Мен изледим сени дәслеп,
Табарман деп ески жолдан.
Жолда ағаң маған қалай,
Ойда-жоқта ушырасты.
Сөйледи ол тыныш турмай,
Узаттық деп қарындасты.
Мен ўаҳ дедим зәррем ушып
Тилиме сөз келмей қалды.
Жалғыз өзим талды қушып,
Атырар-ем талай таңды.
Шыдай алмай бундай муңға,
Мен қалаға кеттим көшип.
Кетпек болдым ҳәтте сонда,
Сол теректи түптен кесип.
Соннан берли жыллар талай,
Ҳәп заматта өтип кетти.
Жүзге әжин берип шырай,
Бул қол қанша нәлше екти.
Шәрт етип мен соннан берли,
Бармай қойдым аўыл тәреп.
Барсам сени сорай ма деп,
Тал қайда ол бер деп дәрек.
*
Бир күн барсам ески бағқа,
Бир қыз ойнап жүрген екен.
Келдик дейди дайы журтқа,
Кимниң қызы едиң десем...
Мен отырман қыял менен,
Тал бизлерди күтипти көп.
Хабар айта алмай сеннен,
Хош бол деўге жарадым тек.
Әбдирахман Зергер
ноябрь 2023-жыл
@zergerqosiqlari
@QRJas_doretiwshiler
#поэзия
Кеўлиң кимге керек...!?
Көп узаққа кетпей, сезимнен басла,
Кимде не дерек бар сөзинен басқа!?
Қай көзден жас ақты мурның қанаса,
Кеўлиң кимге керек өзиңнен басқа?!
(Дәртти билген басқа, сезинген басқа),
Тас емес кесек дер езилген тасқа!
Соққы емес, босалаң тас айыплы..,
Кеўлиң кимге керек өзиңнен басқа?!
Сабыр ет, тарықпа төзимнен ҳасла!
Қан түкирме, төкпе көзиңнен жас да!
Жетим болар ҳасыл ердиң жүреги,
Кеўлиң кимге керек өзиңнен басқа?!
Сескенбестен қара үзилген басқа!
Жүрегиң ер болсын, өзиңнен қашпа!
Қайсы ата-бабаң еркелеп өткен!?
Кеўлиң кимге керек өзиңнен басқа?
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне:5.XI.2023
@Poeziya_Abdirashit
@QRjas_doretiwshiler
#поэзия
Есик
Есик қағылды,
Бирақ ашылмады.
Есик жабылды,
Ҳәм қағылмады.
Бул астанада қаншама,
Күнлер, айлар шығып-батты.
Қаншама күн, ай, жылларды..,
Бул астана зырылдатты.
Бул бир есиктиң алдынан,
Не қуўаныш, қайғы өтти...
Босағаны әрман еткен,
Не бир талас бәйги өтти.
Жаўды қар, жаўын, буршақлар..,
Есик барлығын сыр сақлар.
Сиңирди
Есик әлемниң көз жасын..,
Тек қара түн
Оның жылаўын бақлар..
Тек ғана түн.
Өтти бесиклер, табытлар..,
Қақты ашықлар, "жабықлар"..,
Келди мүсийбет, бахытлар..,
Жетелеп
Есикка барлық бағытлар!!!
Есик қағылды,
Ҳәм ашылды!
Есик қағылмады,
Ҳәм ашылмады!
Есик тебилди,
Ҳәм жабылды.
АДАМ,
Қатты жаўмаў керек еди,
қайта кирер есикти..!!!
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне:27.XI.2023
@Poeziya_Abdirashit
...qaǵaz ...májilis. Barlıq jer «sıya dawı»!
Nadurıs —
uqsaslıqtıń sananı uyalawı.
Hámmeniń birdey etip oylaǵanı —
...heshkimniń heshnárseni oylamawı!
Bazarbay Joldasbaev
telegram 📚 you tube 📚
instagram 📚 facebook 📚
🧤 #Hápteliktiń_birinshi_kúni
🧤 #Bir_gezleri_Berdaq_júrgen_jerlerde
BERDAQ TULǴASÍ
(Berdaq babamızdıń 190 jıllıǵına)
Áwladlar tilinde tirilgen tulǵa,
Máńgilik insanǵa aynaldı búgin.
