qrjas_doretiwshiler | Неотсортированное

Telegram-канал qrjas_doretiwshiler - Jas dóretiwshiler

812

Jaslar awqamı Qaraqalpaqstan Respublikalıq Keńesi janında dúzilgen Jas dóretiwshiler klubınıń rásmiy kanalı

Подписаться на канал

Jas dóretiwshiler

Шайырдың Ғаўқылдасар қарақалпақлар" қосығы Руслан Арзиев

/channel/QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Бердақ атындағы ҚМУ "Китапқумарлар" клубы ағзалары белсенди қатнасты.
/channel/QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Қарақалпақ халқының әпсәнаўий қосықшысы Даўытбай Қайыповдың перзенти Бахадыр Қайыпов сөз сөйледи

/channel/QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

@Tolepbergen_Matmuratov
@QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

/channel/QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Төлепберген МӘТМУРАТОВ
@Tolepbergen_Matmuratov
@QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

2024-жыл 20-27-ноябрь «Бердақ күнлери» ҳәптелиги шеӊберинде болып өтетуғын лирик шайыр Төлепберген Мәтмуратовтың туўылғанына 85 жыл толыўы мүнәсибети менен өткерилетуғын «Көктеги қуяштай жерге жақсылық нурын сеўип турған поэзия» атамасындағы әдебий саз-сәўбетли кешеси болып өтеди.

Мǝнзил: Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

***

Қара үйде бизиң қара сумка қалып қойған,
(Инсап бар, еле де қараўыллар алып қойған),
Еки жүзге шыққан Әжинияздың тойында,
Әбдирәшид қара уўайымға салып қойған.

Сумка пирли, илажы болар китап-дәптердиң,
Тәўир атқосшыға жарымайды мәртлер дым.
Күйди аўзым, исенбеймен кисиге затымды
–Деп анаў Садраддиндей «жүрегиме ант бердим».

Аллаяр Дарменов,
15.11.2024.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Баслаўшы:
Несийбели Балтаниязова.

Мийманда:
Муса Жийенбаев (@Represo),
Әбдирашид Ысмайылов
(@Poeziya_Abdirashit),
Гөззал Жумамуратова (@Sheksizlikler)

Әдебият, китап, талғам, заман ҳ.т.б бойынша сәўбет.

https://youtu.be/TlvmhgA13k8?si=99-G-xD21RNIh8O1

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!👇👇👇👇👇

/channel/QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

АЙТЫЛМАС СЕЗИМ

Қәлбимде жаралар, жүрек не дейди,
Дүньяның қой исин, бири кем дейди,
Ақылым дер: Ол қыз енди келмейди...
Отта жанаман...

Көксимдеги көринбестей тыртықлар,
Көксимдеги жамалмастай жыртықлар,
Ким келип бир мени айтың, қолтықлар,
Тәним шала жан...

Дийдар мәўритинен көзлер пәнт қумар,
Билмеслер сыртымнан қанша гәп қурар.
Тил умыттым десе жүрек аҳ урар,
Қалай танаман...

Аҳ урсам ким шыдар дейсең аҳыма,
Дәртлерим жайғаспас жазған хатыма,
Алдымда үмитлер, қайғы артымда,
Айып санамаң.

Көз алдымда елесе-елес келбетиң,
Шарап етип иштим ҳижран шербетин.
Оҳ, жананым қолларымда сүўретиң,
Ўайқан саламан...

Ески жара тырнап тағы жанымды,
Бос қыялға қолым бир-бир таңылды.
Келме енди, көрме жаным ҳалымды,
Үнсиз жанаман.

Әбдирахман Зергер
ноябрь, 2024-жыл
@zergerqosiqlari

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

ОЙЛАР...

Мен не ушын сүймейин айт, тас қаланы?
Бар қушағын жайып күткен жас баланы.
Нөкисимди алыс кетип сағынсамда,
Ташкент қолай, жат билмеген басқаларды.

