Өзбекстан кадастр агентлиги БМШ ЕЭК сессиясында қатнасты
Өзбекстан кадастр агентлиги делегациясы Женевада болып өткен БМШ ЕЭК Жер ҳәкимшилиги, турақ жай ҳәм қала қурылысы комитетиниң 85-сессиясында қатнасты.
2024-жылы Нобель тынышлық сыйлығы ҳеш кимге берилмеўи мүмкин
«Бәлким әйне усы жылы Нобель тынышлық сыйлығы комитети сыйлықты тапсырмай, итибарды урысып атырған планетаға қаратыўы керек», — деди Стокгольм халықаралық тынышлық институты баслығы Дэн Смит.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик тараўында мәмлекетлик сиясат жетилистириледи
Өзбекстан Республикасы Президенти «Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик тараўында мәмлекетлик сиясатты жетилистириў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.
Газ тәмийнаты хызметкерлери “Зәкаўат”та беллести
Зәкаўат интеллектуаллық ойыны – елимизде қайсы жас аралығында болыўына қарамастан ҳәммени бир жерге жәмлестирип, олардың билими ҳәм ой-өрисин кеңейтип баратуғын таңлаў болып табылады.
Фармацевтика өнимлериниң постмаркетинг қадағалаўы әмелиятқа енгизиледи
Бул әмелият 2025-жылдың 1-январь күнинен әмелде қолланылады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 4-октябрьдеги 628- санлы қарары менен «Фармацевтика өнимлериниң постмаркетинг қадағалаўын әмелге асырыў тәртиби ҳаққында»ғы реже тастыйықланды.
ТМШ шеңберинде картография тараўында жаңа бирге ислесиў басқышы басланды
Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги Әскерий ҳәм пуқаралық картография уйымлары басшыларының 1-мәжилиси болып өтти.
Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги сапластырылды
Усы жыл 4-октябрьде «Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик тараўында мәмлекетлик сиясатты жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Мақсет-халқымыздың арзыў-нийет ҳәм умтылысларын жүзеге шығарыў
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатлыққа көрсетилген талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.
«IV Дөретиўши муғаллимлер Олимпиадасы»ның жеңимпазлары анықланды
Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында улыўма орта билим бериў мәкемелери ҳәм агентликке қараслы қәнигелестирилген мектеплердиң педагог-хызметкерлери арасында «IV Дөретиўши муғаллимлер Олимпиадасы»ның Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.
Халқымыздың сүйикли қосықшысына ҳүрмет көрсетилди
Бүгин Төрткүл районында Өзбекстан, Қарақалпақстан, Түркменстан ҳәм Татарстан халық артисти, мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, халқымыздың сүйикли қосықшысы Атажан Худайшукуровтың 80 жыллық юбилейи мүнәсибети менен шөлкемлестирилген «Ана дияр жыршысы» атамасындағы республикалық таңлаў ҳәм мәдений илажлардың ашылыў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Бас министри мәмлекеттиң шахмат федерациясы баслығы етип сайланды
Өзбекстан шахмат федерациясының гезексиз мәжилиси болып өтти. Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Шахматты буннан былай да ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында мәмлекетимизде шахматты халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм оны ғалабалық спорт түрине айландырыў, өсип киятырған жас әўладтың интеллектуаллық ҳәм мәдений раўажланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, жоқары талантқа ийе болған жасларды таңлаў, сайлап алыў ҳәм оларды халықаралық гроссмейстерлер сыпатында таярлаў системасын жолға қойыў, тренерлер ушын мүнәсип мийнет шараятын жаратыў мәселелери көрип шығылды.
ЖДСШ жақын арада планетамызда жаңа пандемия пайда болыўы қәўипинен ескертти
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми жақын арада планетамызда жаңа пандемия пайда болыўы қәўипинен ескертти. Оған дүнья бойлап Марбург вирусы кең тарқалыўы себеп болыўы мүмкин екен.
#Saylaw2024
Партияның сайлаўларға таярлықлары жоқары баҳаланды
Елимизде болып өтетуғын парламент ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўларын бақлаў мақсетинде түрли халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел бақлаўшылары өз миссиясын баслап жиберген.
«Электрон поликлиника» ҳәм «Электрон емлеўхана» мәлимлеме системаларын иске қосыў жеделлестириледи
Мәмлекетимизде мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери басқышпа-басқыш енгизилмекте. Онда Президентимиз тәрепинен усы жылы 5- сентябрьде қол қойылған «Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарар дастуриламал болмақта.
#Saylaw2024
Сайлаўларды бақлаў бойынша миссия ўәкиллери жоқары судқа барды
Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығының орынбасары Шухрат Полвонов Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы (ҒМДА) Атқарыў комитетиниң Сайлаўларды бақлаў бойынша миссиясы штабының баслығы Евгений Козяк ҳәм штаб ағзасы Марина Афонина менен ушырасты.
Боксшилеримиздиң Қазақстандағы табыслары
30-сентябрь-4-октябрь күнлери Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласындағы «Халық Арена»да қазақ боксиниң тийкарын салыўшылардың бири Шокыр Болтек улының естелигине бағышланған XVI халық аралық турнир болып өтти.
Және бир топар ҳаял-қызларға тигиў машиналары тапсырылды
👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/211891.html
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Жумыслы болып, дәрамат табаман дегенлерге имканиятлар кеңеймекте
- Районда әмелге асырылып атырған илажлар нәтийжесинде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде көплеген жумыс орынлары жаратылмақта,-дейди Мойнақ районы ҳәкиминиң орынбасары Қ.Хожалепесов. - Қызыл жар АПЖ аймағында «Мойнақ эко инвест» жуўапкершилиги шекленген жәмийети иске түсип, бир қатар район турғынлары ушын турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс орынлары ашылды.
Миллий маманлық системасын раўажландырыў институты шөлкемлестириледи
30-сентябрь күни «Өзбекстан Республикасы миллий маманлық системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди.
#Саҳра_ҳаўазы
#интервью
«Биз келешекте Ташкент мәмлекетлик экономика университети студентлери менен Қарақалпақстандағы тур операторларын бирлестирген ҳалда сырт еллерден туристлерди алып келиў бойынша келисип алдық», дейди Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы баслығының орынбасары Б.Кусекеев.
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Италиядағы көргизбе экспонатлары Қарақалпақстанда көрсетилмекте
Усы жылдың апрель айында Италияның Флоренция ҳәм Венеция қалаларында «Өзбекстан: Саҳра авангарды» атамасындағы көргизбеси өз жумысын баслаған еди.
Таңлаў жеңимпазлары сыйлықланды
4-5-октябрь күнлери Төрткүл районында Өзбекстан, Қарақалапқстан, Түркменстан ҳәм Татарстан халық артисти, мәмлекетлик сыйлықлардыӊ лауреаты, миллий қосықшылық көркем өнериниӊ белгили ўәкили Атажан Худайшукуров туўылғаныныӊ 80 жыллығына бағышланған бир қатар илажлар өткерилди.
Ийшанқала қорғанынан фоторепортаж
Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы бурынғы зыярат орынларынан бири - Ийшанқала ҳәзирги Кегейли районы аймағындағы Халқабад қаласының қубла-шығысынан бир километрлик аралықта жайласқан.
Музейге «Ғәрип-Ашық» дәстанының араб имласындағы қол жазба китабы саўға етилди
Ҳәзирги қурамалы ҳәм қыйын дәўирде ғәрезсизлигимизди ҳәр тәреплеме беккемлеў, тарийхымыздың бизге белгисиз бетлерин илимий көзқарастан терең үйрениў, инсан, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин жоқары қәдирият сыпатында тән алыў, усы тийкарда жас әўладтың Ўатан тәғдири ҳәм келешегине жуўапкершилик сезимин, пуқаралық позициясын күшейтиў, оларды бүгинги тыныш, еркин ҳәм азат өмирдиң қәдирине жетиў руўхында тәрбиялаў мәмлекетлик сиясатқа айланбақта. Усы мақсетте Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шөлкемлестириўи менен Репрессия қурбанлары естелиги музейинде руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.
#Саҳра_ҳаўазы
#интервью
“Фестивальды өткериўден тийкарғы мақсет, Елликқала районының тарийхый-мәдений, зыярат ҳәм экологиялық туризм бағдарлары, жергиликли өнерментлер ҳәм усы аймақтың туризм орынларын кеңнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат. Фестивальға 1000 нан аслам студент-жаслар қамтып алынған”, дейди Ташкент мәмлекетлик экономика университети бес баслама орайының баслығы Ҳ.Ҳасанов.
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
«Замин таўлары» ЮНЕСКО Пүткил жер жүзилик миллий тәбийғый мийрасы дизимине усыныс етилди
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен «Замин таўлары» миллий тәбийғый мийрас объектиниң дәслепки талабанлыққа усыныс ҳүжжети таярланып, ЮНЕСКО жумыслары бойынша Өзбекстан Миллий комиссиясына жиберилди. Талабанлыққа усыныс ЮНЕСКО Пүткил жер жүзилик мийрасы орайына усыныс етиледи.
Мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилиги және де арттырылады
26-сентябрь күни «Мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.
Өзбекстанда өткерилип атырған креатив экономика әнжуманы ҳаққында сырт ел экспертлери қандай пикирде?
Бурын хабар берилгениндей, Ташкент қаласында IV Пүткил жер жүзилик креатив экономика конференциясының екинши күнги илажлары болып өтпекте.
Және бир қола медалы қолға киргизилди
Тәжикстан пайтахты Душанбе қаласында өткерилип атырған дзюдо бойынша жаслар арасындағы жәҳән чемпионаты қызғын даўам етпекте.
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң баянаты
Өзбекстан Республикасы Жақын Шығыстағы жағдай жеделлик пенен кескинлесип атырғанынан терең қәўетерде екенин билдиреди.