Hárbir qosıǵında jetkerer bizge,
Xalqımnıń ásirlik mıń batpan júgin.
Dáwirler zuwlatıp óter jorǵasın,
Súrgin sınaq el basına qonbasın.
Búgingi ǵárezsiz eldiń ulların,
Berdaq babam ruwxları qollasın!
Xanlar zulım saldı, xalqım shırladı,
Bay gedeydi tıńlamadı, qıynadı.
Jılaǵandı jubatayın dep sonda,
Shayır eldiń qayǵı-muńın jırladı.
Sózlerinen nurlar shashtı zer etip,
Miynet etti aq mańlayın terletip,
Ǵarǵabaydıń ulı berdaq shayır dep,
Basıp ketti tariyxlarǵa mór etip.
Jaqsılardan tek jaqsılıq taraydı,
Móldirep aǵatuǵın saǵalarım bar,
"Jáhán maǵan háwes etip qaraydı",
Sebebi, Berdaqtay danalarım bar.
Elim danalardı húrmetke bóler,
Shayırdı urpaqqa qosıq jetkerer.
Siz hám biz bolmaspız ol gezde, bálkim,
Biraq, Berdaq ómirbaqıylıq eter!
Bazarbay Joldasbaev
2017-jıl
telegram 📚 you tube 📚
instagram 📚 facebook 📚
Mádireyimova Balnur
Ibrayım Yusupov atındaǵı dóretiwshilik mektebiniń 8-klass oqıwshısı
/channel/jetkinshek1932
Төртлик
Жүрегимниң үнин тыңлайсаңба сен?
Кеўил көшем уайран. Оңлайсаңба сен?
"Мени жалғыз қалдыр. Кет!" - дегенимде,
Саған дым мүтәжбен. Аңлайсаңба сен???
Абдирашид Исмайылов
@Poeziya_Abdirashit
Қопал қосық
Берсеңдағы илим ушын барлығыңды,
Қыла бергил өзиңдеги тарлығыңды,
Жыртқан болсам өз атымнан жыртқаным,
Тығып қойғыл ...... ҳүрмет жарлығыңды.
Минез солай: қызбаман, мушым қатты,
Поэзияның күни обал. Кимге қапты? (қалыпты)
Усы кетис. Өзгертиў аўыр маған,
Келер бир күн, саған түнлер, маған жақты!
Сыйпалай бер аўыр салмақ қарныңды.
Түн қыларман бир күнлери жарығыңды.
Ар ушын да гүрес қурдым поэзияда,
Тығып қойғыл сыяр анық орныңды.
Алқымымнан алғанға алқымынан,
Жаға жыртыс, қайтпайман сирә буннан.
Аллам берген минезди жасырмайман,
Қашпайман да жаман көрген қара сыннан.
Алты адам топылып күши жетпей,
"Кет!" - десе де турғаным, солай кетпей,
Жан-жағымнан көтерип хандай қылып,
Көшегеде таслады жаман ийттей.
Аўа, ийт болсаңыз, ийт боламан,
Ийтлер үрсе, тислесе, мен жуламан.
Бар дәртимди түсинер усы халық,
Орныңды тығып қой! Не қыламан?
Даўда даўдай даўлаттым, жаман көриң,
Келер писик, бизге де болып орым.
Не болса да усы елдиң көз-шырасы,
Еле талай шайнасамыз, аман болың.
Көрисиўди интизарлық пенен күтемен...
24. 11. 2023
Мухаммеддин АЙТЖАНОВ
Қара сөз пири
@Muhammeddin_Aytjanov
ЖОЛ
Жүремен изимде қалады,
Ийтлердиң әўпилдеп үргени,
Тек саям илесип барады,
Тиримен бахтымның күлгени.
Жүремен изимде қалады,
Туттырмас, пайызлы күнлерим,
Таңларға жетелеп барады,
Уйқымды урлаған түнлерим.
