qrjas_doretiwshiler | Неотсортированное

Telegram-канал qrjas_doretiwshiler - Jas dóretiwshiler

812

Jaslar awqamı Qaraqalpaqstan Respublikalıq Keńesi janında dúzilgen Jas dóretiwshiler klubınıń rásmiy kanalı

Подписаться на канал

Jas dóretiwshiler

Бүгин сени сағындым.
Суўық па күн..?
Ушырады жапырақты алып самал,
Умытпадым!
Жақын барғым келеди... Алыстаман.

Бүгин сени еследим, елес күнди,
Суўық тесип барады ийнесинде.
Сеннен кейин сүйе алмай еле ҳеш кимди
Жүргенимди, сулыў қыз, билесең бе?

Бүгин сени сорадым, маза кетип,
Кеўилдегини толқытпай толқынларың.
Өмир де бир ҳәр күни мазақ етип,
Суўытады ҳәттеки жақынларым!

Бүгин сени жазғанға алты жылым,
Өте берер... Соңғы сөз айтылмады.
Сен еситпей жүргенде, мениң гүлим,
Таппай қалып гүл деген қапылмады.
Ал, бирақ, сендей жанан табылмады..!

14. 11. 2023

Мухаммеддин АЙТЖАНОВ
Қара сөз пири


@Muhammeddin_Aytjanov

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Пай, заманым, заманым

Пай, заманым, заманым,
Күлетуғын жериң жоқ,
Сирә бир де кемиң жоқ,
Әлемлерден теңиң жоқ.

Машқала жоқ, қайғы жоқ.
Қара маңлай териң жоқ.
Шалқып дәўран сүрмеге,
Бәрисиниң қарны тоқ.

Арзаншылық газың бар.
Заўқы-сапа, сазың бар.
Еллерден зор еркинлик!
Еркинликти жазыңлар!

Жумыс жетип ҳәммеге,
Сары май кетер шәмбеге.
Парахорлық не өзи?
Сенде жоқ бир дәме де.

Аспан ашық булт жүзген,
Халқың қыдырып ел гезген.
Байлықларың бир дүнья...
Ҳәмме адам бизнесмен.

Кредит деген ойда жоқ.
Машқаласыз той да жоқ.
Ҳәр бир үйлер сарайдай,
Қыйсық, қахра жай да жоқ.

Суўың тасып теңизден,
Балық шығар семизден.
Машқаласыз ҳаяллар,
Туўып атыр егизден.

Емлеўхана босап тур,
Халқың бахтлы жасап жүр,
Бәри тегин дегенге,
Қазан менен асап тур.

Жақсы болып исим де,
Алтын қуйма тисим де,
Бирден шоршып ояндым,
Бәри болған түсимде.

Қосықты түсин, түсинбе...


15. 11. 2023

Мухаммеддин АЙТЖАНОВ
Қара сөз пири


@Muhammeddin_Aytjanov

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

Бүгин достымыз, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы Базарбай Жолдасбаевтың дүнья есигин қаққан күни.

Бизде өз гезегинде достымызды туўылған күни менен қутлықлай отырып, узақ-өмир, өшпес бахыт, дөретиўшилик жумысларында табыс тилеймиз.

Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың: @QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Уллы адамлар қай заманда-ҳәм тар заманға сыймаған,
Тар заманға сыймағанды кең заманлар сыйлаған!

Шаўдырбай Сейитов

Канал: 👉
@Shawdirbay_Seyitov
@seyitov_shawdirbay_topar

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Көклерде көк кептер қустаймыз, жаным,
Қайғырма кел кеўил хошлаймыз, жаным.
Мениң танысым жоқ арғы дүньяда,
Бәрибир бейишке бармаймыз, жаным.

Муҳаммед Юсуф

пурсат 🕊 пурсат

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

НАЛЫШ

Бир теректи еки жақтан,
Ойнап бизлер қушар едик.
Айрылыўды әўел бастан,
Тап сезгенге уқсар едик.