Сүйген қалам, сенде мениң ақыл ойым,
Сәлге кетсем үзилердей создым мойын,
Бирақ, бирақ... Өкпем бар-аў тәғдирге сәл,
Мени таслап менсизликке еткен ойын.

Жаяў гездим талай сенде көшелерди,
Сонда жүзге ыссы самал есер еди.
Ал, енди ше мен өзиңнен кеттим узақ,
Сенсизликте кеўлимде ғам кешер енди.

Не қылады дейди бунда қала берсең,
Қосығыңды тас қалада жаза берсең.
Мен өзиңе қустай ушып қайтар едим,
Жойтып алған ғәзийнемнен саза берсең!

Аўа, солай. Бул тентеклик, жаман дерсең,
Жүре бер деп, сол жақларды пана көрсең.
Ойымдағы арысам сәл ойынлардан,
Қайтпас деме, қайтаман ғой аман жүрсем.

Әбдирахман Зергер
27-октябрь 2024-жыл
@zergerqosiqlari

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

#Anons

Nókis fm radiosında "Aqsham balladası" esittiriwi.
Hár háptenıń piyshembi kúnleri saat 20:00 den 22:00 ge deyin.

Túngi sezimlerińiz párwaz etken mánzil.
Baslawshı Minara Qalbaeva menen...

Esittiriwimizdiń birinshi bólimi shayır Keńesbay Karimov dóretiwshiligine arnaladı.

Doslaar 91 391 10 04 nomerine óz elektron xatlarıńızdı 21:00 den baslap telegramm mánzillerimizge jollasańız boladı.

Siz bizdi dúnyanıń qálegen ornınan internet sociallıq tarmaǵında Nukus.fm.uz saytı arqalı onlayn tıńlaw múmkinshiligine iyesiz.

@Moldir_tamshilar

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

МИРӘТНАМА

Сизди Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Шаўдырбай Сейитовтың шығармаларынан жәмленген «Шаўдырбай Сейитов мийраслары» китабының презентациясына мирәт етемиз.

Илаж 2024-жыл 10-октябрь күни саат 10:00де Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде болып өтеди.

Мәнзил: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1/1-жай.

@Shawdirbay_Seyitov

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

🌺

О өзиң қандай келиншек болдың,
Сени алған жигит бахытлы шығар.
Қолқа сала алмаған мына аўылдың
Мәндирсеклери таңлайын қағар.

Ағартты жездемиз қанша самайды,
Сен оның маңлайын күн қылып тындың
Жақсы қыз аўылдан алысламайды,
Деген нақылларда мәни жоқ бул күн.

Қыз деген елинен кесилген қыйық.
Десем: Шабандоздай аттың басын бур,
Төркиншил болғанның төбеси ойық,
Деген алтын сырға қулағыңда тур.

Енди баяғыдай шашларың түндей,
Көзиңниң нуры да шамшырақ емес.
Талғамлы жигиттиң әрманы сендей,
Сулыўлық дегени қол жетпес елес.

Ата журтқа бәҳәр келди, гүл келди,
Көклем менен жер де жаңа, ел жаңа.
Кеткен қуслар қайтып келди, нур келди,
Туўған елге қайта алмаған сен ғана.

О мениң, периште пишинли апам,
Жыллар жүзлериңди солдырды қалай,
Айтар әңгимем де көп еди саған,
Балалық базарым өтти-аў тарқамай.

Өзиң қандай сулыў қыз болған едиң,
Пәк кеўлим жездемнен қызғанып турар.
Бирақ та ол киси теңиң ғой сениң,
Сүйгенге қосылыў сиздей-ақ болар.

Базарбай Жолдасбаев
31-июль, 2024-жыл.

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

СОРАНАРЫМ

Қәдирлим! Қой енди гийнелериңди,
Билесең, өзгени сүймегенимди,
Түсинсең өмирден түйгенлеримди,
Жалғанда сүйгиден басқасы жалған!

Қәйтейик, қыснақ жол қылғанда қысқы,
Түсинбедим, түсиниксиз турмысты,
Гейде басты ийип, болып қылмыслы,
Жанымды жегидей жеп барар әрман!

