#OAV_BIZ_HAQIMIZDA📹
#QORAQALPOGʻISTON_RESPUBLIKASI🚩
❤️Qoraqalpog‘iston telekanalining "Xabar" informatsion dasturida Qo‘ng‘irot tumani "Qoraqalpog‘iston" PFY hududidagi o‘zgarishlar haqida reportaj tayyorlandi.
✅Telegram | ✅Facebook |📹avtomobilyollariqomitasi114">You Tube 🌐 Website
«Әжинияз» кѳркем-публицистикалық фильминиң премьерасы өткерилди
Бүгин Қарақалпақстан көркем өнер сарайында әдебиятымызда ѳшпес из қалдырған уллы ойшыл шайырымыз Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен халқымызға инәм етилип атырған «Әжинияз» кѳркем-публицистикалық фильминиң премьерасы болып өтти.
Толық оқыў
—
«Әжинияз» бадиий-публицистик фильмининг премьераси бўлиб ўтди
Бугун Қорақалпоғистон санъат саройида адабиётимизда ўчмас из қолдирган буюк мутафаккир шоиримиз Ажиниёз Қўсибой ўғлининг 200 йиллиги муносабати билан халқимизга туҳфа этилаётган «Әжинияз» бадиий-публицистик фильмининг премьераси бўлиб ўтди.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐joqargikenes">YouTube
#сиз_ушын_пайдалы
⁉️ Зыянкеслерден қутылыўдың нәтийжели усылын билесиз бе?
Билесиз, зыянлы жәнликлер атыз өнимлериниң зүрәәтине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетеди. Кейинги ўақытлары буған қарсы гүресиў ушын биологиялық усыллардан кең пайдаланылмақта.
Қәнигелердиң сөзлерине бола, буған қарсы гүресиўде алтынкөзден пайдаланыў жақсы нәтийже береди.
Толық мағлыўмат пенен жоқарыдағы видео арқалы танысыўыңыз мүмкин.
📹 Видеоны жақынларыңызға тарқатың.
⚡️ «Ózbekstan – ulıwma úyimiz» atamasında ilaj bolıp ótti
❇️ Búgingi kúnde elimizde 130 dan aslam millet wákilleri tatıw hám awızbirshilikte jasap, miynet etip, úrp-ádet hám dástúrlerine húrmet penen qarap, hár bir milletke tiyisli bayramlardı keń túrde belgilewge ayrıqsha itibar qaratılǵan.
♻️ "Xorezm" APJ aymaǵında jaylasqan 6-sanlı ulıwma bilim beriw mektebinde «Ózbekstan – ulıwma úyimiz», «Milletler aralıq doslıq, keńpeyillik – Ózbekstan rawajlanıwınıń tiykarı» atamasında ruwxıy-aǵartıwshılıq ilaj bolıp ótti.
🔰 Ilajǵa Din isleri boyınsha komitettiń rayon boyınsha bas qánigesi Yu.Kalekeev hám Respublika Ruwxıylıq hám aǵartıwshılıq orayı rayonlıq bolimi baslıǵı U.Tilewmuratovalar qatnastı.
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
Aǵza bolıw:
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Заковат_интеллектуал_ойыны
#Қарақалпақстан_ППЖ
"Қарақалпақстан" ППЖда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қоңырат районлық бөлими тәрепинен посёлкадағы мекеме ҳәм шөлкемлерде ислеўши хызметкерлери арасында, "Заковат" интеллектуал ойыны шөлкемлестирилди.
"Заковат" интеллектуал ойынына жәми 5 команда қатнасып, 25 ке жақын хызметкерлер қамтып алынды.
Интеллектуал ойын жуўмағына көре:
1-орынды 56-мектеп командасы
2-орынды 26-мектеп командасы
3-орынды 29-МШБШ командасы ийелеп, қатнасыўшыларға Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қоңырат районлық бөлими тәрепинен диплом ҳәм китаплар саўға етилди.
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Дыққат_вакансия
⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.
🔷 Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги:
▫️ “Қорасон” МПЖ да ҳәким жәрдемшиси.
🔷 Мәмлекетлик салық басқармасы:
▫️ Қоңырат районы салық инспекциясы: бас есапшы (0,5 ставка)
▫️ Мойнақ районы салық инспекциясы: мәмлекетлик салық инспекторы (сектор).
🔷 Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги:
▫️ Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм ҳуқуқый қадағалаў секторы баслығы.