Өте берди жыллар жылжып,
Сен қыз болдың ҳүрден зыят.
Ал мен болса ишим жылып,
Сақлар едим дым муқыят.

Сонша ўақыт бирге жүрип,
Айталмадым сүйемен деп.
Ашыўлансаң жүзиң бурып,
Кешир деўге жарадым тек.

Турмыс жүги аўыр түсип,
Өзге елде жүрдим ислеп.
Ойламаппан сонда сирә,
Қаламан деп тилим тислеп.

Бир күн қайтсам аўыл тәреп,
Бәрше еди шады-қорам.
Мен изледим сени дәслеп,
Табарман деп ески жолдан.

Жолда ағаң маған қалай,
Ойда-жоқта ушырасты.
Сөйледи ол тыныш турмай,
Узаттық деп қарындасты.

Мен ўаҳ дедим зәррем ушып
Тилиме сөз келмей қалды.
Жалғыз өзим талды қушып,
Атырар-ем талай таңды.

Шыдай алмай бундай муңға,
Мен қалаға кеттим көшип.
Кетпек болдым ҳәтте сонда,
Сол теректи түптен кесип.

Соннан берли жыллар талай,
Ҳәп заматта өтип кетти.
Жүзге әжин берип шырай,
Бул қол қанша нәлше екти.

Шәрт етип мен соннан берли,
Бармай қойдым аўыл тәреп.
Барсам сени сорай ма деп,
Тал қайда ол бер деп дәрек.

                     *
Бир күн барсам ески бағқа,
Бир қыз ойнап жүрген екен.
Келдик дейди дайы журтқа,
Кимниң қызы едиң десем...

Мен отырман қыял менен,
Тал бизлерди күтипти көп.
Хабар айта алмай сеннен,
Хош бол деўге жарадым тек.

Әбдирахман Зергер
ноябрь 2023-жыл

@zergerqosiqlari

@QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

#поэзия

Кеўлиң кимге керек...!?
        
Көп узаққа кетпей, сезимнен басла,
Кимде не дерек бар сөзинен басқа!?
Қай көзден жас ақты мурның қанаса,
Кеўлиң кимге керек өзиңнен басқа?!

(Дәртти билген басқа, сезинген басқа),
Тас емес кесек дер езилген тасқа!
Соққы емес, босалаң тас айыплы..,
Кеўлиң кимге керек өзиңнен басқа?!

Сабыр ет, тарықпа төзимнен ҳасла!
Қан түкирме, төкпе көзиңнен жас да!
Жетим болар ҳасыл ердиң жүреги,
Кеўлиң кимге керек өзиңнен басқа?!

Сескенбестен қара үзилген басқа!
Жүрегиң ер болсын, өзиңнен қашпа!
Қайсы ата-бабаң еркелеп өткен!?
Кеўлиң кимге керек өзиңнен басқа?

Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне:5.XI.2023

@Poeziya_Abdirashit

@QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Жазыўшылар Аўқамының жуўаплы хаткери, жазыўшы Бекназар Ерназаров

@QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

"Мен әлі жарқ етемін, ант етемін"

Мені шыңға шығарар жолдар әлі,
Қазірге төбе белдер қолда бары.
Биіктесе қарғаның демі қысып,
Төмендесе қырандар олжа алады.

Төмен десе төмендер төмен десін,
Төмен сөзге белгілі бөгелмесім.
Көкейге сақтап жүрміз сөзімізді,
Көкейлерден көзіміз көгергесін.

Алдап кетіп арманның шоқтығы алдан.
Жасап жүрміз кей жырмен жоқты бардан.
Шыңыраудан шыңғырып шыға алмайсың,
Мықтап озып кетпесең мықтылардан.

Мені шыңға шығарар жолдар әлі,
Қазірге төбе белдер қолда бары.
Биіктесе қарғаның демі қысып,
Төмендесе қырандар олжа алады.

