Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń 2021-jıl 31-maydaǵı "IJRO.GOV.UZ” atqarıw tártibi mákemeler-ara birden-bir elektron sisteması nátiyjeli xızmet kórsetiwin támiyinlewge qaratılǵan qosımsha is-ilajlar haqqında»ǵı PQ-5132 sanlı qararınıń orınlanıwın támiyinlew maqsetinde hám “IJRO.GOV.UZ” sistemasınan qolay hám nátiyjeli paydalanıw ushın jaratılǵan “EDO.IJRO.UZ” sisteması haqqında keń túsinik beriw maqsetinde Qońırat rayonında oqıw-seminar shólkemlestirildi.
Oqıw-seminar joqarıda kórsetilgen qararǵa tiykar “IJRO.GOV.UZ” sistemasına operator etip belgilengen «UNICON-SOFT» JShJ Qaraqalpaqstan Respublikası bólimi xızmetkerleri tárepinen alıp barıldı.
Oqıw-seminarda rayon hákiminiń birinshi orınbasarı J.Seytmuratov, rayondaǵı barlıq mákeme-shólkemlerdıń juwapker xızmetkerleri qatnasıp, berilgen túsinikler tiykarında tarawǵa tiyisli sorawlarına juwaplar aldı.
👉/channel/qongiratrkuz
3-декабрь "Халықаралық майыпларды қорғаў күни" мүнәсибети менен районымызда жайласқан «Үстирт», «Елабад» ҳәмде «Мийнетабад» АПЖ аймақларында жасаӯшы, майыплығы болған шаңарақлар ҳалынан хабар алынбақта.
Өзбекстан экологиялык партиясының районлық Кеңес депутатлары Қ.Бужабаев ҳәмде Ө.Зиватдиновлар өз сайлаӯ округлериндеги имканияты шекленген майыпларға азық-аӯқат өнимлерин тапсырды.
Сондай ақ «Меҳр-мириӯбет айлығы» шеңберинде Қоңырат сода заводы бас директоры Ж. Мустафаев, Ҳалық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси депутаты Б.Аллияровлар тәрепинен районымыздағы социаллық қорғаўға мүтәж, нагиранлығы болған шаңарақлардан хабар алып, нагиранлығы болған 3 оқыўшыға оқып билим алыӯына имканият жаратыӯ мақсетинде 3 дана ноутбук, шаңарағында нәгиранлығы болған 9 шаңараққа азық аӯқат өнимлери берилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉/channel/qongiratrkuz
Белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың 75 жыллығы кең түрде белгиленеди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигиниң усынысына тийкар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың 75 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында» қарары қабыл етти.
Қарарға муўапық, 2022-жыл декабрь айының екинши он күнлигинде Нөкис қаласында, бай билим ҳәм тәжирийбеси менен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет еткен белгили жәмийетлик искер Муса Тәжетдинович Ерниязовтың туўылғанына 75 жыл толыўы мүнәсибети менен еслеў кешеси өткериледи.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ҳүрметли пуқаралар!
Ҳаўа температурасының төменлеп кетиўи себепли қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиң.
➖ Жылытыў үскенелерине итибарлы болың.
➖ Түнги ўақытларда ҳәр 2 сааттан жылытыў қазанханаларын бақлап барың.
➖ Тәбийий газ ийисин сезсеңиз электр үскенелерин жақпаң (жанып турған болса өширмең).
➖ Қазанханалардың ҳәдден тыс қызып кетиўине жол қоймаң.
➖ Ысытыў қазанханаларыңыз ҳәмде газ плиталарыңыздың сазлығына итибар қаратың.
Қыс мәўсиминде қазан морыларының ҳәдден тыс қызып кетиўи өртлердиң келип шығыўына себеп болмақта.
Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими
#Zo'r_TV
Órt qáwipsizligi aylıǵı sheńberinde Qońırat rayonında ámelge asırılıp atırǵan úgit-násiyat jumıslarınan reportaj
/channel/qongiratrkuz
Балаларға барқулла меҳир ҳәм итибар көрсетилиўи керек
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев 10-санлы «Нурлы маскан» қәнигелестирилген мектеп-интернатында болып, оқыўшыларды сәне мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм елимизде ҳәр бир инсан ҳәм ҳәр бир бала итибардан шетте қалмайтуғынлығын, оларға бәрҳәма ғамхорлық көрсетилетуғынлығын атап өтти.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Tadbirkorlar va ishbilarmonlar diqqatiga!
