Ҳүкиметтиӊ айырым қарарларына қосымшалар киргизиледи
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламасын қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў процесслерин нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған қосымшалар киргизиў ҳаққында” қарар қабыл етти.
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport| Читать полностью…
Үш мәмлекет компаниялары арасында “жасыл” энергетиканы раўажландырыў бойынша бирге ислесиў келисимине қол қойылды
Қытайдыӊ Шанхай қаласында “Қуяш фотоэлектр станциялары арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм “ақыллы энергетика” бойынша 17-халықаралық әнжуман ҳәм көргизбе өткерилди.Толық оқыў - https://kknews.uz/201106.html
👉
Белгили дилмаштың ағла шәкирти
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң 70 жыллығы алдынан
Кишкенелигинен дипломат болыўды мақсет еткен Генжебай Тилеўовтың нийети әмелге аспады. Бирақ, ол өзиниң «дипломат»лығын соңын ала журналистика тараўында қолланып, республикамызға белгили журналист ҳәм шебер аўдармашы болып жетилисти.
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport| Читать полностью…
Тийкарсыз шешимниң ақыбети
Бүгинги күни ҳуқықый саўатымыздың азлығы, мийнет нызамшылығын толық билмегенимиз себепли, кең жәмийетшилик арасында айырым түсинбеўшиликлер, пуқараларымыз арасында наразылықлар болып, олар тийисли шөлкемлерге бул бойынша мүрәжат етип турады.Толық оқыў - https://kknews.uz/201032.html
👉
Исбилерменлердиң машқалалары үйренилди
Республикамызда болып турған Президент Администрациясы жумысшы топары социаллық тараў объектлери, пуқаралар жыйынларының социаллық инфраструктурасының жағдайы, халықтың арасында исбилерменликти раўажландырыў сыяқлы бир қатар мәселелер бойынша үйрениўлер алып бармақта.
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport| Читать полностью…
Өзбекстанда энергияны үнемлейтуғын қурылмаларды орнатқан тутыныўшыларға шегирме бериледи
Өзбекстанда тутыныўшыларға энергияны үнемлейтуғын қурылмалар орнатқаны ушын 3 жыл даўамында әмелдеги тарифке салыстырғанда 15 процент шегирме бериледи. Министрлер Кабинетиниң «Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарында бул ҳаққында белгилеп қойылған.Толық оқыў - https://kknews.uz/201020.html
👉
Ташкентте IFAD тиң Орайлық Азияда бирден-бир ўәкилханасы жумыс баслады
Бас офиси Италияның Рим қаласында жайласқан Аўыл хожалығын раўажландыурыў халықаралық қоры (IFAD) Өзбекстанда өз ўәкилханасын ашты.Толық оқыў - https://kknews.uz/201014.html
👉
Мектеплерде билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша усыныслар көрип шығылды
Президент Шавкат Мирзиёев мектеп билимлендириўиниң сапасын ҳәм педагоглардың маманлығын арттырыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport| Читать полностью…
ЮНЕСКО юбилей сессиясына таярлық қызғын
Францияныӊ пайтахты Парижде ЮНЕСКО ислери бойынша Өзбекстан Республикасы миллий комиссиясыныӊ баслығы Гаяне Умерова Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиӊ Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша қәнигелескен агентлиги – ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азуле менен ушырасты.Толық оқыў - https://kknews.uz/201008.html
👉
Сырт елли бирге ислесиўшилерден шын жүректен қутлықлаўлар
Пүткил мусылман үммети ушын муқаддес болған, жақсылық, сақыйлық, инсаныйлық ҳәм аўызбиршилик сыяқлы кеңпейил қәдириятларды өзинде жәмлеген, жәмийетте өз-ара ҳүрмет ҳәм кеңпейилликти беккемлеўге хызмет етиўши Қурбан ҳайыты – Ийд ал-Адха байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлердиң жетекши халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшыларынан, белгили жәмийетлик ҳәм дин ғайраткерлеринен қызғын қутлықлаўлар келмекте.
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport| Читать полностью…
Өзбекстанның Қубла Кореядағы елшиси қайтыс болды
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги мәмлекетимиздиң Корея Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Виталий Фен қайтыс болғанын терең қайғырыў менен мәлим етти.
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport| Читать полностью…
Өзбекстанда 60 мың адам қатнасатуғын ғалабалық жуўырыў жарысы өткериледи
Толық оқыў - https://kknews.uz/200990.html
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Путин Пхеньянда КХДР жетекшиси менен ушырасты
Россия Президенти Владимир Путин кеше мәмлекетлик сапар менен Корея Халық Демократиялық Республикасы пайтахтына жетип барды.
Жоқары дәрежели мийманды Пхеньян аэропортында Ким Чен Ин жеке өзи күтип алды.
Өзбекстан – Корея: жоқары технологиялық ҳәм инновациялық бирге ислесиўдиң жаңа дәўири басланбақта
Көксарай резиденциясында 14-июнь күни мәмлекетимизге мәмлекетлик сапарын әмелге асырып атырған Корея Республикасы Президенти Юн Соқ Ёльди салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.