Белгісіздеу бірақ та олжағы әлі...

Мейрамбек Абдіқалиев

/channel/Meyrambek_poeziya

/channel/QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

💐Qutlıqlaw!

Búgin, jas dóretiwshi, óziniń sıńǵırlaǵan dawısı, ájayıp qosıqları menen bárshe ıqlasbentleriniń kewlinen orın alǵan shayıra Minara Qalbaevanıń dúnya esigin qaqqan kúni.🎉

Biz de óz gezeginde Minara ájapanı qutlıqlay otırıp, bekkem densawlıq, uzaq ómir, óshpes baxıt, aldaǵı mashaqatlı jumıslarında, dóretiwshiliginde tasqın tabıslar tilep qalamız!

Sheksiz húrmet penen
"Jas dóretiwshiler" jámááti.✨

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

КҮЛИП ЖҮР

Өзиң барда қайғы-ҳәсирет билинбеген,
Бир қуяшым едиң мудам күлимлеген,
Айтылмайды сөзлер енди гүлим деген,
Күлип жүр...

Ышқым мениң суўдан тынық, таңғы шықтай,
Жасар едим, йошлы айтылған қосықтай.
Жасадым ба жазмышымның исин уқпай,
Келип тур...

Сабыр, шыдам таўдай бийик, бекем еди,
"Сабырлыға сыйдың зоры" деген еди...
Ўәделериң өзге жанға шекембеди?
Өзиң бил...

Сынақ десе, не берсе де қайыл едим,
Сен деп жанып мен ақылы зайыл едим.
Жығылыўға жалғыз тек мен қайымбедим?
Ойлап көр.

Той күниңде көптен бурын тайын болдым,
Есик болды, төрги жақтан күткен орным.
Дер Мәжнүнлер: -Әне солай шайыр иним,
Аман жүр...

Әбдирахман Зергер




@zergerqosiqlari
@QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Ассалаўма әлейкум!

Жас дөретиўшилер клубы ендигиден былай рәсмий статусқа ийе емес. Қалған жағында тек ҳәрким, ҳәр админ өз еркинше пост салыўына ҳақылы. Биреўдиң салған постына биреў жуўапкер емес. Каналда салынған ҳәрқандай пост ушын ҳәрқандай жағдайда да постты (қосық, гүрриң, мақала ҳәм т.б) салған админ ҳәм пост авторы жуўапкер.

Дерлик 2 жылға шамалас ҳәрекетте болған клуб жанкүйерлерине, ықласбентлерине рахмет айтамыз.

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Халила Дәўлетназаров поэзиясынан

Қайдем....

@baxtiyarjumataev

@QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

#Мирәтнама

СИЗДЕН МИЙРАС БОЛЫП ЖАҚСЫЛЫҚ ҚАЛСЫН!

Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров 70 жаста!

Ҳүрметли әдебият шайдалары!

Сизлерди 7-ноябрь, саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында көпшилик жас дөретиўшилердиң устазы, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың 70 жасқа толыў мүнәсибети менен болып өтетуғын "Сизден мийрас болып жақсылық қалсын" атлы салтанатлы саз-сәўбет байрам кешесине мирәт етемиз.

Ҳүрмет пенен,
Жас дөретиўшилер клубы жәмәәти.

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

"Зийўар" көркем фильминен үзинди

Қасқалдаққа бир ағары май питсе,
Ғарқылдасып қонар көлин танымас.
Патшаның дәўлети қайтайын десе,
Көзине май питип елин танымас.

Әжинияз Қосыбай улы

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Жас дөретиўши, шайыр Н.Жангелдиев қәлемине тийисли "Нәпси бәлеси" атлы сахналастырылған спектакльге сизди мирәт етемиз...

Бул жетискенлиги менен Н.Жангелдиевти шын жүректен қутлықлаймыз.

Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың: @QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

❤️

Сайыз дәрьялардың, сайыз сөзлердиң,
Терең ийримлерин ҳәлсиз қылып қой.
Муҳаббат жолында мына бизлердей,
Ашықлар соқпағын қарсыз қылып қой.

Қус өтпес шөллердиң маралы яңлы,
Арқаның аязлы самалы яңлы,
Азияның айбатлы Аралы яңлы,
Бизди муҳаббатқа шөлиркетип қой.

Қыяслар гезбеген шөллерден жүргиз,
Нуратдин өтпеген көллерден өткиз,
Алтай таўларындай беллерге жеткиз,
Муҳаббат алдында сәўирлетип қой.

Ғәрип-Шаҳсәнемниң кеўли дағлансын,
Зуҳра-Тайырлардың сазы тарлансын,
Бизиң муҳаббатқа бәри таңлансын,
Қәлбимниң қызғынын ҳәўирли етип қой.

Аспан жулдызларын түсирип кетсин,
Түскен жулдызларды қус илип кетсин,
Бәрше сүйилгенлер қысынып кетсин,
Сүйиўдиң заңларын түсиндирип қой.

...еркимнен айырып асықтырып қой,
Мени жамалыңа ашық қылып қой!

Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ
17.07.2023


пурсат 🌿 пурсат 🌿 пурсат

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Бармақ ушым бултқа тийгенде
бултлардың келер қыдығы.
Силкинип-силкинип күлгенде
төгилер жамғыры.

Жамғыр қуйғанында аспаннан
қарайман көкке анықлап.
Кимдир күлдирген шығар деп
бултларды қыдықлап.

Атағулла Сатбаев
@atagulla_satbaev

Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉@QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Бәри өз орнында,
Бәри баяғыдай,
Өзимше бахытлыман –
Жөнсиз күлемен.
Көптен берли бир сырды жүрип-ем айтпай:
Мен сени жақсы көремен...

Календардан жулынар ески сәнелер,
Сени ойлаў менен ўақыт өткеремен.
Тил ушымда турған гәпти айтқым келер:
Мен сени жақсы көремен...

Туйғыларым жүз бурмаған жалғанға,
Шын айтаман өтириктен жырақ жүремен.
Айландыр мени бахытлы инсанға,
Мен сени жақсы көремен...

Жуўапсыз сораўлар мени қыйнайды,
Үнсиз ышқы жетегине еремен.
Түсин,
енди саған айтпасам болмайды:
Мен сени жақсы көремен...

Дийдарыңды көрсем қуўанар көзим,
Сениң күлкиң ушын жасап келемен.
Бир өмир ҳешкимге айпаған сөзим:
Мен сени жақсы көремен...

Сендей болмас жыйналса да мың сулыў,
Көзиң – теңиз!
Оған шөгип кетемен.
Қырсығым, жан жүрегим,
Бир сени
Тек сени
Мен сени жақсы көремен...

Атағулла Сатбаев



@atagulla_satbaev
@QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Шаршап тұрғандағы ойлар

(Мен түсімде қыран болып құс алғам,
Ал ертеңі сабағымнан үш алғам.)
Бір шыбықпен айдамақ боп өмірді,
Тіршілікке тұсалғам.

Ей тіршілік сен не деген қырсықсың,
Қырсықсың деп өзіме де ұрсыппын.
Ұлы бір іс жасамақ боп жүргенде,
Құрылыстан бір шықтым.

Жігіттіктің жөні осы деп есіріп,
Отқа, суға басып кеттік шешініп.
Тасып толған адамдай боп жүргенмен,
Ғашық болғам кешігіп...

Кімге обалым сұмыраймен сырласқан,
Бар ма амалым сыбайымды алмастан?!
Кім боламын деп жүремде... ақыры...
Күн боламын түн қашқан!

- Хмм)
Мырс етіп, суық тамшы желкеме кеп тырс етіп.
Тағы үстімнен күлді аспан...