Тас-түнек ақшамда қалмай тақатым,
Азаплайды сенсизлик дер сырқатым.
Тек саған арналған, ышқы хатларым,
Қус болсам, өзиңсиз қанатым талған.

Пәрманаң, пәрўаның болып жаныңда,
Алжастым көп жола өмир бағында,
Исмиң қосық болып ағар қанымда,
Мениң бар ықласым тек сенде қалған.

Кел жаным, қолыңды бер бир сөз демей,
Қас қағып турмайық көрсек өзгедей,
Сениң менен ханман, ал сенсиз гедей,
Жамалы гөззалым болма сен әрман!

Өзиңсиз өмирдиң бәршеси жалған!

Әбдирахман Зергер, сентябрь, 2024-жыл.
@zergerqosiqlari

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Бахадыр Қайыпов атқарыўында "Кегейлиде бир нәзәлим бар десе" қосығы

/channel/QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Бердақ атындағы ҚМУ жанындағы академиялық лицей ҳәм Нөкис қалалық 26-мектеп оқыўшылары шайыр дөретиўшилигинен қосықлар оқып берди

/channel/QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Узақберген Ембергенов шайырдың ағасы

/channel/QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

/channel/QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ НЕСИ БАР

Қарақалпақтың неси бар-ай,
Ең қымбатлы журты бар.
Кеўлиниң бир йошы бар,
Күлки деген мүлки бар.

Отырғанды думандай,
Жек көреди қәрекең,
Ўа-ҳа-ҳасын аспанға,
Жеткереди қәракең.

Күлмесе тыныш турмаған,
Күлмесе келмес уйқысы.
Кеўлиниң бир мушынан,
Түртип турар күлкиси.

Ўа-ҳа-ҳасын аспанға,
Жеткереди қәракең.

Ҳа-а-а-ў!
Бир күлисип алмаса, 
Дийқан салы ормайды.
Ўа-ҳа--ҳасы бомаса,
Қарақалпақ болмайды.

Басбақ қойларды сойып,
Қошқарларды дүгистирип.
Палўанларды гүрестирип,
Той береди қәрекең.

Ўа-ҳа-ҳасын аспанға,
Жеткереди қаракең.

Қарақалпақтың неси бар-ай,
Ең қымбатлы журты бар.
Ўа-ҳа-ҳасын аспанға,
Жеткереди қаракең.

Қарақалпақтың неси бар-ай.

Ўа-ҳа-ҳасын аспанға,
Жеткереди қәракең.

Төлепберген Мәтмуратов
@Tolepbergen_Matmuratov
@QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Төлепберген МӘТМУРАТОВ
@Tolepbergen_Matmuratov
@QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Antuan de-Sent Ekzyuperi qálemine tiyisli, Ózbekstan hám Qaraqalpaqstan Jazıwshılar awqamınıń aǵzası Gúlnara Ibragimova (Dániyarova) tárepinen qaraqalpaq tiline awdarılǵan «Kishkene shahzada» kitabınıń prezentaciyası baslanbaqta

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
Telegram | Instagram | YouTube | Facebook

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

#поэзия

Аллаярдың сумкасы
(Аллаяр Дәрменовқа ҳәзил)

Қамшы урғаннан пайда жоқ соқыр атқа.
Қонады ма қарыўсыз батыр атқа?!
Гүўа болған бир талай патыратқа,
Аллаярдың сумкасы.

Оқылмаған көп китапқа семирген,
Услағышы талай қолды кемирген,
Қанша-қанша қан сорпаны сиңирген,
Аллаярдың сумкасы.

Көп азаның, талай тойдың басында,
Шайыр буның, бул шайырдың қасында,
Ылайық ҳүрметке соның ушын да,
Аллаярдың сумкасы.

Бул сумкасыз биз Аралдай қурғаймыз.
Талай "Дуз"ды ишке жутты бул байғус.
Әдебият ушын аман болғайсыз,
Аллаярдың сумкасы!

Сүўретте шептен оңға: Аллаяр Дәрменов, Айгүл Қосымбетова, Алтынай Тилегенова ҳәм мен.

