Жазыўшылар Аўқамының жуўаплы хаткери, жазыўшы
Бекназар Ерназаров
@QRjas_doretiwshiler
"Мен әлі жарқ етемін, ант етемін"
Мені шыңға шығарар жолдар әлі,
Қазірге төбе белдер қолда бары.
Биіктесе қарғаның демі қысып,
Төмендесе қырандар олжа алады.
Төмен десе төмендер төмен десін,
Төмен сөзге белгілі бөгелмесім.
Көкейге сақтап жүрміз сөзімізді,
Көкейлерден көзіміз көгергесін.
Алдап кетіп арманның шоқтығы алдан.
Жасап жүрміз кей жырмен жоқты бардан.
Шыңыраудан шыңғырып шыға алмайсың,
Мықтап озып кетпесең мықтылардан.
Мені шыңға шығарар жолдар әлі,
Қазірге төбе белдер қолда бары.
Биіктесе қарғаның демі қысып,
Төмендесе қырандар олжа алады.
Белгісіздеу бірақ та олжағы әлі...
Мейрамбек Абдіқалиев
/channel/Meyrambek_poeziya
/channel/QRjas_doretiwshiler
💐Qutlıqlaw!
Búgin, jas dóretiwshi, óziniń sıńǵırlaǵan dawısı, ájayıp qosıqları menen bárshe ıqlasbentleriniń kewlinen orın alǵan shayıra Minara Qalbaevanıń dúnya esigin qaqqan kúni.🎉
Biz de óz gezeginde Minara ájapanı qutlıqlay otırıp, bekkem densawlıq, uzaq ómir, óshpes baxıt, aldaǵı mashaqatlı jumıslarında, dóretiwshiliginde tasqın tabıslar tilep qalamız!
Sheksiz húrmet penen "Jas dóretiwshiler" jámááti.✨
КҮЛИП ЖҮР
Өзиң барда қайғы-ҳәсирет билинбеген,
Бир қуяшым едиң мудам күлимлеген,
Айтылмайды сөзлер енди гүлим деген,
Күлип жүр...
Ышқым мениң суўдан тынық, таңғы шықтай,
Жасар едим, йошлы айтылған қосықтай.
Жасадым ба жазмышымның исин уқпай,
Келип тур...
Сабыр, шыдам таўдай бийик, бекем еди,
"Сабырлыға сыйдың зоры" деген еди...
Ўәделериң өзге жанға шекембеди?
Өзиң бил...
Сынақ десе, не берсе де қайыл едим,
Сен деп жанып мен ақылы зайыл едим.
Жығылыўға жалғыз тек мен қайымбедим?
Ойлап көр.
Той күниңде көптен бурын тайын болдым,
Есик болды, төрги жақтан күткен орным.
Дер Мәжнүнлер: -Әне солай шайыр иним,
Аман жүр...
Әбдирахман Зергер
@zergerqosiqlari
@QRjas_doretiwshiler
Ассалаўма әлейкум!
Жас дөретиўшилер клубы ендигиден былай рәсмий статусқа ийе емес. Қалған жағында тек ҳәрким, ҳәр админ өз еркинше пост салыўына ҳақылы. Биреўдиң салған постына биреў жуўапкер емес. Каналда салынған ҳәрқандай пост ушын ҳәрқандай жағдайда да постты (қосық, гүрриң, мақала ҳәм т.б) салған админ ҳәм пост авторы жуўапкер.
Дерлик 2 жылға шамалас ҳәрекетте болған клуб жанкүйерлерине, ықласбентлерине рахмет айтамыз.
#Мирәтнама
СИЗДЕН МИЙРАС БОЛЫП ЖАҚСЫЛЫҚ ҚАЛСЫН!
Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров 70 жаста!
Ҳүрметли әдебият шайдалары!
Сизлерди 7-ноябрь, саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында көпшилик жас дөретиўшилердиң устазы, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың 70 жасқа толыў мүнәсибети менен болып өтетуғын "Сизден мийрас болып жақсылық қалсын" атлы салтанатлы саз-сәўбет байрам кешесине мирәт етемиз.
Ҳүрмет пенен,
Жас дөретиўшилер клубы жәмәәти.