Мейрамбек Абдіқалиев

/channel/Meyrambek_poeziya
/channel/QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

#поэзия

Иним
"Алтақлама, талтақлама!"
Бердақ

Еле талай асарсаң асқарлардан..!
Қуўғың келмей, қаларсаң қашқанлардан..!
Алдын ала ескерткеним, бир аўыз,
Қыянет бар еншиңде достан, ярдан!!!

Еле жутқан ҳәр демиң миннет болар!!!
Дос ғайбана мыйықтан күлмек болар..!
Ең баслысы бүкпе ҳасла қәддиңди,
Жигит басқа ғаўғалар зийнет болар.

Алтын гилтлер суғылып тас қулыпқа,
Гейде қояр қуйрықты бас қылып та,
.., "Шоңқы"ларың артыңнан атқан ўақта,
Душпаныңнан көрерсең жақсылық да.

Шала болар "Данышпан атам" десең!
Жала толар намыс ҳәм ўатан десең!
Туўғаныңа жақпай туўры сөзлериң,
Талап болар көпегиң "Надан" десең!

Жан болып, тәнге "Мени жибер!" дейсең...
Қан болып "Қай таң маған шөгер" дейсең...
Қосшым, жалған, бес күнлик, өткиншиде,
Лал болып, еҳҳей.., еле не көрмейсең!?

Серле..! Тигис билдирмей қурар қудай.
Белге қарап салмақты салар қудай.
Ҳәр кимнен қорқар Алладан қорқпаған.
Жанды өзи берер ҳәм алар қудай.

Сонлықтан қан түкирме жаў алдында!
Кесек болма тубалап таў алдында!
Әдалат деп қақсама! Дүнья жалған,
Мийўалы ағашқа тас жаўар бунда..!

Бир дәртке ҳәр түрли жылар ҳәр киси,
Буның бәри әсирлердиң тартысы..!
Дүнья қалған әкеңнен, сеннен қалар..,
Тозып кеткен бул пәлектиң гәрдиши!!!

Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне:10.XI.2023

@Poeziya_Abdirashit

@QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамының байрам қутлықлаўы


@QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Бугин филология илимлери докторы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы ағзасы Пердебай Нуржановтың 60 жыллық юбилейине бағышлап «Ҳәзирги қарақалпақ филологиясының әҳмийетли мәселелери» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция өткерилди.

Байрамда Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамының жуўаплы хаткери, жазыўшы Бекназар Ерназаров Жазыўшылар аўқамының қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм саўғаларын тапсырды.


@QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

ҲАҚҚЫМ ЖОҚ...!

Ярым ақшам, қыя ашылған перде,
Әтирапқа жамғыр ийси таралған.
Терезе алдында ашылған гүлге,
Ай киби күлимлеп, ынтық бағарман.

Қәлбим қоңыраўы шертилер ҳәсте,
Оның сыңғырында дәртли шох күлки.
Қулақ түр, көзди жум, тыңлап көр әсте,
Онда еситилер шүкирлик ҳәр күн.

Руўхым булытларда ушады жалғыз,
Өзиме қайтады, өзимнен кешип.
Оның қанатында мақсет толы күш.
Мәнзиллер жалғасар мәнзилге жетип.

Бәндиргиси болмас, тоқтаўсыз ўақыт,
Жеңимнен тартады туўры ҳәм қыя.
Түнлер үмит атлы шырақты жағып,
Күндизи сүрнигип егермен гия.

Бул жоллар соныңдай гөззал ҳәм сырлы.
Ҳаққым жоқ! - гүреспей, жеңилдим деўге.
Жарық бергим келер, арылтып муңды,
Демим таўсылмаса, тик турып геўдем.

Ҳаққым жоқ! -  "Өмирден шаршадым", деўге...