Өнимлердиң көпшилиги экспортқа жибериледи
Сырт ел инвестиция жойбарларының әмелге асырылыўы процесслери ҳәм жүз берип атырған машқалаларды үйрениў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының баслығы З.Турдалиев Нөкис қаласындағы “Karakalpak basaltwool” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, базальт минералынан жыллылық сақлаўшы материаллар ислеп шығарыў жойбары менен танысты.Толық оқыў - https://kknews.uz/200984.html
👉
Жанар май-энергетика тармағында тариф сиясаты жетилистириледи
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Жанар май-энергетика тармағында тариф сиясатын және де жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында” қарар қабыл етти.Толық оқыў - https://kknews.uz/201108.html
👉
Нурпейисов неге оқыўдан шетлетилди…
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң 70 жыллығы алдынан
Кишкенелигинен жигит ағасы белгили журналист Азат Бердишевтиң изине ерип, әдебий китаплар оқыўға қызығып өскен Өтебай Бердишович Нурпейисов 1948-жылдың 15-сентябрь күни бурынғы Куйбышев районының орайы болған Халқабад елатында дүньяға келди.Толық оқыў - https://kknews.uz/201104.html
👉
Перзентлериниң бахтына шаңарақлар беккем болғай!
Шоманай районындағы «Мәденият орайы»нда Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен "Шаңарақ меҳир, бахыт қорғаны" атамасында оқыў семинары болып өтти.Толық оқыў - https://kknews.uz/201035.html
👉
Ҳаял-қызларға жеңилликлер
Республикамызда мүтәжлиги бар шаңарақлардағы ҳаял-қызларға жоқары оқыў орынларына кириў ушын усыныс хаты берилди.
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport| Читать полностью…
Өзбекстан суд экспертизасы тараўында ҒМДА мәмлекетлери менен бирге ислеседи
Быйыл 10-июнь күни «Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында» Президент қарары (ПҚ-214-санлы) қабыл етилди.Толық оқыў - https://kknews.uz/201022.html
👉
Ҳажыларымыздың ийгиликли басламасы
Быйыл 5-июнь күни Президентимиздиң Саудия Арабстанында болып турған муфтий шейх Нуриддин Холиқназар менен ҳаж мәўсими процесслери, Мекке ҳәм Мадина қалаларында зыяратшыларға жаратылған шараятлар ҳәм ўатанласларымыздың кейпияты ҳаққында өткерген сәўбетлери елимиз мусылманлары тәрепинен тарийхый ўақыя сыпатында баҳаланды.Толық оқыў - https://kknews.uz/201016.html
👉
Оқыўшыларды академиялық лицейлерге қабыллаў тәртиби жаңаланды
Абитуриентлерге дизимнен өтиўде үшеўге шекем академиялық лицейдиң билимлендириў тили бир түрде болған биреўден сәйкес бағдарды таңлаў имканияты бериледи.Толық оқыў - https://kknews.uz/201012.html
👉
Елимиздиӊ мәдений ҳәм тарийхый мийрасын қорғаўдыӊ перспективалы бағдарлары көрип шығылды
Франция пайтахты Парижде ЮНЕСКО ислери бойынша Өзбекстан Республикасы миллий комиссиясы баслығы Гаянэ Умерова ҳәм Өзбекстанныӊ ЮНЕСКО жанындағы ўәкили Камол Мухтаровтыӊ ЮНЕСКО Дүнья мийрасы орайы директоры Лазар Элунду Ассомо менен ушрасыўы болып өтти.Толық оқыў - https://kknews.uz/201010.html
👉
БМШ Туризм Атқарыў кеӊеси Өзбекстанныӊ басламасын бир аўыздан мақуллады
Өзбекстанныӊ Испаниядағы елшиси Фаррух Турсунов басшылығындағы делегация БМШ Туризм Атқарыў кеӊесиниӊ 121-сессиясындағы қатнасыўы шеӊберинде Глобал қәўипсиз туризм кодексин ислеп шығыў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияны дүзиў басламасы бир аўыздан мақулланды.
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport| Читать полностью…
Самарқандта болып өтетуғын ЮНЕСКО Бас конференциясына таярлық көриў мәселелери додаланды
2025
-жылы Самарқанд қаласында ЮНЕСКО Бас конференциясыныӊ 43-сессиясы болып өтетуғыны ҳаққында хабар берилген еди. Бул ири әнжуман соӊғы қырқ жыл ишинде биринши мәрте структураныӊ Париждеги бас-резиденциясынан тысқарыда болып өтетуғынын айтып өтиў керек.Толық оқыў - https://kknews.uz/201001.html
👉
Жасалма акциз маркалы алкоголь өнимлери анықланды
Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Хожели райолық бөлими тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында жасалма акциз маркалы алкоголь өнимлери сатылыўының алды алынды.Толық оқыў - https://kknews.uz/200994.html
👉
Өзбекстан Президенти «БМШ Туризм» Бас хаткери менен ушырасыў өткерди
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15 –июнь күни Самарқанд қаласында әмелий сапар менен елимизде болып турған “БМШ Туризм” (пүткилжержүзилик туризм шөлкеми) бас хаткери Зухраб Пололикашвили менен ушырасыў өткерди.Толық оқыў - https://kknews.uz/200996.html
👉
Өзбекстан ҳәм Корея халықларының дослық байланыслары терең тарийхый тамырларға ийе
Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёль елимизге мәмлекетлик сапары шеңбериндеги илажлар жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Самарқандтың тарийхый естеликлери менен танысты.
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport| Читать полностью…
Coursera бағдарламасы арқалы билим бериў бойынша Өзбекстан дүньяда биринши орында атап өтилди
Толық оқыў - https://kknews.uz/200985.html
📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
🇵🇱Польша өзбекстанлылар ушын виза бериў тәртибин әпиўайыластырыўы мүмкин
Өзбекстан елшиси Амирсаид Агзамходжаев ҳәм Польша СИМ баслығының орынбасары Генрика Мошчицка-Дендис ушырасыўында консуллық-ҳуқықый тараўдағы еки мәмлекет қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери талқыланды.