"Зийўар" көркем фильминен үзинди
Қасқалдаққа бир ағары май питсе,
Ғарқылдасып қонар көлин танымас.
Патшаның дәўлети қайтайын десе,
Көзине май питип елин танымас.
Әжинияз Қосыбай улы
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
❤️🧿
Тәғдиримнен күткен бахтым сен шығар...
Жулдызлардан маржан терип таққанбыз,
Хан, Патшаны ышқ отында жаққанбыз,
Бир сөз ушын дүняға от қойған қыз,
Дәслепки бас ийген жери сен шығар.
Ҳеш кимсе тик келмес еди жүзиме...
Таң жулдызын сырлас билдим өзиме,
...Ҳәм көзимди алып қаштым көзиңнен,
Менменликти жеңген жерим сен шығар.
Жасар едим қәпестеги дүр болып,
Ҳәм сен келдиң алп-азамат ер болып,
Үстиртимниң кең даласын шарқ урып,
Бүркит болып ушқан жерим сен шығар.
Кеўил байғус әсир болды билместен,
Алыс кетсем... "Қәлбим нуры сен!" десең,
Қайтар едим ҳәтте барса келместен,
Тәғдиримнен күткен бахтым сен шығар.
Сарбиназ Айтмуратова
@sen_haqqinda🍁
ҚОСЫҚ ДЕП АТАЛМЫШ КӨШТИҢ БАСЫНДА
(Халық шайыры шайыр Халила аға Даўлетназаровтың 70 жыллық тойына)
Кеўли ҳақ, көп болды сүйип жазары,
Сөз бағынан тергенлери мазалы,
Бәршеге мийирман, жоқдүр ҳазары,
Устаз Халил шайыр жетпис жасында.
Халқабат тәрепте өтип балалық,
Дуз буйырып болып кеткен қалалық,
Несип еткен шын шайырлық, даналық,
Халқы сүйген шайыр жетпис жасында.
Тилинде ҳасыл сөз "Бисмилла", "Әлҳам",
Турғансоң, кеўлинде тасып тур илҳәм,
Қабарған кеўилге сөз таўып мәлҳам
Халқын сүйген шайыр жетпис жасында.
Артта қалып, жаслық дәўир белеси,
Тапландырған, татлы өмир гүреси,
Қосықларда, елиў пайыз үлеси,
Қудай қосқан сәўер яры қасында,
Дийдарласып талай бәҳәр, гүз бенен,
Талай устаз жүрип өткен из бенен,
Киятыр, мәрдана жарық жүз бенен,
Қосық деп аталмыш көштиң басында.
Раўаж ОТАРБАЕВ
03.11.2023
@QRJas_doretiwshiler
Янги китоб
ХАЗОНРЕЗГИ
(Қиссалар, бадиалар, шеърлар,адабий тадқиқотлар)
Мазкур тўпламга таниқли қорақалпоқ адиби Узақбай Пиржановнинг ўтган аср ўрталаридан бошлаб яратган насрий ва назмий асарларидан намуналар ҳамда унинг ижоди таҳлилига бағишланган мақолалар киритилди. Уларнинг мутолаасига киришар экансиз, орадан йиллар ўтган бўлса-да, бу асарлар ўз оҳори ва жозибасини йўқотмаганига гувоҳ бўласиз. Сўз қудрати, адабиёт сеҳридан далолат этувчи мазкур тўплам, ўйлаймизки, Сизни ҳам бефарқ қолдирмайди.
Лойиҳа раҳбари: Сирожиддин САЙЙИД
Масъул муҳаррир ва сўзбоши муаллифи: Шойим Бўтаев
Тўпловчилар: Лира Пиржанова, Гўзал Пиржанова
Китоб: Ўзбекистон Ёзувчилар уюшмаси
ҳомийлигида чоп этилди.
Нашриёт: "АДАБИЁТ"
Ўзбекистон Ёзувчилар уюшмаси ахборот хизмати
-Muhabbet pe?
-Awa, taģı muhabbet!
Shayır demek-sezimlerge qul demek...
Jırlamawģa bir sebebin tabarsań,
Men tabaman jırlaw ushın mıń sebep!