Абдирашид Исмайылов
Жазылған сәне: 15.XI.2024

@Poeziya_Abdirashit

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

#Сатирикке_сатиралық_қутлықлаў

Муратбай аға Нызановтың 70 жыллық юбилейине.

Мың тоғыз жүз елиў бирдиң қысында ,
Дәлиў айдан ҳүтке өтер тусында ,
Кең сахраның кишкене бир мушында,
Туўылды Нызанов Муратбай аға.

Жаслайынан көрип көпти түсинде ,
Қуры көрмей өзи ҳәм жүр ишинде.
Еркектиң бир күнин ҳаял күшинде,
Көплерди сөйлеткен Муратбай аға.

Ол – бир уста, бийкар ағаш жонбайды!
Бармаса "Танкасыз" чайы қонбайды ,
Қорғап ҳәтте "Қос қатынлы Көлбай" ды ,
Не ислер қылмаған, Муратбай аға.

"Уры"ларың туйе қоймай сойып жүр,
"Коңсылар"ың  урысыўдан тойып жүр,
"Қурбан", "Базарбайлар" жерин ойып жүр,
Буларға не шара Муратбай  аға.

Ережеп тентектен соңғы әмелдар,
Көринбейме быйыл. Қыс дереги – қар.
Ал, "Урысқақ қатын" не кереги бар ,
Келсе жас жетписке Муратбай аға.

Бул елатта излеп нешше жақсыны,
Жүр көрсетип қарекеңше басқыны,
"Өмирдиң үш паслы" Есжан бақсыны,
Лентаға байлаған Муратбай аға.

Халқың бүгин жатып бир ис салып тур,
Қумар көзлер, жаңалық деп жанып тур,
"Қырық қыз"ды сериал, қылыў қалып тур,
Ойлап көр буны да, Муратбай аға.

Әбдирахман Зергер.
19.01.2021ж
@zergerqosiqlari

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

* * *

Нусқаўлы өмир бул, арқаўлы өмир,
Гүллери тикенли, жоллары шаңлы.
Соқпақлар тутасар небирден-небир,
Бөлек тәғдир берер шайырға Тәңри.

Кеше гүл тәм еткен дилбары бүгин,
Бәлким, сағанасын шәмензар етер.
Поэзия жоллары сүргиннен-сүргин,
Шайырды бир жақсы сөзге зар етер.

Қашан аңсат болған шайыр халқына,
Избасар жүрген жоқ елинде бийғам.
Есенин мерт болған жастың парқына
бармаймыз. Сол кимниң нырқына сыйған?

Шайыр болғаның ҳәм тажы-тахтың,
Ҳәм де мусаллатың бақты қаралы.
Алғысы тайын тур саған халықтың,
Яәки уў салынған дослар шарабы.

Шолпан атылса я Мәширеп асылса,
Не бопты? Бендеге өлим мияссар.
Ал енди, Сөз мүлки дарға тартылса,
Орынын Тәңриниң ләғнети басар.

Дүнья көркем еди инсанлар менен,
Ал адам көримсиз поэзияларсыз.
Бердақтың орыны теңизден терең,
Биз жасай алмаймыз Әжиниязларсыз.

Нусқаўлы өмир бул, қыстаўлы өмир,
Узақ жасағаны кимгедур сәбби.
Асығыс болса да мазмунлы, шүкир.
Гөззал тәғдир берер шайырға Тәңри.

Базарбай Жолдасбаев
08.11.2024

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

СОҢҒЫ ГҮЛ

Сыр айтаман сүўретиңе айлы ақшам,
Сени сорап жулдызлардан жымыңласқан!
Сағыныш бул! Гилти суўға кеткен есик,
Тәғдир бизге жол силтеўде сәл алжасқан!

Кеўилимде жете алмас әрман бар,
Алжастырар жолларымды жалғанлар,
Бойыңды бир көрсеткенде қәйтеди,
Шын сүйдим деп, жалғанларда жанған яр!