✍ Минара Қалбаева

@Moldir_tamshilar

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

ҚАРАҚАЛПАҚҚА
 
Таң алдында йош-илҳамым толғатып,
Қәлбим айтажағын қатты жаңлатып,
Маған шайырлықтың жолың аңлатып,
Таңғы тилегиңди түсирип хатқа,
Дейди бир арнаў жаз қарақалпаққа.
 
Биреў келип жаман атты тақпасын,
Оңға аққан дәрья солға ақпасын,
Бабалар гөринде жылап жатпасын,
Ылайықлы болып мақтаўлы атқа,
Берейин барымды қарақалпаққа.
 
Жақын билген ийман ҳәм де инсапты,
Бар дүньясын жақсы иске жумсапты,
Үш күн дүзде қалса елин аңсапты,
Шүкирлигим айтсам Жаратқан Ҳаққа,
Несибеси ушын, қарақалпаққа.
 
Ағын суўы, дәрья, арна, көли бар,
Кең жайлаўы, аңға толы шөли бар,
Бабам белгилеген уллы жолы бар,
Халқы айтса хызмет, турады таққа,
Тәрипке тил әззи қарақалпаққа.
 
Ошақ басы аман, сөнбей түтини,
Болса үлкен дарақ, еккен туқымы,
Қартайса орнында болып, күтими,
Кең дүньяны айландырмай дозаққа,
Алжасық жол берме, қарақалпаққа.
 
Керек емес басқа-басқа жемисиң,
Қайта инәм етсе Арал теңизин,
Толар толқын менен қайта кемисим,
Уқсап турса Туран жәннетий бағқа,
Жарасықлы болар қарақалпаққа.
 
Тең ҳүрметте, жақыны да жаты да,
Аға-ини, пиядасы, атлы да,
Тилегим саў болсын дейип бахтыма,
Сорансам қол жайып, жаратқан ҳаққа,
Ығбал-бахыт берсин қарақалпаққа.
 
Әбдирахман Зергер
@zergerqosiqlari

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

💐Қутлықлаў!

Бүгин достымыз, «Жас дөретиўшилер» клубының ағзасы Әбдирахман Қойлыбаевтың дүнья есигин ашқан күни.

Биз де өз гезегинде Зергер достымызды туўылған күни менен қутлықлай отырып, оған беккем денсаўлық, өмир ҳәм дөретиўшилик жолында тасқын табыс тилеймиз.

Шексиз ҳүрмет пенен
Жас дөретиўшилер жәмәәти.

@QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Дыққат!
Жас дөретиўшилер клубы өз искерлигин тоқтатып атыр. Енди тек телеграм канал болғаны менен, әмелде рәсмий илажлар өткерилмейди. Канал да өз искерлигин тез арада тоқтатыўы мүмкин. Биз бенен бирге болғаныңыз, қоллап-қуўатлағаныңыз ушын Рахмет.

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров Жас дөретиўшилер клубының ашылыў мәресиминде.

2021-жыл, 18-декабрь.

Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉
@QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

#Мирәтнама

СИЗДЕН МИЙРАС БОЛЫП ЖАҚСЫЛЫҚ ҚАЛСЫН!

Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров 70 жаста!

Усы жылдың 7-ноябрь күни саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың 70 жасқа толыў мүнәсибети менен "Сизден мийрас болып жақсылық қалсын" атлы салтанатлы саз-сәўбет байрам кешеси болып өтеди.

Халықты ардақлаған, халық ардақлаған шайырдың қуўанышын бөлисиўге, заўық алыўға гүллән халқымызды мирәт етемиз.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Jas dóretiwshiler

📹 Режиссёр Қудрат Атажановтың басшылығында сүўретке алынған бабамыз Әжинияз Қосыбай улы ҳаққындағы "Зийўар" көркем фильми.

Ютуб арқалы көриў:
👉https://youtu.be/PNuq3l5GieA?si=RhEXkZdUaab59U3O

Еслетпе: Бүгинги күнде шайыр бабамыз туўралы және бир көркем фильм сүўретке алынбақта.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…
Подписаться на канал