Sezim-bólek, onı sóylew bir bólek.
Sóylew ushın shayırana til kerek.
Basqalarday jasawģa da boladı,
Onıńdayģa kónbeydi de bul júrek.
Túsinbeyseń, sen sezimdi bilmeyseń.
"Jáne ıshqı!"-deyip meni tergeyseń.
Sezim meni qara tútin etedi,
Onıń jawız qúdiretin kórmeyseń.
Saģan ańsat tıńlaw, baha beriw de.
Unatıw da yáki tómen kóriw de.
Maģan qıyın tasqın aģıs sezimdi,
Qıynalaman tórt qatarģa bóliwge.
Saģan bul tek mázi sózler dizbegi,
Al, hijranım kórinbeydi izdegi.
Hárbir qosıq-júregimniń buyrıģı,
Jat kewiller serlemedi, sezbedi.
Sezbeydi-aw, bazı adamlar sezbeydi,
"Qanģıģan gáp, tentiregen sóz" deydi.
Ishi gewek sezim qádrin ne bilsin?
Menlik kewil ózindeydi izleydi...
Mine, solay! Menlik ahwal sır emes.
Janlı súygi-ápiwayı jır emes!
Tutqınlamań meni bunday dúnyaģa,
Men basqaman! Meniń dúnyam bul emes!
@qademler
Isamatdinova Ulbosın
Янги таржима
БАБУРНАМА
Заҳриддин Муҳаммад Бобурнинг “Бобурнома” асари кўплаб хорижий тилларга таржима бўлган. Энди эса бу асар қардош қорақалпоқ тилига ўгирилди. Асар ушбу тилга биринчи марта тўлиқ таржима қилинди. Таржима устида қатор таниқли адиблар меҳнат қилди ва ниҳоят ишни охирига етказди. Бу хушхабар кўпчиликни хурсанд қилиши аниқ.
“Бобурнома”да воқеалар муаллифнинг ўз бошидан кечирганлари ва ўша узоқ замонларнинг тарихий фактлари билан туташиб кетади. Шу сабаб ҳам китобхон шоҳзода Бобурни, ошиқ Бобурни, шоҳ Бобурни ва унинг жанглардаги мардликларини китоб матни орқали теран ҳис қилади. Китоб муаллифи, яъни Бобур қулига қалам олиб ўз бошидан кечирганлари, курганлари, эшитганларини ҳаққоний баён қилишга аҳд қилади ва умрининг сўнгги дамларигача аҳдига содиқ қолади. Шу сабабли бу асар қадрланади ва жаҳоннинг кўп тилларига таржима қилинган. Асардаги ушбу ғоялар қорақалпоқ тилида ҳам акс эттирилди.
Ҳомий: Ўзбекистон Ёзувчилар уюшмаси
Нашриёт: “Sahhof”
Ўзбекистон Ёзувчилар уюшмаси Ахборот хизмати
Фонд есабаты
50 000 сум- "Жеткиншек" газетасына 2 айға жазылдық. Айына 25 мың сумнан. (23.10.2023)
200 000 сум -"Әдебий пәрўаз" кешесине музыкалық аппаратура, колонкалар ўақытша алып турылды. (24.10.2023)
Бугин филология илимлери докторы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы ағзасы Пердебай Нуржановтың 60 жыллық юбилейине бағышлап «Ҳәзирги қарақалпақ филологиясының әҳмийетли мәселелери» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция өткерилди.
Байрамда Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамының жуўаплы хаткери, жазыўшы Бекназар Ерназаров Жазыўшылар аўқамының қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм саўғаларын тапсырды.
@QRjas_doretiwshiler
ҲАҚҚЫМ ЖОҚ...!
Ярым ақшам, қыя ашылған перде,
Әтирапқа жамғыр ийси таралған.
Терезе алдында ашылған гүлге,
Ай киби күлимлеп, ынтық бағарман.
Қәлбим қоңыраўы шертилер ҳәсте,
Оның сыңғырында дәртли шох күлки.
Қулақ түр, көзди жум, тыңлап көр әсте,
Онда еситилер шүкирлик ҳәр күн.
Руўхым булытларда ушады жалғыз,
Өзиме қайтады, өзимнен кешип.