Үстимизге жамғыр жаўды, тас жаўды,
Жеңе алмадық айралық дер қас жаўды.
Мен қәйтейин, жөнсизликке жолым жоқ,
Анам үйреткен ғой, ҳәдден аспаўды.

Журттың сөзин үстин қойып бахыттан,
Бизлер болдық ҳәммесине асыққан,
Бир урыспай қол силтеген бул күнде,
Болармекен бунысынан артық ғам!

Жолы болар дейди халық жеңгенниң,
Мен жеңилдим, сен жеңилдиң. Жеңген ким?!
Ең соңғы гүл ашылғанда көриссек,
Мен күтемен гүл ашыўын шеңгелдиң!

Әбдирахман Зергер
26-октябрь 2024-жыл
@zergerqosiqlari

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

#поэзия

Сораўлар

Қайғы-муң қашылмайтын қара тасқын..,
Қайғысын қашан айттым қара бастың!?
Шаңқай түсте руўхым қалып ғапылда,
Уйқысын ашалмай тур, қара, достым..!

Қайсы күн өзлик пенен араны аштым?
Қайсы күн дүнья менен араластым?
Неге мениң кеўил көзим парықлап,
Қайсы шын, қайсы жалған.., қарамас дым?

Айтысым тәғдир менен жарамас бул...
.., қайтысым шешеннен сөз соралмас күн!!!
(Неге мениң тал шашым ағарып жүр!?)
Айтшы шын, менсиз өмир сүралмас ким?!

Жай түсин.., буғып, жалғыз жыламас ким!?
Айлы түн.., уйқы менен жыр алмастым.
Маған неге жылаў.., күлиў.., қам пәтир,
Ай, күним.., өтпей турып қурым бастым..!

Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 21.X.2024

@Poeziya_Abdirashit

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

📣📣📣Dıqqat, dıqqat!

Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması Ózbekstan Qaharmanı, Ózbekstan hám Qaraqalpaqstan xalıq shayırı Ibrayım Yusupov (Ayaziy) dóretiwshiligine arnalǵan chellenjge start beredi.

Chellenjde qatnasıw tileginde bolǵan jaslar Ayaziy qálemine tiyisli qálegen bir qosıqtı video formatta bizge jiberiwi kerek hám bunda qatnasıwshılar videonıń sapasına itibar qaratıwı lazım.

Videolar @ayaziychellenjbot telegram botı arqalı qabıllanadı.

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
Telegram | Instagram | YouTube | Facebook

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

#поэзия

Керек емес

Қан айдасын дәрт сезбей жүрегиң ҳеш!
Бәлким асар әмелге тилегиң кеш!
Бир атқа не дәркар еки шабандоз!?
Ҳәйкел керек, қаҳарман керек емес..!

Батыр керек, делбелик керек емес..!
Шайыр керек, еркелик керек емес..!
Заман сондай соқыр заман болып тур,
Мерген керек, мергенлик керек емес!!!

Зейин керек, зийнети керек емес..!
Рәҳәт керек, мийнети керек емес.
Уллылықты пуллылық күйдирип тур,
Миллет керек, миннети керек емес...

Терек керек, тамыры керек емес...
Әмир керек, ҳәмири керек емес.
Сабырға да жәбир болды бес күнде,
Өмир керек, қәбири керек емес.

Исмайылов Абдирашид
Жазылған: 3.VI.2024

@Poeziya_Abdirashit

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

*     *     *

Сай бойында екеўимиз,
Отырғанда жанан қыз,
Сулыўлық қайда, – дедим,
Сен күлип: айда, – дедиң.
Айға қарадым,
Ҳеш таба алмадым.
Болмаса сайда, – дедиң.
Сайға бақтым,
Хош болды ўақтым,
Өйткени сай бойында,
Гүллер териў ойында,
Жүргенбиз майда, – дедиң.
Мен оны еследим де,
Сулыўлықтың бәрин де,
Сен жүрген жайда, – дедим.

Төлепберген МӘТМУРАТОВ
Каналымыз:👇👇👇👇👇
@Tolepbergen_Matmuratov

Читать полностью…
Подписаться на канал