🔷 Кегейли районы ҳәкимлиги:
▫️ “Абат” АПЖ да ҳәким жәрдемшиси.
🔷 Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:
▫️ Қоңырат районлық бөлими: “Қашы” МПЖда жаслар жетекшиси.
🔷 Шоманай районы ҳәкимлиги:
▫️ Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша бас қәниге.
🔷 Аўыл хожалығы министрлиги:
▫️ Қанлыкөл районлық бөлими: жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы бас қәнигеси
❗️Aрзалар 20.11.2024-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.
➖ Ҳүжжетлерди жибериў бойынша видеоқолланба.
@ARGOS_QR
#сиз_ушын_пайдалы
⁉️ Үй шараятында суў фильтрин қалай ислеймиз?
Үйдеги ишимлик суўы қурамындағы аўыр метал ҳәм дузлар қайнатқан менен де қалып қояды. Ал, фильтрлер болса басқалар ушын қымбат болыўы мүмкин.
Үй шараятында да суў фильтрлерин ислеўге болады. Буны жоқарыдағы видеодан билип аласыз.
📹 Видеоны үйине фильтр орнатыўы керек достыңызға жибериң.
#COP29
#WeAreIndivisible
#EcoSchoolsUzbekistan
Бокуда ўзбекистонлик экология фаолларининг тақдимоти бўлиб ўтди.
«Замин» фонди Васийлик кенгаши раиси Зироат Мирзиёева COP29 ёш иштирокчиларининг тайёргарлигини юқори баҳолади.
SMTI direktori Jeneva xavfsizlik siyosati markazida uchrashuv o‘tkazdi
11-noyabr kuni SMTI direktori Eldor Aripov Jeneva xavfsizlik siyosati markazi (GCSP) direktori Tomas Greminger bilan uchrashuv o‘tkazdi.
Uchrashuvda O‘zbekistonda amalga oshirilayotgan keng ko‘lamli islohotlar natijalari muhokama qilindi. Ta’kidlanganidek, so‘nggi bir necha yil ichida mamlakat tubdan o‘zgardi. Iqtisodiyot jadal rivojlanmoqda, tadbirkorlar uchun yangi imkoniyatlar yaratilmoqda, fuqarolarni ijtimoiy himoya qilish choralari takomillashtirilmoqda.
Batafsil
#Кеңпейиллик_ҳәптелиги
Qońırat rayonı MShMBB ne qaraslı 35-sanlı ayırım pánlerdi tereńlestirip oqıtıwǵa arnalǵan klası bar UBB mektebinde "Keńpeyillik" hápteligi sheńberinde "Ózbekstan- kóp milletli, keńpeyil úlke" uranı astında keshe ótkerildi.
Mektepte 1082 den aslam oqıwshılar tálim-tárbiya almaqta. Segizden aslam millet wákilleri bir jaǵadan bas, bir jeńnen qol shıǵarıp, oqıp bilim almaqta. Keshede oqıwshılar milliy qádiriyatlardı ózinde sáwlelendiriwshi, hár túrli millet wákilleri kiyimlerinde óz shıǵıwların kórsetti, kózgizbe shólkemlestirildi, túrli milletlerdiń qosıqların aytıp, ayaq oyınlar oynadı.
Bunday ilajlar ósip kiyatırǵan jas áwladtı respublikamızda jasap turǵan túrli millet wákilleriniń tili, mádeniyatı, úrip-ádetleri, dástúrlerin saqlaw hám rawajlandırıwǵa, mámleketimiz rawajlanıwına óz úlesin qosıwǵa, jámiyette kóp milletli úlken shańaraq sezimin, milletler aralıq tatıwlıq hám diniy keńpeyillikti jáne de bekkemlewge xızmet etedi.
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Қырғаўылларды көбейтиў жолға қойылмақта
Бүгин мәмлекетимиз аймағындағы тоғай аймақларын, ондағы өсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньясын асыраў, бар болған тоғайлардың потенциалынан және де нәтийжели пайдаланыў ҳәм көбейтиў, аймақлардың әкологиялық жағдайын жақсылаў үлкен әҳмийетке ийе.
Қоңырат мәмлекетлик тоғай- аңшылық хожалығы фонды жерлеринде ҳайўанатлар дүньясын қорғаў, тоғайларды қайта тиклеў, мәдений тоғайзарлар жаратыў, аңшылық хожалығы фондын кеңейтиў, оларды қорғаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Жақында тоғай- аңшылық хожалығында қырғаўылхана шөлкемлестирилди ҳәм 40 бас Кавказ қырғаўылы алып келинди. "Қызыл китап"қа киргизилген бул қырғаўылларды көбейтиў жолға қойылып, олардың өсиў шараяты, көбейиўи, сақланыўы үйренилмекте.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
❗️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ
Бүгин "Қумбыз" МПЖ аймағындағы ишимлик суў тармағында авариялық жағдай жүз бергенлиги себепли, саат 09:00 ден 18:00 ге шекем "Қумбыз" МПЖ, "Моншақлы" МПЖ, "Алтынкөл" ППЖ ,"Бердақ" МПЖ, "Қашы" МПЖ,"Ханжап" МПЖ,"Таллық" МПЖ , "Қаратал" МПЖ ҳәм "Әжинияз" АПЖ аймақларындағы хожалықларға ишимлик суў жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылып турылатуғынлығын хабарлаймыз.
Оңлаў жумыслары жуўмақланғаннан соң ишимлик суў тәмийнаты қайта тикленеди.
"Қоңырат районы суў тәмийнаты" филиалы
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Углерод оксиди - реңсиз , дәмсиз, ийиссиз зәҳәрли газ есапланады. Ол тәбиятта ең көп тарқалған зәҳәрлеўши газлердиң бири болып, ҳәр қандай жанылғы: тәбийий газ, бензин, дизель, мазут, көмир, отын шоқларының шала жаныўы ақыбетинде келип шығады.
Гүз -қыс мәўсими халық арасында газден зәҳәрлениў менен байланыслы айрықша жағдайлар көбейетуғын мәўсим.
Мағлыўматларға қарағанда, бул мәўсимде жүз берип атырған айрықша жағдайлардың тийкарғы бөлеги энергия ресурсларынан пайдаланыў қағыйдаларының бузылыўы менен байланыслы.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер Министри Б.Төребеков, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығы А.Давлетов, район ҳәкими Б.Мадаминовтың басшылығында
болып өткен мәжилисте мине усы мәселелер ҳаққында сөз болды. Оған райондағы мекеме ҳәм шөлкем басшылары, мәҳәлле жетилиги қатнасты.
Пуқаралардың газ ҳәм көмир, отын ҳәм басқа жанылғы түрлеринен пайдаланғанда қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпеўи, стандартқа жуўап бермейтуғын яки сертификатқа ийе болмаған ысытыў үскенелеринен пайдаланыўы, морыларды надурыс орнатыў ҳәм өз ўақтында техникалық көриктен өткермеўи бундай кеўилсиз жағдайларға себеп болып атырғанлығы мысаллар менен түсиндирилди.
Жыйналыста гүз- қыс мәўсиминде жүз бериўи мүмкин болған өрт, газ ҳәм ҳаўа араласпасының шақнаўы ҳәм газден зәҳәрлениўдиң алдын алыў мақсетинде халық арасында үгит-нәсият жумысларын еле де күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
"Ашық есиклер күни" нде коррупция мәселеси
"Халық аралық коррупцияға қарсы гүресиў күни" мүнәсибети менен республикамызда өткерилип атырған Аксилкоррупция айлығы шеңберинде "Ашық есиклер күни" өткерилди. Онда ҳуқық қорғаў уйымлары, районлық медициналық бирлеспе хызметкерлери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қоңырат районы ИИБ баслығының биринши орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы, полковник Б.Булатов, ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы, майор Ж.Утениязова, пробация топары инспекторы К.Сулеймановлар сөзге шығып, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында қабыл етилип атырған нызамлардың ҳәм ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-әҳмийетине тоқтап өтти. Коррупция жынаяты ушын нызамшылықта нәзерде тутылған жаза шаралары, коррупциялық жағдайларды кемейтиў бойынша әмелге асырылып атырған қадағалаў профилактикалық жумыслар ҳаққында түсиниклер берилди.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
📌Қоңырат районлық 8-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Миллетлер аралық татыўлық- Тынышлық белгиси» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди.
🔰Илажға Дин ислери комитетиниң Қоңырат районлық бас қәнигеси Ю.Қалекеев, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қоңырат районлық бөлими қәнигеси А.Туреевлар қатнасты.
❇️Илажда сөзге шыққанлар, мәмлекетимизде түрли миллет ўәкиллери беккем аўызбиршиликте жасап, олардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, соныӊ ишинде, миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлерин раўажландырыў, билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ушын барлық шараят жаратылғанлығын, сондай-ақ, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, социаллық-руўхый орталықты тәмийинлеў, халықты разы етиў бағдарында бүгинги күни алып барылып атырған реформалар өзиниӊ унамлы тәсирин тийгизип атырғанлығын айрықша атап өтти.
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Сенати аъзоларини тайинлаш тўғрисида"ги Фармони
—
Указ Президента Республики Узбекистан "О назначении членов Сената Олий Мажлиса Республики Узбекистан"
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Yoshlar bilan uchrashuvimiz erkin va samimiy muloqot tarzida kechdi.
⠀
Biz ularning orzu-maqsadlari va kelajak rejalari haqida gaplashdik.
⠀
Bugungi kunda xalqimizning ham, Prezidentimizning ham ko‘nglida yoshlarga nisbatan katta ishonch va umid bor.
⠀
Qadrli yoshlar, sizlarni katta hayot, butun O‘zbekiston kutib turibdi.
⠀
—
Наша встреча с молодёжью прошла в свободной и искренней атмосфере.
⠀
Мы поговорили о мечтах, целях и планах молодых людей на будущее.
⠀
Сегодня и наш народ, и наш Президент возлагают большие надежды и доверие на молодёжь.
⠀
Дорогая молодёжь, вас впереди ждёт большая жизнь, вас ждёт вся страна!
#16_ноябрь_Халық_аралық_кеңпейиллик_күни
МИЛЛЕТЛЕР АРАЛЫҚ ДОСЛЫҒЫМЫЗ- БИЙБАҲА БАЙЛЫҒЫМЫЗ
Қоңырат районы аймағы әзелден көп миллетли болып, бул жерде түрли миллет ўәкиллери биргеликте, тыныш- татыў жасап келмекте.
- Халқымыздың мәдений ҳәр түрлилиги- бул бийбаҳа байлығымыз сыпатында тилге алынып, биз буны көз қарашығымыздай қәдирлеймиз,-
дейди "Үстирт" аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Турсынгүл Сариева.
- Елимизде бизиң түркмен халқының да мәденияты, үрп-әдет дәстүрлери, тарийхы ҳәм тилин сақлаған ҳалда раўажландырыўымызға, абадан турмыс кешириўимизге теңдей имканиятлар жаратылған. Миллетлер арасындағы дослық мүнәсибетлери мәңги болсын!
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Qońıratta «Jas kitapqumar» tańlawınıń sektor basqıshları ótkerildi
📚 Búgin rayonımızda jaslarımızdıń súyikli joybarı bolǵan «Jas kitapqumar» tańlawınıń sektor basqıshları bolıp ótti.
⚡️Tańlawdı Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınan Ǵayratdin Seytekov, Qońırat rayonı Jaslar isleri bólimi baslıǵı Baxtiyar Saklapov ashtı hám qatnasıwshılarǵa áwmetler tiledi.
💥 Úsh jas kategoriyasında kitapqumarlarımız tayarlanıp kelgen ádebiyatlarınan jámi 25 test sorawlarına juwap berdi.
Sektor basqıshı jeńimpazlarına shólkemlestiriwshiler tárepinen diplom hám estelik sawǵaları berildi hám jeńimpazlar rayonlıq basqıshqa jollama aldı.
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Тайинлов
💼 Уббиниязов Батырбек Онгарбаевич Қорақалпоғистон Республикаси Бўзатов тумани ҳокими лавозимига тайинланди.
Б.Уббиниязов тайинловга қадар Мўйноқ тумани ҳокимининг экология ва Оролбўйи ҳудудини ривожлантириш масалалари бўйича биринчи ўринбосари лавозимида фаолият олиб борган.
Номзод Ўзбекистон Республикаси Президенти ҳузуридаги Давлат хизматини ривожлантириш агентлигининг Миллий кадрлар захирасидан тавсия этилди.
@argos_qr
#Live
#жасыл_мәкан
"Мәҳәлле абат -ел абат"
“Гүзги терек егиў мәўсими” шөлкемлескенлик пенен даўам еттирилмекте.
“Kichkina shahzoda” endi qoraqalpoq tilida!
🗣Antuan de Sent-Ekzyuperining jahonga mashhur “Kichkina shahzoda” asarining o‘zbek tilida hujjatli filmi tayyorlanganini eslaysizmi? Endi esa bu asar yana bir yangi bosqichga ko‘tarildi – u qoraqalpoq tilida ham o‘z ifodasini topdi!
Har bir avlod uchun qadrli bo‘lgan ushbu asar, kattalar va bolalarning qalbini birdek zabt etib, dunyo bo‘ylab 140 million nusxada sotilgan.
🔥Premyera 17-noyabr kuni soat 19:10 da Qoraqalpog‘istondagi “Jaslar TV” hududiy telekanali orqali efirga uzatiladi.
Bu unutilmas premyerani o‘tkazib yubormang va sevimli asaringizning yangi tilida qanday yangrayotganiga guvoh bo‘ling!
Bizning sahifalarimiz:
🕊Telegram 📱Instagram 📱Facebook 📺YouTube
⚡️16-noyabr - "Xalıqaralıq keńpeyillik kúni"
—————-
⚡️16-noyabr – “Xalqaro bag'rikenglik kuni”
Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | X
#сиз_ушын_пайдалы
❗️Тамшылатып суўғарыў арқалы көп шығынсыз, 20% артық өним аласыз
Видеодағы усыл арқалы жер майданыңыздың қурғап кетпеўин тәмийинлеп, турақлы түрде бирдей нормада ығалландыра аласыз. Сондай-ақ, 15-20% артығы менен де өним алсаңыз болады.
📹 Видеоны егинлерин көп суўғаратуғын танысларыңызға жиберип қойың.
Qońırat rayonında belgilengen neke jaǵdayları
2024-jıldıń yanvar -sentyabr aylarında Qońırat rayonında 617 neke belgilengen bolıp, 2023- jıldıń sáykes dáwirine salıstırǵanda 78 ge azayǵan. Maǵlıwmat ornında, 2024-jıldıń yanvar-sentyabr aylarında rayonımızda 617 neke belgilengen bolıp, hár 1000 xalıqqa neke koefficienti 6,0 promilleni quradı.
Qońırat rayonı hákimligi
Málimleme xızmeti
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Qońırat rayonında ajırasıwlar sanı
2024-jıldıń yanvar-sentyabr aylarında Qońırat rayonında jámi 115 nekeden ajırasıw jaǵdayı dizimge alınǵan bolıp, ajırasıwlar sanı 2023-jıldıń sáykes dáwirine salıstırǵanda 22 ge azayǵan.
"Қәўипсиз аймақ-әҳмийетли 50 күнлик" арнаўлы профилактикалық илажлары даўам етпекте
Усы жылдың 11-ноябрь күнинен 2025-жылдың 2-январь күнине шекем елимизде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, унамсыз ақыбетлерди келтирип шығарыўшы ҳәр қандай жағдайларға қарсы гүресиў, үгит-нәсият илажлары нәтийжелилигин асырыўға қаратылған "Әҳмийетли 50 күнлик" профилактикалық илажлары болып өтпекте.
Бүгин "Қәўипсиз аймақ-әҳмийетли 50 күнлик" арнаўлы профилактикалық илажлары шеңберинде Қоңырат районы ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен жынаятшылықтың ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде кең көлемли профилактикалық үгит-нәсият ҳәм рейд илажлары өткерилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Sociallıq tarmaqlarda Xojeli rayonında toy seylinde drift islegen puqaralardıń videosı keń tarqalıp, waqıya qatnasıwshılarınıń qarsısına Ózbekstan Respublikası Hákimshilik juwapkershilik haqqındaǵı kodeksiniń 183-statyası menen tiyisli tártipte shara kórildi
✉️Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook
Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген халықаралық илимий-теориялық конференцияның ашылыў салтанаты өткерилди
Бүгин Нөкис қаласындағы Аққуў комплексинде жайласқан қара үйде Қарақалпақ классик әдебиятының көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген халықаралық илимий-теориялық конференция ҳәм көркем-әдебий кешениң ашылыў мәресими болып өтти.
Толық оқыў
—
Ажиниёз Қўсибой ўғлининг 200 йиллиги муносабати билан ташкил этилган халқаро илмий-назарий конференциянинг очилиш маросими ўтказилди
Бугун Нукус шаҳридаги Оққуш комплексида жойлашган қора уйда Қорақалпоқ классик адабиётининг ёрқин намоёндаси Ажиниёз Қўсибой ўғлининг 200 йиллиги муносабати билан ташкил этилган халқаро илмий-назарий конференция ва бадиий-адабий кечанинг очилиш маросими бўлиб ўтди.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐joqargikenes">YouTube