Оның қанатында мақсет толы күш.
Мәнзиллер жалғасар мәнзилге жетип.
Бәндиргиси болмас, тоқтаўсыз ўақыт,
Жеңимнен тартады туўры ҳәм қыя.
Түнлер үмит атлы шырақты жағып,
Күндизи сүрнигип егермен гия.
Бул жоллар соныңдай гөззал ҳәм сырлы.
Ҳаққым жоқ! - гүреспей, жеңилдим деўге.
Жарық бергим келер, арылтып муңды,
Демим таўсылмаса, тик турып геўдем.
Ҳаққым жоқ! - "Өмирден шаршадым", деўге...
✍ Минара Қалбаева
@Moldir_tamshilar
ҚАРАҚАЛПАҚҚА
Таң алдында йош-илҳамым толғатып,
Қәлбим айтажағын қатты жаңлатып,
Маған шайырлықтың жолың аңлатып,
Таңғы тилегиңди түсирип хатқа,
Дейди бир арнаў жаз қарақалпаққа.
Биреў келип жаман атты тақпасын,
Оңға аққан дәрья солға ақпасын,
Бабалар гөринде жылап жатпасын,
Ылайықлы болып мақтаўлы атқа,
Берейин барымды қарақалпаққа.
Жақын билген ийман ҳәм де инсапты,
Бар дүньясын жақсы иске жумсапты,
Үш күн дүзде қалса елин аңсапты,
Шүкирлигим айтсам Жаратқан Ҳаққа,
Несибеси ушын, қарақалпаққа.
Ағын суўы, дәрья, арна, көли бар,
Кең жайлаўы, аңға толы шөли бар,
Бабам белгилеген уллы жолы бар,
Халқы айтса хызмет, турады таққа,
Тәрипке тил әззи қарақалпаққа.
Ошақ басы аман, сөнбей түтини,
Болса үлкен дарақ, еккен туқымы,
Қартайса орнында болып, күтими,
Кең дүньяны айландырмай дозаққа,
Алжасық жол берме, қарақалпаққа.
Керек емес басқа-басқа жемисиң,
Қайта инәм етсе Арал теңизин,
Толар толқын менен қайта кемисим,
Уқсап турса Туран жәннетий бағқа,
Жарасықлы болар қарақалпаққа.
Тең ҳүрметте, жақыны да жаты да,
Аға-ини, пиядасы, атлы да,
Тилегим саў болсын дейип бахтыма,
Сорансам қол жайып, жаратқан ҳаққа,
Ығбал-бахыт берсин қарақалпаққа.
Әбдирахман Зергер
@zergerqosiqlari
💐Қутлықлаў!
Бүгин достымыз, «Жас дөретиўшилер» клубының ағзасы Әбдирахман Қойлыбаевтың дүнья есигин ашқан күни.
Биз де өз гезегинде Зергер достымызды туўылған күни менен қутлықлай отырып, оған беккем денсаўлық, өмир ҳәм дөретиўшилик жолында тасқын табыс тилеймиз.
Шексиз ҳүрмет пенен
Жас дөретиўшилер жәмәәти.
@QRjas_doretiwshiler
Дыққат!
Жас дөретиўшилер клубы өз искерлигин тоқтатып атыр. Енди тек телеграм канал болғаны менен, әмелде рәсмий илажлар өткерилмейди. Канал да өз искерлигин тез арада тоқтатыўы мүмкин. Биз бенен бирге болғаныңыз, қоллап-қуўатлағаныңыз ушын Рахмет.
Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров Жас дөретиўшилер клубының ашылыў мәресиминде.
2021-жыл, 18-декабрь.
Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉@QRJas_doretiwshiler
#Мирәтнама
СИЗДЕН МИЙРАС БОЛЫП ЖАҚСЫЛЫҚ ҚАЛСЫН!
Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров 70 жаста!
Усы жылдың 7-ноябрь күни саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың 70 жасқа толыў мүнәсибети менен "Сизден мийрас болып жақсылық қалсын" атлы салтанатлы саз-сәўбет байрам кешеси болып өтеди.
Халықты ардақлаған, халық ардақлаған шайырдың қуўанышын бөлисиўге, заўық алыўға гүллән халқымызды мирәт етемиз.