Жүремен изимде қалады,
Көше толы шаўқым-сүренлер,
Самаллар жеткерип барады,
Өсек айтпаң, бахыт тилеңлер.
Раўаж Отарбаев,
21.11.2023
Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉@QRJas_doretiwshiler
Пай, заманым, заманым
Пай, заманым, заманым,
Күлетуғын жериң жоқ,
Сирә бир де кемиң жоқ,
Әлемлерден теңиң жоқ.
Машқала жоқ, қайғы жоқ.
Қара маңлай териң жоқ.
Шалқып дәўран сүрмеге,
Бәрисиниң қарны тоқ.
Арзаншылық газың бар.
Заўқы-сапа, сазың бар.
Еллерден зор еркинлик!
Еркинликти жазыңлар!
Жумыс жетип ҳәммеге,
Сары май кетер шәмбеге.
Парахорлық не өзи?
Сенде жоқ бир дәме де.
Аспан ашық булт жүзген,
Халқың қыдырып ел гезген.
Байлықларың бир дүнья...
Ҳәмме адам бизнесмен.
Кредит деген ойда жоқ.
Машқаласыз той да жоқ.
Ҳәр бир үйлер сарайдай,
Қыйсық, қахра жай да жоқ.
Суўың тасып теңизден,
Балық шығар семизден.
Машқаласыз ҳаяллар,
Туўып атыр егизден.
Емлеўхана босап тур,
Халқың бахтлы жасап жүр,
Бәри тегин дегенге,
Қазан менен асап тур.
Жақсы болып исим де,
Алтын қуйма тисим де,
Бирден шоршып ояндым,
Бәри болған түсимде.
Қосықты түсин, түсинбе...
15. 11. 2023
Мухаммеддин АЙТЖАНОВ
Қара сөз пири
@Muhammeddin_Aytjanov
Жас дөретиўши, шайыр Н.Жангелдиев қәлемине тийисли "Нәпси бәлеси" атлы сахналастырылған спектакльге сизди мирәт етемиз...
Бул жетискенлиги менен Н.Жангелдиевти шын жүректен қутлықлаймыз.
Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың: @QRJas_doretiwshiler
❤️
Сайыз дәрьялардың, сайыз сөзлердиң,
Терең ийримлерин ҳәлсиз қылып қой.
Муҳаббат жолында мына бизлердей,
Ашықлар соқпағын қарсыз қылып қой.
Қус өтпес шөллердиң маралы яңлы,
Арқаның аязлы самалы яңлы,
Азияның айбатлы Аралы яңлы,
Бизди муҳаббатқа шөлиркетип қой.
Қыяслар гезбеген шөллерден жүргиз,
Нуратдин өтпеген көллерден өткиз,
Алтай таўларындай беллерге жеткиз,
Муҳаббат алдында сәўирлетип қой.
Ғәрип-Шаҳсәнемниң кеўли дағлансын,
Зуҳра-Тайырлардың сазы тарлансын,
Бизиң муҳаббатқа бәри таңлансын,
Қәлбимниң қызғынын ҳәўирли етип қой.
Аспан жулдызларын түсирип кетсин,
Түскен жулдызларды қус илип кетсин,
Бәрше сүйилгенлер қысынып кетсин,
Сүйиўдиң заңларын түсиндирип қой.
...еркимнен айырып асықтырып қой,
Мени жамалыңа ашық қылып қой!
Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ
17.07.2023
пурсат 🌿 пурсат 🌿 пурсат
Бармақ ушым бултқа тийгенде
бултлардың келер қыдығы.
Силкинип-силкинип күлгенде
төгилер жамғыры.
Жамғыр қуйғанында аспаннан
қарайман көкке анықлап.
Кимдир күлдирген шығар деп
бултларды қыдықлап.
Атағулла Сатбаев
@atagulla_satbaev
Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉@QRJas_doretiwshiler
Бәри өз орнында,
Бәри баяғыдай,
Өзимше бахытлыман –
Жөнсиз күлемен.
Көптен берли бир сырды жүрип-ем айтпай:
Мен сени жақсы көремен...
Календардан жулынар ески сәнелер,
Сени ойлаў менен ўақыт өткеремен.