Batafsil: Ўзб / O'zb / Рус / Eng
______________
Bizning ijtimoiy tarmoqlar👇🏻
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
❗️Сизде:
🏛Банк кредити
💼Жумысқа жайласыў
💁🏻♂️Исбилерменлик
👷🏻♂️Кәсипке оқыў ҳәм басқа да тараўларда машқала ҳәм усынысларыңыз болса биз бенен байланысың.
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы машқала ҳәм усынысларыңызды қабыл етиўге таяр.
Жиберилген мүрәжатыңыз арнаўлы Исши топар тәрепинен үйренилип шығылады ҳәм 48 саат ишинде Сизге жуўап қайтарылады.
👉🏽 @ky_murojaat_bot
Ҳүрметли пуқаралар!
Морылардың надурыс орнатылыўы ийис газинен зәҳәрлениўге себеп болады.
Сонлықтан Морыларды орнатқанда өрт қәўипсизлиги қәделерине әмел еткен ҳалда орнатың.
Өзиңизди ҳәм шаңарақ ағзаларыңызды ийис газинен зәҳәрлениў қәўипинен асыраң.
📱/channel/qongiratrkuz
"Mártebeń bálent bolsın, ana tilim"
Qońırat rayonlıq Xalıq bilimlendiriw bólimine qaraslı 1-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebinde 1-dekabr Qaraqalpaq tiline mámleketlik til biyligi beriliwine 33 jıl tolıwı múnásibeti menen "Mártebeń bálent bolsın, ana tilim" atlı bayram keshesi boldı.
Ilajda milliy ayaq oyınlar, aytıslar, qosıqlar aytıldı. Bayram keshesi kóterinki ruwxta bolıp óttı.
Til insanlardıń óz-ara baylanıs quralı bolıp, jaratıwshınıń insanǵa bergen biybaha baylıǵı, biz hámiyshe xalqımızdıń táǵdiri, erteńgi kúni haqqında oylaǵanımızda, dáslep, milletimizdiń tiykarǵı pázıyletleri, gózzal úrp-ádetlerimiz, ádebiyatımızdı, hám de álbette ana tilimizdi kóz qarashıǵımızday saqlawmız kerek.Keshege Qońırat rayonı hákiminiń til máseleleri boyınsha másláhátshisi R.Aybergenova, Qaraqalpaqstan Respublikası ruwxıylıq aǵartıwshılıq boyınsha Qońırat rayonı bólimi baslıǵı J.Óserbaev qatnastı. Úgit-násiyatlawshı A.Narbaev, qaraqalpaq tili metod birlespesi shólkemlestirdi.
👉/channel/qongiratrkuz
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-408-санлы Қарарына муўапық 2022-2023-жыллары қала ҳәм районларда әмелге асырылатуғын жумыслар:
Әмиўдәрья районы
Беруний районы
Бозатаў районы
Елликқала районы
Кегейли районы
Қанлыкөл районы
Қараөзек районы
Қоңырат районы
Нөкис районы
Тақыятас районы
Тахтакөпир районы
Төрткүл районы
Хожели районы
Шымбай районы
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
joqargikenes.uz|Facebook|Instagram|Twitter
⚡️Париждаги Лувр музейида "Ўзбекистон воҳаларининг мўъжизалари. Карвон йўллари чорраҳасида" кўргазмаси
Каналға ағза болыў
#Online
"Qádiriń bálent bolsın, ana tilim"
Qońırat rayonı hákimligi Málimleme xızmeti
👉@qongiratrkuz
⚡️Өзбекстан ҳәм Россия ҳүкиметлери басшыларының ушырасыўы
🔷Мақаланы толық оқыў
Каналға ағза болыў
Ташкент автовокзалынан әмелге асырылатуғын автобуслар ҳәрекети ўақытша тоқтатылды
Республикамызда ҳаўа-райының кескин суўытыўы менен жолларда жүзеге келген музлықлар себепли жолаўшылар қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 2022-жылдың 5-декабрь күнинен баслап Ташкент автовокзалынан әмелге асырылатуғын барлық қалалар аралық автобуслар ҳәрекети ўақтынша тоқтатылды.