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
📹 Режиссёр Қудрат Атажановтың басшылығында сүўретке алынған бабамыз Әжинияз Қосыбай улы ҳаққындағы "Зийўар" көркем фильми.
Ютуб арқалы көриў:
👉https://youtu.be/PNuq3l5GieA?si=RhEXkZdUaab59U3O
Еслетпе: Бүгинги күнде шайыр бабамыз туўралы және бир көркем фильм сүўретке алынбақта.
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
«Дәўлетли ел ағасы»
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, «Өзбекстан Қахарманы» Муса Тәжетдинович Ерниязовтың «Дәўлетли ел ағасы» атлы китабы баспадан шығарылды.
Бул китап 1000 нусқада басып шығарылған болып, оның ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум қарары менен керекли қаржы ажыратылды.
Китапта Муса Тәжетдинович Ерниязовтың өмир жолы, халық хожалығының барлық тараўларын раўажландырыў жолындағы 18 жыллық мийнетлери баян етилген болып, қахарманымыздың ел ийгилиги ушын ислеген пидәкерлик мийнетлери ылайықлы сүўретленген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
ШАЙЫРЛЫҚ МЕКТЕБИН ЖАРАТҚАН УСТАЗ
Әбдиқадир Қайыповтың 60 жыллық юбилейине бағышланған "ШАЙЫРЛЫҚ МЕКТЕБИН ЖАРАТҚАН УСТАЗ" атамасындағы қосықлар топламы талантлы жас шайырлар Ниетулла Жангелдиев ҳәм Әбдирахман Қойлыбаевлар тәрепинен баспаға таярланды.
ТОПЛАМҒА ҚОСЫҚЛАРЫ КИРГЕН АВТОРЛАРДЫҢ
ДИЗИМИ
Бийбайым Айтмуратова
Азат Айтмамбетов
Дилбар Айтжанова
Ермекбай Акимбаев
Перида Аллекеева
Жаңабай Анетеев
Муратбай Бабаназаров
Зульфия Бабаниязова
Ыразбек Базарбаев
Жаңабай Баймуратов
Баҳадыр Байназаров
Манзура Бауенова
Толыбай Генжемуратов
Ҳүрлиман Дощанова
Муҳаббат Ешимбетова
Ниетулла Жангелдиев
Зульфия Жийемуратова
Улзада Жолдасова
Абатбай Крамов
Жақсыбек Қайпов
Сансызбай Қанназаров
Аңсатбай Қаражанов
Турғанбай Қарлыбаев
Әбдирахман Қойлыбаев
Гүлзар Қурбанбаева
Сағынбай Қурбанов
Лейла Мунтаева
Жупар Мухаметдинова
Еркинбай Наметов
Қудайберген Наўрызбаев
Сексенбай Пирланов
Қазақбай Пирманов
Орынгүл Пирниязова
Минайхан Пурханова
Гүлистан Реймова
Халбай Рейпназаров
Султанбек Сайымбетов
Гүлмарей Султанова
Гүлзар Төреева
Ҳамид Убайдуллаев
Назлымхан Узақова
Жанибек Үсенов
Бийбимәрьям Утамбетова
Жаңабай Хожалепесов
Сейдамет Хожаметов
Гүлжәҳән Хожаметова
Азима Хожаметова
Саҳипжамал Шааддинова
Наргиза Юлдашева.
ШАЙЫРЛЫҚ МЕКТЕБИН ЖАРАТҚАН УСТАЗ атамасындағы китап презентациясы усы жылдың 13-ноябрь сәнесинде саат 10:00 де Жазыўшылар аўқамының үлкен залында болып өтеди. Соның менен бирге усы күни болып өтетуғын шайыр ағамыздың 60 жыллық юбелейине арналған той дастурқанына бәршени мирәт етип қаламыз.
Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉 @QRJas_doretiwshiler
ЕСКИ СҮРЕНЛЕР
(Сорша қойымшылығындағы ойлар)
Ядыма түседи мениң бәрхәмә,
Темир таңбаларды усласам бекем.
Бир сүйек ушында қазылар қала,
Табылмай атырған бенде ким екен?.
