Белбеўли гүрес: қызлар шеберлигин көрсетти
11-16-ноябрь күнлери Татарстан пайтахты Қазан қаласында белбеўли гүрес бойынша ересеклер, жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында жәҳән чемпионаты болып өтти.
Сенаттың биринши мәжилиси басланды
Ташкент қаласында 19-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының биринши мәжилиси басланды.
Онда Өзбекстан Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев қатнаспақта.
Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни жаңлады.
Сайлаў кодексине муўапық мәжилисти Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низомхўжаев ашты.
Олий Мажлис Сенатының қәлиплесиў процеси жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы жетилистирилген миллий сайлаў нызамшылығы талапларына бола ашық-айданлық сыяқлы демократиялық принциплер тийкарында әмелге асырылды.
Сенаторлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, ўәлаятлар, Ташкент қалалық, сондай-ақ, районлар ҳәм қалалық жергиликли Кеңеслердиң Сенат ағзалары сайлаўы бойынша биргеликтеги мәжилислеринде усы депутатлар арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен сайланды.
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/218727.html
joqargikenes">📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Бүгин Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис Сенатының парламент сайлаўынан кейинги биринши мәжилисинде қатнасады ҳәм шығып сөйлейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
joqargikenes">📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
18-ноябрь – Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн
Мәмлекетлик белгилер ҳәмийше муқаддес ҳәм уллы болып табылады. Өйткени, ол халықтың өтмиши, бүгини ҳәм келешегин өзинде сәўлелендирген Ўатанымыздың жарқын келбети есапланады.
Нуриддин Исмоилов Нызамшылық палатасының спикери етип сайланды
Сиясий партиялар ўәкиллери кеңесиниң усынысына бола, депутатлар жасырын даўыс бериў жолы менен ӨзХДПдан сайланған Нуриддин Исмоиловты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери етип сайлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
joqargikenes">📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының биринши мәжилиси басланды
Мәжилисте мәмлекетимиз Ҳүкимети ағзалары, орайлық уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
joqargikenes">📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Мадрейм Турсынмуратов: «Өмирде ҳәр нәрсениң өз орны, өз текшеси бар»
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети рус тили ҳәм әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы, “ҚМУ Хабаршысы”ның жуўаплы редакторы Мадрейм Турсынмуратов быйыл өзиниң 80 жыллық торқалы тойын нышанламақта.
Шахматты раўажландырыў мәселеси додаланды
Усы жыл 16-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде республикамызда шахматты раўажландырыў раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған мәжилис өткерди.
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/218362.html
joqargikenes">📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
«Әжинияз» фильминиң премьерасы болды
Усы жылы 16-ноябрь күни Қарақалпақстан көркем өнер сарайында уллы ойшыл ҳәм шайыр Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен сүўретке алынған «Әжинияз» кѳркем-публицистикалық фильминиң премьерасы болып өтти.
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/218356.html
joqargikenes">📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын тайынлаӯ ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Пәрманы
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/218340.html
joqargikenes">📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Үй бийкеси мийнет стажына ийе болыўы мүмкин бе?
Бүгинги күнде бәнт болмаған пуқараларға өзин-өзи бәнт еткен ҳалда социаллық салық төлеў арқалы мийнет стажына ийе болыў имканияты жаратылған.
Жаңа мәҳәлле имараты пайдаланыўға тапсырылды
Нөкис қаласындағы Жас әўлад мәкан пуқаралар жыйынының заманагөй типтеги жаңа имаратының пайдаланыўға тапсырылыў мәресими болып өтти.
Өзбекстанда YouTube платформасын және де раўажландырыў мәселелери додаланды
Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов YouTube платформасы бирге ислесиўшиси, IT-өнимлер ҳәм хызметлерди жаратыў бойынша базар жетекшилеринен бири болған Канаданың «AIR Media Tech» компаниясының басшысы Степан Михайлов пенен ушырасыў өткерди.
ӨзА бас директоры Абдусаид Кўчимов Сенатор болды
Және бир журналист Олий Мажлис сенаторы болды.
Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлигиниң Бас директоры, Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист Абдусаид Кўчимов Олий Мажлис Сенаты ағзасына айланды.
Еслетип өтемиз, буннан алдын журналист, «Ишонч» газетасының бас редакторы Ҳусан Эрматовтың да Сенат ағзасына айланғаны ҳаққында хабар берилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/kk/218323.html
joqargikenes">📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Палўанларымыз жеңимпазлар қатарында
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 4-ноябрьдеги «Кураш миллий спорт түрин раўажландырыў ҳәм оныӊ халықаралық абырайын буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған «Жол картасы»ның 6-бәнтине муўапық ҳәр жылы бир мәрте мәмлекетлик уйымлар кәрханалары ҳәм шөлкемлери хызметкерлери арасында Кураш миллий спорт түри бойынша жарыс өткериў белгиленген еди.
Бүгиннен футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы ЖЧ-2026 3-саралаў басқышында екинши тур ушырасыўларын баслайды. Лаоста өткерилетуғын ойында жигитлеримиз КХДР командасы менен беллеседи.
📍ЖЧ-2026 саралаў басқышы
🇰🇵 КХДР – Өзбекстан 🇺🇿
🗓 19 ноябрь | 17:00
🏟 «Лао» стадионы
joqargikenes">📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
ИБШ коррупцияға қарсы гүрес бойынша мәжилис өткерди
Ислам бирге ислесиў шөлкеми мәлимлеме агентлиги аўқамының (UNA-OIC) хабар бериўинше, Қатарда 26-27-ноябрь күнлери Ҳәкимшилик қадағалаў ҳәм ашық-айдынлық уйымы шөлкемлестириўинде Коорупцияға қарсы гүресетуғын хуқық-тәртип министрлери екинши мәжилиси өткериледи.