Тил ушымда турған гәпти айтқым келер:
Мен сени жақсы көремен...
Туйғыларым жүз бурмаған жалғанға,
Шын айтаман өтириктен жырақ жүремен.
Айландыр мени бахытлы инсанға,
Мен сени жақсы көремен...
Жуўапсыз сораўлар мени қыйнайды,
Үнсиз ышқы жетегине еремен.
Түсин,
енди саған айтпасам болмайды:
Мен сени жақсы көремен...
Дийдарыңды көрсем қуўанар көзим,
Сениң күлкиң ушын жасап келемен.
Бир өмир ҳешкимге айпаған сөзим:
Мен сени жақсы көремен...
Сендей болмас жыйналса да мың сулыў,
Көзиң – теңиз!
Оған шөгип кетемен.
Қырсығым, жан жүрегим,
Бир сени
Тек сени
Мен сени жақсы көремен...
Атағулла Сатбаев
@atagulla_satbaev
@QRJas_doretiwshiler
Шаршап тұрғандағы ойлар
(Мен түсімде қыран болып құс алғам,
Ал ертеңі сабағымнан үш алғам.)
Бір шыбықпен айдамақ боп өмірді,
Тіршілікке тұсалғам.
Ей тіршілік сен не деген қырсықсың,
Қырсықсың деп өзіме де ұрсыппын.
Ұлы бір іс жасамақ боп жүргенде,
Құрылыстан бір шықтым.
Жігіттіктің жөні осы деп есіріп,
Отқа, суға басып кеттік шешініп.
Тасып толған адамдай боп жүргенмен,
Ғашық болғам кешігіп...
Кімге обалым сұмыраймен сырласқан,
Бар ма амалым сыбайымды алмастан?!
Кім боламын деп жүремде... ақыры...
Күн боламын түн қашқан!
- Хмм)
Мырс етіп, суық тамшы желкеме кеп тырс етіп.
Тағы үстімнен күлді аспан...
Мейрамбек Абдіқалиев
/channel/Meyrambek_poeziya
/channel/QRjas_doretiwshiler
#поэзия
Иним
"Алтақлама, талтақлама!"
Бердақ
Еле талай асарсаң асқарлардан..!
Қуўғың келмей, қаларсаң қашқанлардан..!
Алдын ала ескерткеним, бир аўыз,
Қыянет бар еншиңде достан, ярдан!!!
Еле жутқан ҳәр демиң миннет болар!!!
Дос ғайбана мыйықтан күлмек болар..!
Ең баслысы бүкпе ҳасла қәддиңди,
Жигит басқа ғаўғалар зийнет болар.
Алтын гилтлер суғылып тас қулыпқа,
Гейде қояр қуйрықты бас қылып та,
.., "Шоңқы"ларың артыңнан атқан ўақта,
Душпаныңнан көрерсең жақсылық да.
Шала болар "Данышпан атам" десең!
Жала толар намыс ҳәм ўатан десең!
Туўғаныңа жақпай туўры сөзлериң,
Талап болар көпегиң "Надан" десең!
Жан болып, тәнге "Мени жибер!" дейсең...
Қан болып "Қай таң маған шөгер" дейсең...
Қосшым, жалған, бес күнлик, өткиншиде,
Лал болып, еҳҳей.., еле не көрмейсең!?
Серле..! Тигис билдирмей қурар қудай.
Белге қарап салмақты салар қудай.
Ҳәр кимнен қорқар Алладан қорқпаған.
Жанды өзи берер ҳәм алар қудай.
Сонлықтан қан түкирме жаў алдында!
Кесек болма тубалап таў алдында!
Әдалат деп қақсама! Дүнья жалған,
Мийўалы ағашқа тас жаўар бунда..!
Бир дәртке ҳәр түрли жылар ҳәр киси,
Буның бәри әсирлердиң тартысы..!
Дүнья қалған әкеңнен, сеннен қалар..,
Тозып кеткен бул пәлектиң гәрдиши!!!
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне:10.XI.2023
@Poeziya_Abdirashit
@QRjas_doretiwshiler