Қатнаўлардың қайта тиклениўи бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.
Қ.Р Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети
👉/channel/qongiratrkuz
Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң тиккелей басламалары менен барлық тараўлар сыяқлы, суд-ҳуқық тараўында да избе-излик пенен реформалар әмелге асырылып келинбекте.
Толық оқыў👉 https://kungrad.uz/1842.html
📱/channel/qongiratrkuz
Ҳурметли пуқаралар!
Ҳаўа-райының кескин суўып кетиўине байланыслы ҳәр түрли ысытыў үскенелерине ҳәмде ысытыў қазанларына деген мүтәжлигимиз артып барады албетте, бирақ олардан пайдаланғанда қәўипсизлик қағыйдаларына гейде итибарсыз болып қаламыз, ақыбетте, түрли дәрежедеги өртлер, айрықша жағдайлар ҳәмде ийис газинен зәҳәрлениў сыяқлы кеўилсиз жағдайлар жүз бериўи мүмкин. Солай екен, жыллар даўамында жыйнап терген мал-мүлкиңизди, жақынларыңызды ҳәм өзинизди өрт қәўипинен ҳәмде ийис газинен асыраң!!!
Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими
Ҳүрметли пуқаралар!!!
Ҳаўа температурасының кескин төменлеп кетиўи себепли жыллылыққа деген талап артады. Бул өз гезегинде өрт қәўипи ҳәмде зәҳәрли газден зыянланыўға себеп болады. Сол себепли ысытыў қазанханаларыңыз ҳәмде газ плиталарыңыздың сазлығына итибар қаратың. Егер насазлық анықланса "104" ямаса "101" қысқа номерлерине хабар бериң.
Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы
👉/channel/qongiratrkuz
Mobil-ID sisteması xalıqqa keńnen túsindirilmekte. – Telegraph
https://telegra.ph/Mobil-ID-sistemas%C4%B1-xal%C4%B1qqa-ke%C5%84nen-t%C3%BAsindirilmekte-11-17
#qaraqalpaq_tiline_33_jıl
#milliy_kiyimler_kórgizbe
Qońırat rayonı qánigelestirilgen mektep-internatında qaraqalpaq tiliniń til biyligin alǵanlıǵına 33 jıl tolıw múnásibeti menen "Milliyligim - ózligim" atamasındaǵı qaraqalpaq milliy kiyimler kórgizbesi shòlkemlestirildi. Kórgizbe 5, 6, 7, 8, 9-klass oqıwshıları arasında bolıp òtip, oqıwshılar qaraqalpaq milliy kiyimleri menen jaqınnan tanıstı.
Hár bir kiyimniń ataması, ol qanday waqıtta kiyilgenligi hám qanday materialdan islengenligi sıyaqlı birqansha sorawlarǵa juwap taptı.
Ata-babalarımızdan biz áwladlarǵa estelik bolıp qalǵan bul milliy kiyim-kenshekler biziń milletimizdiń biri ekenligin tereńnen túsindi.
👉/channel/qongiratrkuz
Усы жылы Қоңырат районында "Мийнетабад" АПЖ, "Әдебият" АПЖ, ҳәм "Өрнек" АПЖ аймақларындағы жеке хожалықларды газ бенен тәмийнлеў мақсетинде 27,9 км газ тармақларын тәртиплестирилип суйылтырылған газден табийий газге жалғанды.
Ҳәзирде "Мийнетабад" аўыл пуқаралар жыйыны тәбийий газге жалғанбақта.
👉 /channel/qongiratrkuz
Mobil-ID sisteması xalıqqa keńnen túsindirilmekte
Bárshemizge belgili shaxstı indentifikaciyalaw ushın Mobil-ID sisteması iske túsirildi. Bul modul járdeminde puqaralar janında alıp júriwshi mobil telefon nomeri arqalı dizimnen ótip bárshe mámleketlik xızmetlerden ESI (yaģnıy elektron sanlı imza)sız paydalanıwı múmkin.
Usıģan tiykar Qońırat rayon Ádillik bólimi Mámleketlik xızmetler orayı tárepinnen Mobil-ID sistemasın xalıqqa keńnen en jaydırıw maqsetinde rayonımızdıń bárshe orınlarında ushırasıwlar shólkemlestirmekte.
📍https://kungrad.uz/1743.html
Kanalǵa aǵza bolıń
👇👇👇
/channel/qongiratrkuz
⚡️Қала ҳәм район жаңалықлары
🔷Нөкис қаласы
🔷Әмиўдәрья районы
🔷Бозатаў районы
🔷Беруний районы
🔷Елликқала районы
🔷Хожели районы
🔷Кегейли районы
🔷Қанлыкөл районы
🔷Қоңырат районы
🔷Қараөзек районы
🔷Мойнақ районы
🔷Нөкис районы
🔷Тахтакөпир районы
🔷Тақыятас районы
🔷Төрткүл районы
🔷Шоманай районы
🔷Шымбай районы
Каналға ағза болыў:/channel/QresMinistrlerKenesi
Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 33 жыл толды.
Мәртебең бәлент болсын ана тилим!
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
joqargikenes.uz|Facebook|Instagram|Twitter
Давлатимиз раҳбари таълимга Финляндия тажрибасининг жорий этилиши ҳақида
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Оқытыўшыларды тап жигирма жыл алдынғы сыяқлы және шаңарақларды айланып шығыўға ҳәм оқыўшылардың дизимин дүзиўге мәжбүрлеп атырғаны ҳаққында еситип, жүдә қапа болдым.
Мен оқытыўшыларға болған мүнәсибетти қайта көрип шығыў оғада зәрүр деп есаплайман ҳәм жуўапкерлерден олардың мойнына өзиниң ўазыйпасынан және нызамға қайшы ўазыйпалар жүклеўди тоқтатыўын сорап қаламан.
Оқытыўшылардың ең тийкарғы ўазыйпасы – перзентлеримизге билим бериў арқалы елимиз келешегин тәмийинлеўден ибарат.
Буның өзи жүдә машаққатлы ўазыйпа. Билимлендириў жөнелисинде буннан басқа да машқалалар бар болған бир ўақытта, оқытыўшылардың мойнына және қандай да бир қосымша ўазыйпаларды жүклеў – бул енди артықша.
Оқытыўшыларды қосымша жумысларға мәжбүрлеў тек ғана мектепке емес, ал Өзбекстан келешегине де зыян тийгизеди.
Мен барлық жуўапкер шахслардан усы машқаланы имканияты болғанынша тезирек сапластырыўын ҳәм оқытыўшыларды билим бериўден басқа барлық ўазыйпалардан азат етиўин сорайман.
Ҳәзир елимизде билимлендириў биринши ҳәм ең әҳмийетли мәселе болып есапланады. Биз оқытыўшыларға бийпул хызметкер сыпатында қараўды тоқтатыўымыз шәрт.
Олар жәмийеттиң ең ҳүрметли ҳәм ардақлы қатламына айланыўы, буның ушын бәршемиз бирдей ҳәрекет етиўимиз зәрүр деп есаплайман. Өйткени, тек билимлендириў, тек оқытыўшылар жәрдеминде ғана биз раўажланыўға ерисе аламыз. Перзентлеримиздиң келешеги, олардың өмирде өз орнын табыўы ушын да устазларымызды қәдирлеўимиз шәрт!
Саида Шавкатовна Мирзиеёва
#Online
"Qádiriń bálent bolsın, ana tilim"
Qońırat rayonı Bárkamal áwlad balalar orayında 1-dekabr Qaraqalpaq tiline mámleketlik til biyligi beriliwine 33 jıl tolıwı múnásibeti menen "Til millet kórki" atlı bayram keshesi bolıp ótpekte.
Qońırat rayonı hákimligi Málimleme xızmeti
👉@qongiratrkuz