Депутатлар Мавлуда Хўжаева, Раҳимжон Ҳакимов Спикер орынбасарлары етип сайланды
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/218411.html
joqargikenes">📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Өзбекстан байрағындағы реңлер ҳәм белгилер нени билдиреди?
18-ноябрь - Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/218409.html
joqargikenes">📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Ўатан байрағы – мақтаныш, үмит ҳәм исеним тымсалы
Бүгин 18-ноябрь –Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн. Буннан 33 жыл алдын, яғный, 1991-жыл 18-ноябрьде «Өзбекстан Республикасы Мәмлектлик байрағы ҳаққында»ғы нызам қабыл етилген.
Жоқары турақлылық рейтингине ийе болған исбилерменлик субъектлери хошаметленеди
15-ноябрь күни Президент тәрепинен қол қойылған Нызам менен Салық кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди.
«Жақсының «жақсысын айт…»
«Еркин…»ге 100 жыл толыпты. Бир әсирлик өмири даўамында бул газета талай жас журналистлерге устазлық еткен шығар. Бәлким, мыңлаған жас ҳәм тетик журналистлер өз өмирин усы газета хызметине бағышлап, халқымыздың сана-сезимин өсириўге, оларды жәмийетлик турмысқа белсене үлес қосыўға тәрбиялағандур. Бүгинги күни биз олардың ҳүрметине бас ийип тәжим етемиз.
Бираздан соң Олий Мажлис Нызамшылық палатасының жаңа қурамдағы биринши мәжилиси басланады. Онда Президент Шавкат Мирзиёев қатнасады ҳәм шығып сөйлейди.
ӨзА
joqargikenes">📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Бозатаў районлық кеңесиниң сессиясы
Усы жыл 16-ноябрь күни халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/218351.html
joqargikenes">📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Сырт елде исленген дәўир ушын мийнет ҳақы қалай есаплап шығылады? (+видео)
Сырт елде жалланып ислеген Өзбекстан Республикасы пуқараларының пенсиясын есаплап шығарыў ушын алынатуғын мийнет ҳақы төмендегише анықланады:
Келешегимиз жаслар менен
Саламат, билимли, мәдениятлы жаслар мәмлекеттиң раўажланыўын ҳәм келешегин белгилеп беретуғын ҳәм жәмийетте унамлы өзгерислерди әмелге асырыўды ҳәрекетлендириўши күш болып табылады. Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ең дәслеп ҳәр бир мәмлекеттиң ишки сиясаты болып, жаслар ҳәм мәмлекет арасындағы қатнасықларды муўапықластырыўға хызмет етеди.
«№1 фотограф» ҳәм оның кәсиплеслери
«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 100 жыллығы алдынан
Бизлер газетада күнимиз фотохабаршыларға қарап қалған заманларда иследик. Жазған мақаламызға сүўрет керек болса, репортажлар таярласақ, әлбетте фотохабаршы менен бармасақ, жумысымыз питпес еди. Ҳәзир қолында телефоны бардың бәри сүўретши, газетшилер фотохабаршыларға жалынып отыратуғын дәўирлер артта қалды. Ашығын айтыўымыз керек, сүўретлердиң сапасына да талап бурынғыдай емес. Ҳәр «летушка»да ана сүўретиңди анадай етип түсиргенсең, мынаўың мынадай деп «оттан алып, суўға» салатуғын фотохабаршы штаты менен қосылып кетти.
Келешек ушын әмелий жумыслар басланбақта
Нөкис қаласында 2024-жылдың "Жасыл мәкан" улыўма миллий ҳәрекети жойбарында 40 күн үзликсиз нәл егиўге старт берилди.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги басламасы менен "Жасыл мәкан" акциясында қаламыздың ҳәр бир аймағында мийўели ҳәм саяманлы нәллер егиў жумыслары алып барылмақта.
Қараөзекте көшпели қабыллаў өткерилди
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов ҳәм жынаят ислери бойынша Қараөзек районы судының баслығы Р.Каўкышевлар тәрепинен көшпели қабыллаў өткерилди.
Қәдирдан устазлар
«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 100 жыллығы алдынан
Бир мәжилисте дусласқанымызда «Еркин Қарақалпақстан» газетасының Бас редакторы ўазыйпасын атқарыўшы Қурбанбай Байниязов: «Апа, быйыл газетаның 100 жыллығын белгилейин деп атырмыз. Ѳзиңиз ислеген дәўирлерден еске түсириўлериңиз болса, усы сәне алдынан жәриялар едик» дегенде қуўанып кеттим. Мени журналист сыпатында қәлиплестирген, журтқа азлы-кѳпли танытқан, мәмлекетлик сыйлықққа миясар еткен газетам, усы редакция тарийхында қалған зәбердес инсанлар туўралы еске түсириўлер зәрүр болса, «Еркин…» десе қәлем пақыр еле «суўлыққа таслап» турса, неге жазбас екенмен?! Солай етип, дәслепки «Мен билген-билмеген редакторлар» атлы мақаламның кейни дүркинге айланып кетти. «Бизлер жүдә аз едик», «Әҳмийетли буўында из қалдырған инсанлар» атлы мақалаларым жарық кѳрди. Бүгин усы редакцияда қәлем тербеткен устазлар туўралы кеўлиме түйгенлеримди бѳлиспекшимен.