Хүкими аўырлаў болғанға усап,
Қышқырық сөнеди, даўысы тал-тал.
Бир сести басқасы таслайды тусап,
Демек жалғыз емес, басқаларда бар.
Олар излеп жүрген шығар денесин,
Тири топырақтан бир-бир суўырып.
Бәлким баслап атқан өли кеңесин,
Әрўағы өмирге қайта туўылып.
Сонда самал келер геўек күшинде,
Енди бәрин жулқып ушырып кетер.
Және жалғыз қалдым ойлар ишинде,
Мүмкин тирилигим өзиме жетер.
Бирақ бул жер неге үнсиз мудамы,
Ақыр ол дүняның азабы қайда.
Себеп бир мәртебе берилер өмир,
О дүня азабын биз еттик пайда.
Бәрибир жақсы сөз сүренин айтып,
Жасаўға қуштарлық кеўлимиз шайда.
Бир күни бизге де тәкирарлар қайтып,
Сол ески сүренлер, сол ески жайда.
Қанаат тобығын тиреп ақыры,
Залым сезимлерден зақым алады.
Адамзат хәр сапар тәғдирден қашып,
Өзи өлимине жақын барады.
Мен қалай ақылға санап барлығын,
Дүня кең деп изге қайтып кетемен.
Тек өлиге емес жердиң тарлығы,
Билген сүренлерди айтып кетемен.
Ески сүренлерди, ески сүренди!
Рәсүлий
@pinxamisoz
Муҳаммеддин де жеңимпаз болды
"Ўатан раўажланыўына мениң үлесим" таңлаўының Хожели районлық басқышы болып өтти. Онда «Әдебият ҳәм публицистика» жөнелиси бойынша клубымыз ағзасы Муҳаммеддин Айтжанов биринши орынды алып, Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.
Биз М. Айтжановқа кейинги басқышларда табыс тилеймиз!
Еслетип өтемиз, таңлаўдың Нөкис қалалық басқышында клубымыз ағзасы Атағулла Сәтбаев жеңимпаз болған еди.
@QRJas_doretiwshiler
Бизиң Сағынға
орденлер жүдә ҳәм жарасады!
Қутлықлаўлар қабыл етемиз
Қазақ баўырларымыз бизиң
Сағынды алтын орден менен сыйлады.
Әдиўли заманласлар!
Жас дөретиўшилерди, жаслар әдебиятын қоллап-қуўатлаўды қәлесеңиз бизиң фондымызға қолыңыздан келгенше жәрдем етсеңиз болады. Фонд қаржылары түрли әдебий кешелер, таңлаўлар, қайыр-сақаўат ислери ҳәм басқа да илажларға сарыпланады ҳәм бул бойынша каналда ҳәр жумсалған қаржыдан соң есабат жәрияланып барылады.
Клик: 8600120453376843
Муслима Мәмбетниязованың атында
Тел: +998993431621
Әдебиятымыз қәўендерлери ушын ашылған арнаўлы канал:
@fond_jas_doretiwshiler
Кеўил билдириў
Усы жылдың 29-октябрь күни Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты – Жийенбай Избасқанов дүньядан өтти.
Ж.Исбасқанов 1949-жылы 12-июньда Шоманай районында туўылған. 1972-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин питкерип, жумысын дәслеп өзи туўылған районындағы мектепте муғаллим болып ислеўден баслайды. Соңынан Қарақалпақстан телевидениеси ҳәм радиоеситтириў комитетинде, республикалық басылымларда, Жазыўшылар аўқамында жуўапкершиликли лаўазымларды атқарды.
Жийенбай Избасқанов 1982-жылдан жазыўшылар аўқамының ағзасы болды.
Оның «Тулпар ҳаққында баллада» (1975), «Жаз өткенде» (1978), «Лирика дәптеринен» (1982), «Өмирге қуштарлық» (1987), «Мухаббаттың алмаз қырлары» (1990), «Мен күткен күн» (1993), «Жоллар узақ» (1995), «Сағыныш паслы» (2009) сыяқлы бир қатар поэзиялық топламлары оқыўшылар кеўлинен орын алды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси жәмәәти марҳумның шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтады.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter